ӨНЕРМЕНТЛЕР УШЫН КЕҢ ИМКАНИЯТЛАР
Президентимиздиң 2021-жыл 30-декабрьдеги «Өнерментшилик жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары халқымызды өнерментшиликке тартыў, «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында пуқаралар жыйынларында жасларға өнер үйретиў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, кәмбағаллықты қысқартыўда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.
-Өнерментшиликтиң 34 түри болып, соннан 28 түри бизде раўажланған,- дейди «Өнермент» бирлеспеси Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы Дильфуза Алламбергенова.- Олардан, саз әсбаплары, металл, ағаш, листтен өним таярлаў, миллий кийим, кестешилик, қолда гилем тоқыў, бас кийимлерди таярлаў, сувенир буйымларды соғыў түрлерин атап өткен орынлы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 17-ноябрьдеги «Өнерментшиликти буннан былайда раўажландырыў ҳәм өнерментлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына шекем Қарақалпақстан Республикасынан «Өнермент» бирлеспесине 272 өнермент ағза болған болса, бүгинги күнге олар 5 есеге көбейди ҳәм 2768 ағзаға жетти. Өнерментшиликти раўажландырыў есабынан республикамыз бойынша бүгинги күнге шекем 9797 жумыс орны жаратылған болып, соннан уста-өнерментлер есабынан 2768, шәкиртлер есабынан 7029 жумыс орны туўра келеди.
Миллий өнерментшиликти раўажландырыў, соның ишинде, ески әҳмийетли өнер түрлерин қайта тиклеў мақсетинде өткен жылдың басынан бүгинги күнге шекем «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында жәми 2828 жасты шебер уста өнерментлерге бириктириў жумыслары алып барылды.
Өзбекстан «Өнермент» бирлеспеси Миллий каталогына 13 ҳәм туризм реестрине 35 шебер уста киргизилди. Нөкис қаласынан Г.Ембергенова, М.Алламбергенова, Н.Дальжанова, Д.Адилчаева, Г.Раметуллаева, Шоманай районынан А.Нәўбетова, Хожели районынан Ф.Назарбаев, Д.Алламбергенова, Шымбай районынан А.Тәжимуратов, А.Турекеев, Төрткүл районынан Р.Қасымов, Ш.Аминов, Қоңырат районынан З.Мадияровалар солардың қатарында болып табылады.
Шетки аймақларда өнерментшиликти раўажландырыў мақсетинде бирлеспе тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курслары шөлкемлестирилип келинбекте. Усы оқыў курсларында тийкарынан «Ҳаял-қызлар дәптери»не киргизилгенлер оқытылмақта.
Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында да бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, оларды шебер уста-өнерментлерге бириктирип, қандай да бир өнер үйрениўине шараят жаратылып берилмекте. Әсиресе, «Жаслар дәптери»не киргизилгенлерге айрықша итибар қаратылмақта. Қала ҳәм районлық Халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары менен биргеликте «Устаз-шәкирт» дәстүри тийкарында оқыў курслары алып барылмақта. Оны тамамлаған жаслардың өз жумысын баслаўы ушын жеңилликли кредитлерден нәтийжели пайдаланбақта.
Қарақалпақстан Республикасында өткерилетуғын байрам илажлары менен фестивальларда өнертментлер өзлери ислеп шығарған өнимлери менен белсене қатнасып келмекте. Шөлкемлестирилип атырған илаж шеңберинде көргизбе-ярмаркаларда өнимлерин сатыў ҳәм қарыйдарлар табыў имканиятына ийе болмақта.
Атап өтиў орынлы, «Өнерментшиликти раўажландырыў бағдарламасы» тийкарында 2018-2021-жыллар даўамында банк кредитлери есабынан 49 миллиард 292 миллион сум болған 1580 жойбар әмелге асырылып, ҳәм 8 мыңнан зыят жумыс орны жаратылғанын атап өткен орынлы.
Президентимиздиң «Өнерментшилик жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары өнерментлерди, соның ишинде, тараўға қызығыўшы жасларды қуўандырмақта. Себеби, усы қарарда өнерментлердиң еркин ҳәм нәтийжели жумыс алып барыўы ушын жеңилликлерди тағы да кеңейтти. Бул болса өнерментшилик жумысын буннан былайда раўажландырыў, тараўға халықты, соның ишинде жасларды кеңнен тартыўда айрықша әҳмийетке ийе.
Атап айтқанда, қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қабыл етилген 2022-жылда өнерментшиликти раўажландырыў бойынша «Жол картасы»нда Ташкент, Нөкис қалаларында ҳәм ўәлаятлардың орайларында өнерментлер ислеп шығарған өнимлердиң саўдасына қәнигелестирилген өнерментшилик өнимлериниң саўда павильонларын шөлкемлестириў, Елликқала районындағы «Жалаладдин Мангуберди дем алыў бағы» аймағында тақыя, гилем, кийиз тоқыў, териден постын, шөгирме, ағаш усташылығы буйымларын таярлаўға қәнигелестирилген «Өнерментлер қалашасы»н шөлкемлестирип, оны туристлик маршрутқа киргизиў, әййемги қарақалпақ миллий «көк көйлеги» материалын үйрениў ҳәм қайта тиклеў, сондай-ақ, усы бағдарда жумыс алып баратуғын өнерментлерге зәрүр шараятлар жаратыў мақсетинде Хожели районында «Өнерментлер орайы» жумысын жолға қойыў ҳәм басқа да бир қатар илажлар белгиленген.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы