Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:06:16, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЖЫХАНА БАСҚАРМАСЫ: КЕШЕ ҲӘМ БҮГИН

Соңғы жыллары Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтиң узақты көре билген дана сиясаты, ийгиликли басламалары негизинде күн сайын раўажланып баратырған елимиздеги экономикалық реформалардың нәтийжесин тән алып атыр­ған дүнья мәмлекетлериниң саны артып бармақта.


Ҳақыйқатында да, өткен жылларға нәзер салатуғын болсақ, соңғы бес жылда ҳәр бир тараўда жаңаланыўлар, инсан пәраўанлығы ҳәм қәдир-қымбатын арттырыўға қара­тыл­ған мәнзилли илажлар әмелде өз нәтийжесин көрсетип атыр.

Бүгин жаңа Өзбекстан «Инсан қәдири үстин болған жәмийет ҳәм халықшыл мәмлекет» деген айрықша идея негизинде қурылып атыр. Журтбасшымыз белгилеп берген бул уллы мақсет тийкарында халқымыз жаңадан-жаңа реформалардың ҳа­қый­қый авторына көрсетип атыр.

Енгизилип атырған реформалардың жемисли нәтийжелерин ҳәр күни көриў бахтына миясар болып атырғанымыздан қуўанамыз. Халық хожалығының барлық тараўларында қолға киргизилип атырған табыслар, ерисилген жоқары нәтийжелер көз алдымызда кино ленталарындай сәўлеленеди.

Әлбетте, бундай ийгиликли ислер, алып барылып атырған жаңаша реформалардың жемисли нәтийжелери елимиздиң бажыхана тараўында да айрықша көзге тасланып атыр деп айтыўға толық тийкарлар бар. Буннан саррас 30 жыл илгери шөл­кемлестирилген Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы мийнет жәмәәти де бажыхана ҳаққындағы нызам ҳүж­жетлерине қатаң әмел еткен ҳалда журтымыздың тынышлығы, экономикасының раўажланыўы бағдарында пидайы хызмет атқармақта.

Отыз жыл. Ҳақыйқатында, бул юбилейлик дәўирди инсан өмири менен салыстыратуғын болсақ, жигиттиң әйне тепсе шынжыр үзетуғын, күш-қуўатқа толысқан, ақыл-есин тоқтатқан, жең түринип, қулшынып турған нәўқыран жигиттиң келбети көз алдымызға келеди. Усыннан алып қарасақ, Бажыхана басқармамыз да жыл сайын жаңаланып, ҳәр тәреплеме материаллық-техникалық базасы беккемленип, заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленген тараўлардың бирине айланғанын мақтаныш пенен айта аламыз. Шөлкемлестирилген ўақытлары кишкене бир елеспесиз имаратта жайлас­қан болса, бүгинлиги пайтахтымыздың қақ ортасындағы көп қабатлы заманагөй имаратта жайласып, хызмет алып барыўымыз ушын барлық қолайлы шараятлар жаратылған.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, соңғы жылларда Президентимиздиң тиккелей басламасы менен ҳәр бир тараўға айрықша итибар қаратылып, оның раўажланыўына жан күйдирип келинбекте. Солар қатары мәмлекетлик бажыхана уйымларында да тилге тийек еткендей жаңаланыўлар әмелге асырылып, Журтбасшымыздың тийисли қарары менен тас­тыйықланған бажыхана уйымларының материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарламасына тийкар бажыхана постлары қайта реконструкцияланып, заманагөй қадағалаў-техникалық қураллары, рентген аппаратлары ҳәм инспекциялық тексериўден өткериў комплекс­лери менен толық тәми­йинленди. Негизине келетуғын болсақ, халқымыздың аўызбиршилиги, тынышлығы — ең үлкен, баҳасы жоқ байлық. Ҳәр бир тыныш атқан таң — байрам. Усыларға қосымша бажыхана тараўы хызметкерлериниң де мақтанышлы кәсиплик байрамы жәҳән жәмийетшилигинде 1983-жылдан баслап ҳәр жылы 26-январь сәнесинде «Халықаралық бажыхана күни» ретинде белгиленеди. Бизиң ғәрезсиз Өзбекстан мәмлекетинде де қабыл етилген арнаўлы нызамға муўапық 2019-жылдан баслап усы күнди тараў хызметкерлери өзлериниң кәсиплик байрамы сыпатында көтериңки руўхта кең түрде белгилеп келмекте. Усындай қуўа­нышлы мәўритлерде, басқарманың шөлкемлестирилгениниң 30 жыллық мүнәсибети менен өз дәўиринде басқармаға басшылық еткен, системаға өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосқан Тлеубергенов Базарбай (1991-1992), Мамутов Калмурза (1992-1997), Абдраманов Бисенбай (1997-2002), Дастенов Абат (2002-2003), Сейлбеков Ғайрат (2003-2005), Бабаназаров Зиуатдин (2005-2008), Низамов Алишер (2008-2011), Ганджаев Атабек (2011-2012), Джураев Анвар Бахтиярович (2013-2016), Клычев Максудбек (2016) ҳәм Файзуллаев Хайруллолардың (2016-2019) исмлерин мақтаныш пенен тилге алып өтиўди өзиме адамгершиликтиң жоқары нышаны деп билемен. Бул жасы үлкенлер ҳәм қатар заманласлар да ислеген дәўирлеринде тараўдың раўажланыўында, жаслардың кәсиплик шеберлигин арттырыўда устазлық етип, пидайылық көрсетти.

Ҳақыйқатында, отыз жыл айтар аўызға аңсат болғаны менен өзине жараса қыйыншылықлары менен жетискенликлерге толы болды. Жүз берген қыйыншылықларды сабыр-тақаты, билими, искерлиги менен жеңе билген тараў хызметкерлеринен бир қатары ҳүкиметимиз тәрепинен орден-медальлар менен сыйлықланыўға миясар болды.

Сондай-ақ, басқармамызда келешегинен үлкен үмитлер күттиретуғын жас кадрлар менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Ҳәзирги күнде Мәмлекетлик Бажыхана комитетиниң Жоқары әскерий бажыхана институтын тамамлаған, заманагөй компьютер технологияларынан жетик хабардар, рус, инглиc тиллерин меңгерген жоқары мағлыўматлы қәнигелердиң қатарымызға келип қосылыўы тараўдың келешегинен үлкен үмитлер күтиўге толық тийкар жаратады.

Өз нәўбетинде тарийхый қысқа ғәрезсизлик дәўиринде елимиздиң ҳәр тәреплеме гүллеп раўажланыўы жолында пидайы хызмет алып барып атырған бажыхана тараўы қүдиретли, үлкен абырайға жетискен тараўлардың бирине айланды. Өзлерине мәртликти, пидайылықты, туўры қарар қабыл етиўди, тәртип-интизамды уран етип алған тараў хызметкерлери өзлерине жүклетилген ўазыйпаларын инабатлы атқарып келмекте ҳәм келешекте де атқара береди.

Байрамыңыз қутлы болсын, әзиз кәсиплеслер!

Олимжон ХОЖИМАТОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баслығы, бажыхана хызмети полковниги.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF