«МҮЛК» АЎЫЛЫНЫҢ ШАРЎАЛАРЫ НЕДЕН НАРАЗЫ?
Аязлы қыс мәўсими республикамыз шарўалары ушын оғада жуўапкерли мапаз болып есапланады. Буны жақсы түсинген атайы шарўалар оған алдын ала пуқта таярлықлар көреди.
Республика ҳәм район басшылары болса, ҳәр жыл сайын аймақларда мал қыслатыў мапазына таярлықтыӊ барысы менен танысыў мақсетинде, олардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алып, шопанлар ушын керекли болған азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм от-жем менен тәмийинлеў илажларын көреди.
Быйылғы жылдыӊ қыс мәўсими де усылай болды. Атап айтқанда Өзбекстан Республикасы Бас министриниӊ орынбасары Ш.Ғаниев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ Баслығы М.Камалов басшылығындағы республикалық комиссия топары ағзалары 2021-жылдыӊ 4-декабрь күни Тахтакөпир районында болып, шарўалардыӊ ҳал-жағдайынан хабар алып, оларды зәрүрли азық-аўқат, кийим-кеншек ҳәм от-жемлер менен тәмийинлениўине жәрдем етип кеткен еди.
Бирақ, дегениндей көрсетилген бул жәрдем бүгин барлық шарўа фермер хожалықларына жетип барды ма? Олардыӊ бүгинги жағдайы қандай? Бизлер бул мәселе бойынша «Мүлк» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы бир қанша фермерлер менен сөйлескенимизде, олар базыбир наразылықларын баян етти.
Атап айтқанда, С.Рыскелдиев, К.Пиржанов, Д.Айсауытов, А.Қосуақов, У.Ижанов, Н.Нурекешов ҳәм М.Убайдуллаевлар өткен жылы республикамыз аймақларында жаўын-шашынныӊ аз жаўғанлығы себепли, жайлаўлардыӊ отлақсыз болғанлығын ҳәм буныӊ ақыбетинде қой-қозылардыӊ арықлап қалғанын, қысқы мәўсимге жеткиликли муғдарда от-шөп жыйнай алмағанлығын айтты. Соныӊ менен бирге, от-жемлерди сатып алайын десе, Биржада олардыӊ баҳасыныӊ оғада қымбат екенлигин, шарўа хожалықларыныӊ от-жемди бундай жоқары баҳаларда сатып алыў мүмкиншилиги жоқлығын айтып шағынды.
Сондай-ақ, 4-декабрь күни аўылымызға 6 жүк автомобильлеринде от-жем, азық-аўқат ҳәм керекли кийим-кеншеклер алып келинип, олар складқа түсирилди. Бизлерге «Қаракөл» бирлеспесисиниӊ басшыларына ҳәм район ҳәкиминиӊ орынбасары Дәўлетияр Палўановлар усы жемлер арзан баҳада шарўаларға тарқатылады деп еди. Бирақ, мине соннан берли бир ярым ай ўақыт өтсе де елеге шекем, бул жемлер бизлерге берилмей атыр. Бул бойынша район басшыларына бир неше мәрте мүрәжат еттик. Лекин, ертеӊ, ендиги ҳәпте дейди де, «лебизин жутып» кете береди. Ал, малларымызға от-жем болмаса, оларды қыстан шығынсыз алып шығыў қыйын. Сонлықтан усы машқаланыӊ унамлы шешилиўине сизлерде бизлерге қолыӊыздан келген жәрдемиӊизди берсеӊиз,- дейди олар үмитли көзлери менен.
Бизлерде өз гезегинде район ҳәкимилиги ҳәм тийисли шөлкем басшылары бул мәселени және бир мәрте үйренип шығып, өзлериниӊ жақыннан жәрдемин береди деп күтип қаламыз. Себеби, бүгингидей қақаман қыстыӊ күнлери ҳеш кимди де аяп отырмайды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.