Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 00:39:13, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

УЗАҚ ЖЫЛЛЫҚ МИЙНЕТКЕ ЫЛАЙЫҚ БАҲА...

Бир күни сабақ барысында дене тәрбия пәни муғаллимим Байрам ағаның «Балалар, кешеги ушырасыўға келген профессор Асқарбай Ниязов деген мени университетте оқытқан устазым.

Ол Қарақалпақстанда спорт ҳәм дене тәрбиясы тараўы бойынша биринши профессор диплом аттес­татын алды» деп қуўанып, оның жетискенлигин ҳүрмет пенен тилге алғаны, сондай-ақ, тренерим Шаҳло апаның да өзиниң усы ағаның шәкирти екенлигин мақтанып, көклерге көтерип, өмир ҳәм мийнет жолын толып-тасып сөз еткенлери кешегидей есимде. Әлбетте, мийнетлери арқасында ардақланыў — устаз ушын үлкен мәртебе.

Демек оқытыўшылық — бул машақатлы ҳәм мақтанышлы кәсип. Бул әпиўайы кәсип ийеси болыў ҳәр бир оқытыўшыдан биринши нәўбетте күшли билим, саўатлылық ҳәм оқыўшыға ҳәр тәреплеме өрнек болыў талап етиледи. Ҳақыйқатында да, жоқарыда айтылған педагогтың көплеген шәкиртлери елимиздиң барлық орынларында устазының жолын тутып, кимиси оқытыўшы, кимиси тренер дегендей, халық хожалығының ҳәр қыйлы тараўларында өзлери ийелеген қәнигелиги бойынша мийнет етип атыр. Ойлап қарасақ, ҳәр бир инсан дүньяға келгеннен кейин өмирден өз жолын таўып, бахытлы жасаўды мақсет етеди. Көпшилик жүрегине түйген мақсетлерине жетисиў ушын тынбай ислеп, түрли соқпақларды басып өтеди. Нәтийжеде топ жарып, дегенине ерисип, елге пайдасын тийгизип атыр­ған инсанлар қаншама дейсиз. Олардың пидайы мийнетлерин жарыққа шығарып, кең журтшылыққа таныстырыў болса бизиң ўазыйпамыз болып табылады.

Бар күш-жигерин спорттың бокс түриниң раўажланыўына бағышлаған, әри тәжирийбели устаз сыпатында пидәкерлик пенен хызмет етип, ел-халықтың алғысына миясар болған Асқарбай Ниязовтың бул тараўға араласып, жумыс ислеп атырғанына көзди ашып жумғанша 36 жылдың майданы болыпты. Демек, өмир деген, мисли ағар суў киби зымыраған жылларға нәзер тасласақ, кешеги жас жигит бүгинлиги ел аўзына түскен спорт шебери, тәжирийбели оқытыўшы ҳәм профессор.

 Қуўанарлысы, өмир ҳәм мийнет жолы көпшилик ҳәўес еткендей шаңарақ басшысы, перзентлериниң әдиўли әкеси.

Көпшиликке устаз болып танылған, ҳаслында бокс шебери Ниязов фамилиясын алған Асқарбай аға 1964-жылы Кегейли районының Б.Кәримбердиев атындағы хожалығында белгили ошақ ийеси, талапшаң устаз Толыбай ағаның шаңарағында дүньяға келди. Кишкенелигинен оқыўға, әсиресе, спортқа қуштар жас балаға устазларының «Сен оқы, спортқа болған пәтиңди жаздырма, сеннен белгили қәниге шығады» деп айтқан гәпи қамшы болып, ҳүжжетлерин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине тапсырады. Алдына қойған мақсетлери, билим алыўға деген талпынысы зая кетпей, оқыўға қабылланады. Көзди ашып-жумғанша кәнигелик дипломы қолға тийип, мийнет дәптершесиниң дәслепки бети ашылып, оған балалар бокс мектебинде тренер деген жазыў мөрленген болса, соңынан Бердақ атындағы ҚМУда оқытыўшы ўазыйпасы таңбаланды. Солай етип, «Өзбекстан Республикасы халық билимлендириў ағласы» көкирек нышаны менен сыйлық­ланған тәжирийбели устаз бир нешше жыл даўамында педагогикалық институтта оқытыўшы, ал, өткен жылдан баслап институттың «Дене тәрбиясы» кафедрасында профессор-оқытыўшы болып ислеп келмекте. Мине, усының өзи-ақ оның уқыплылығын ҳәм искерлигин аңлатып турғандай.

 Дурыс, көп жыл мийнет еткениң менен ҳүрмет-иззетке ерисиў өзлигинен бола бермейди. Буның ушын инсаннан ең дәслеп кәсибине болған жанкүйерлик, сабырлылық, кишипейиллик талап етиледи. Мине, усы қәсийетлерди өзинде жәмлеген, тынып-тыншымас, өз үстинде көп изленетуғын Асқарбай аға билимин турақлы жетилистирип, «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм бир қатар таңлаўлардың жеңимпазы болды. Оның көплеген илимий мақалалары, оқыўшы-жаслар ушын оқыў қолланбалары жергиликли басылымларда жарық көрди. Ең тийкарғысы, жаңа жыл байрамы қарсаңында пидайы педагогтың республикамызда спорт тараўының раўажланыўына қосқан мийнетлери ҳүкиметимиз тәрепинен ылайықлы баҳаланды. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев бир топар спорт пи­дайыларына, соның ишинде мақаламыз қаҳарманы Асқарбай Ниязовқа  «Өзбекстан спорт ветераны» көкирек белгисин салтанатлы жағдайда тапсырды. Және де қуўанышлы нәрсе, 2021-жылдан баслап Әжинияз атындағы НМПИдиң «Дене тәрбиясы» кафедрасында профессор-оқытыўшы лаўазымына да ылайық деп табылды. 

— Таңлаған кәсибимниң көп жуўапкершиликти жүклейтуғыны мәлим. Себеби, ертеңги күнги келешегимиз болған жасларымыздың дурыс тәлим-тәрбия, билим алыўы ушын тынымсыз мийнет етиўимиз, бәрҳәма изленисте болыўымыз керек. Сонлықтан да ҳәр бир сабағыма пуқта таярланыў мен ушын әдетке ай­ланған. Бүгинги жасларға ҳәўес пенен қарасаң арзыйды. Себеби, олар ушын барлық қолайлы шараятлар, кең мүмкиншиликлер жаратылған. Солар қатары спортта да өзгерислер талай ғана. Көплеген жерлеслеримиз журтымыз байрағын жәҳән ареналарында желбиретип, сыйлы орынларға миясар болмақта. Және де айта кететуғын нәрсе, бокс бойынша бир қатар шә­кирт­лерим, яғный, А.Ниязов, А.Тажбағанбетов, Б.Халықназаров, Д.Аманиязов, П.Балтабаев, К.Нағметов ҳәм басқалар Қарақалпақстан, Өзбекстан ҳәм Азия чемпионатларына қатнасып, орын алып, ўақтында жақсы нәтийжелер көрсетти. Устаз ушын буннан үлкен мәртебе барма! - дейди тәжирийбели устаз, спорт шебери Асқарбай Ниязов.

Қулласы, «Жети өлшеп, бир кесетуғын» ағамыздың өмир ҳәм мийнет жолы келешек жаслар ушын өрнек болары сөзсиз. Көп қырлы, бир сырлы Асқарбай аға зайы­бы Оля жеңгемиз бирге 1 ул, 3 қызды тәрбиялап камалға келтирди. Бүгинлиги перзентлерининиң бәри де оқымыслы болыў менен бирге, базылары ел хызметиндеги азаматлар. Тийкарғысы, ағамыз өзи жасайтуғын көшесиниң жасы үлкен ақсақалы болыў менен бирге, той-мерекелериниң аўызбиршиликли өтиўине басшылық етип, жасларға жол-жоба көрсететуғын ақсақал екенлигин қоңсы-қобалары мақтаныш етеди.

С.ТУРДЫБЕКОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF