БАЙРАМ АЛДЫНАН ЖАҢА ИМАРАТЛАР ПАЙДАЛАНЫЎҒА ТАПСЫРЫЛДЫ
Қураллы Күшлер дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни алдынан Нөкис районында жайласқан әскерий бөлимлердиң биринде Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы және бөлим штабының имараты пайдаланыўға тапсырылды.
Оның ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторының басшысы М.Камалов, Арқа–батыс әскерий округи әскерлери сәркардасы, полковник Ф.Шерматов қатнасып, жыйналғанларды Қураллы Күшлер дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы, соның менен бирге, жаңа имаратлардың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, соңғы бес жыл ишинде Қураллы Күшлеримизде алып барылып атырған кең көлемли реформалардың негизинде әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, хызметти өтеў ҳәм жасаў ушын қолайлы шараятлар жаратыў, әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын арттырыўға қаратылған комплексли илажлар турыпты. Қураллы Күшлер дүзилгениниң 30 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы алдынан елимиз бойлап пайдаланыўға тапсырылып атырған социаллық ҳәм жаўынгерлик таярлық объектлери буның айқын мысалы болып табылады.
Салтанатлы илажда әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, Қураллы Күшлеримиздиң ветеранлары, нуранийлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм қурылысшылар қатнасты.
Атап өтиў орынлы, буннан алдын ең алыс гарнизонда жайласқан бул әскерий қалашада жасайтуғын әскерий хызметкерлер өзлериниң перзентлерин пән ҳәм спорт дөгереклерине бериўде машқалалар пайда болатуғын еди. Әскерий қалаша қала ҳәм район орайынан алысырақ жайласқаны да қосымша қыйыншылықлар туўдырды. Үлкенирек илажлар өткериў ушын зал болмады.
Гарнизондағы 2-санлы әскерий қалаша аймағында 2021-жылдың март айында қурылысы басланған бул объект алдын тасландық жер болып турған орында қурылып, бир қабат ҳәм үш комплексти өз ишине алады.
Биринши комплексте салтанатлар залы ҳәм мийманларды күтип алыў бөлмелери, екиншисинде Президентимиз тәрепинен алға қойылған әҳмийетли бес басламаны турмысқа енгизиў мақсетинде әскерий хызметкерлердиң перзентлерине хызмет көрсетиўши математика, ментал арифметика, ана тили, инглиз тили, рус тили ҳәм компьютер билимданлығынан төрт дөгерек ҳәм бир китапхана бөлмелери, үшиншисинде спортты ен жайдырыў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўға хызмет етип, онда жабық спорт майданшасы,фитнес ҳәм аўыр атлетика менен шуғылланыў ушын заллар қурылды. Имаратта санитария системасы, жуўыныў ҳәм кийим алмастырыў орынлары бар. Көркем имарат ишиниң орайында саяманлы терек ҳәм гүллер менен безелген «қысқы бағ» жаратылып, бул жерге кирген инсанларға хош кейпият бағышлайды.
Илаж даўамында әскерий бөлимниң капитал оңлаўдан шығарылған 5 жаўынгер таярлықтан шынығыў және 15 хызмет бөлмесинен ибарат болған еки қабатлы штаб имараты да пайдаланыўға тапсырылды.
Мийманлар бул жерде исленген жумысларға жоқары баҳа берип, қурылысшыларға миннетдаршылық билдирди.
Әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының мәдений дем алыўларын шөлкемлестириў, жаслардың руўхый ҳәм физикалық жақтан бәркамал болып ержетиўин тәмийинлеўге хызмет ететуғын усы орайдың қурылысы Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги есабынан ажыратылған пул қаржысы есабынан әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги