Ҳүрметли мәҳәлле системасында хызмет етип атырған кәсип ийелери!

Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев Өзбекстан халқына жоллаған Жаңа жыл қутлықлаўында жаңа жылға атама бериўде, кең жәмийетшиликтиң пикирлерин үйренилгенин атап өтип, әне сол усыныслардан келип шығып, жаңа – 2022-жылды елимизде «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.

Атап өтилгениндей, шынында да, инсан қәдирин улығлаў – елимизде жасап атырған ҳәр бир адамның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин тәмийинлеў болып есапланады.

Бул бағдарда жәмийетимиздиң тийкары болған мәҳәлле шешиўши орын тутады.

Мәҳәлле тыныш болса, ел тыныш болады.

Мәҳәлле абат болса, мәмлекет абат болады.

Сонлықтан, буннан кейин ҳәр бир мәҳәлледе нәтийжели ис жүргизиў жумысларымыздың баслы өлшемине айланады».

Ҳақыйқатында да, ҳүрметли Президентимиздиң үлкен итибары, ғамхорлығы нәтийжесинде елимизде мәҳәлле институты соңғы жылларда халықшыл система сыпатында қәлиплесип, әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардағы белсене қатнасы менен жәмийетимиз турмысында беккем орын ийелеп келмекте.

Әлбетте, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2022-жылдың «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» деп жәрияланыўы мәҳәлле хызметкерлерине және де күш, өзгеше кейпият бағышлады.

Себеби, мәҳәлле – халық пенен мәмлекет арасындағы көпир. Оның тийкарғы ўазыйпасы адамлардың қуўанышы ҳәм тәшўишинен бәрқулла хабардар болыў, олардың машқалаларын унамлы шешиўден ибарат.

Президентимиз тәрепинен жәрияланған жыл атамасы «Халық ҳүжданы» есапланған мәҳәлле хызметкерлери ушын үлкен жуўапкершиликти талап етиўи менен бирге, мәҳәлле системасына болған жоқары итибар болып есапланады.

Солай екен, мәҳәлле системасында жумыс ислейтуғын ҳәр бир хызметкерден ең дәслеп бул үлкен исенимди ҳәм жуўапкершиликти сезиўи, өз аймағы ҳәм пуқаралардың ертеңги күни, абадан, қәўипсиз турмысы ушын пидайылық пенен хызмет етиўи талап етиледи.

2022-жыл – «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы» да ҳәммемиз биргеликте ҳүрметли Президентимиздиң исенимин ақлап, ана Ўатанымыз, шаңарағымыз ҳәм мәҳәллелеримиз абаданлығы ушын шын жүректен хызмет етемиз.

С.Турманов,

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты

қоллап-қуўатлаў министри.

Қарақалпақстан хабар агентлиги