Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:31:34, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТИЛ — ҚӘЛБИМИЗ ГӘЎҲАРЫ

Аллаҳтаала инсанларға есапсыз байлық берген. Инсан денесиндеги ағзаларының ең әҳмийетли бир бөлеги болған тилимизди орынсыз сөзлерди айтыўдан сақлаў керек.

Тил инсанлардың өз-ара машқала, пикирлерин баян етиўи, кеўлимизден өткерген ишки сезимлерди жеткизиў ушын ҳәм инсанның ақылын, түсинигин,  мәнаўиятын көрсетип бериўши әҳмийетли ағза болып есапланады. Бул ҳаққында Қураны кәримде Аллаҳтаала  мәрҳәмат етеди: «Биз оған еки көз, тил ҳәм еки ерин пайда етпедик пе». Басқа аятта болса сөйлеў инсанға берилген үлкен пазыйлет екенин келтиреди. «Ар-Раҳман (ми­йирман) Қуранды үйретти. (Ол) инсанды жаратты. Оған баянды (сөй­леўди) үйретти».

Демек, солай екен, тилди тек ғана жақсы сөзлерди сөйлеў, ал, жаман сөзлерден, ғыйбат, дөҳмет, өтирик сөйлеў, кемситиў, шағым, жалған гүўалық бериў сыяқлы әмеллерден сақлаў керек болады. Тилден келетуғын апатлар көп болып, олар қәлбти тасбаўыр етип қояды. Мине, усындай апатлардан қутылыўдың ең аңсат жолы орынсыз көп сөйлемеў. ПайғамбарымызF «Мөмин кисиниң тили қәлбиниң арқасында болады. Мүнәпықтың тили қәлбиниң алдында болады. Мөмин киси алдын ойлап, кейин сөйлейди. Мүнәпық болса, алдын сөйлеп, кейин ойлайды», деген. Халқымызда да «Алдын ойла, кейин сөйле» деген мақал бий­карға айтылмаған. Пайғам­барымыз: «Кимде-ким  Аллаҳтаалаға ҳәм ақырет күнине ийман келтирген болса, тек ғана жақсы нәрселерди сөйлесин ямаса сөйлемей тыныш турсын» деген. Басқа  бир ҳәдисте болса: «Ким маған еки жағы ҳәм еки аяғы арасындағы нәрсени (жаман сөзлерден, зина ислеўден) сақлаўға кепиллик берсе, мен оған жәннетке кириўине кепиллик беремен», деп мәрҳамат еткен.

Инсан өмири даўамында ўақыттың қәдирине жеткен адам оны пайдасыз нәрселерге сарпламайды. Себеби, Аллаҳтааланы еслемей, керексиз, биймәни сөзлер, артықша ислер менен шуғылланыў дурыс емес. Пайғамбарымыз (с.а.ў) сондай мәрҳамат етеди: «Маған ең жаман көринетуғыныңыз ҳәм қыя­мет күни меннен ең узақта болатуғыныңыз, аўзын толтырып көп сөйлейтуғынларыңыз ҳәм менменлик ететуғынларыңыз».

Ҳәзирети Омар (р.з.) «Кимниң гәпи көбейсе, қәтеси де көбейеди» деген. Сени буншелли ҳикметге не жеткизди? - деп сорағанында, билген нәрсемди сорамайман, керексиз нәрсени сөйлемеймен!  - деп жуўап берген екен.

Тил инсан ағзалары ишиндеги ең кишкенеси болыўына қарамастан, ол басқа ағзалар ислей алмайтуғын жумысларды ислей алады. Тил қәлбке жақын жерде жайласқан, қәлб болса, ийман орайы. Демек, инсанның ийманы қай дәрежеде күшли болса, қәлби қаншелли туўры ҳәм таза болса, оның тилинен тек ғана шырайлы ҳәм ҳикметли сөзлер шығады. Егер буның кериси болса, тил қаншелли жаман сөзлерди көп сөйлесе, инсан қәлби қараяды, нәтийжеде ийманы ҳәлсирейди. Егер сөгинип, уят сөзлер айтып, ғыйбат етип атырған адамды көрсеңиз, билиң, оның қәлбинде бузықлық болып, көре алмаўшылық, гийне, жаўызлыққа бүркенген екен. Тилдиң туўры болыўы басқа ағзалардың жумысларының жақсы болыўына себеп болады. «Бендениң ийманы толық болмайды, қашан қәлби туўры болмағанша, қәлби туўры болмайды, қашан тили туўры болмағанша».

Исламбек ЕЛМУРАТОВ,

Өзбекстан Халықаралық ислам академиясы Жанындағы қәнигелигин арттырыў орайының Қарақалпақстан Республикасы аймақлық филиалы хызметкери, ҚМУ магистранты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF