Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:52:50, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«АЛПЫСЫНШЫ ЖЫЛЛАР ХУДОЖНИКЛЕРИ ДӨРЕТПЕЛЕРИ»

Биз билемиз, қандай да бир таланты, өнери бар инсан тәрепинен дөретилген шығарма яки картина арадан қанша жыллар өтсе де ҳеш ўақытта өз қәдирин жойтпай, әўладтан-әўладқа қәстерленип өтип келеди.

Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейи Савицкий тәрепинен сақлан­ған 1920-1930-жыллар авангард топламы менен дүньяға белгили. И.В.Савицкий музей коллекциясына тек ғана 1920-1930-жыллардағы художниклердиң дөретпелерин жыйнап қоймады, оның топламларында «Алпысыншы жыллар художниклери»ниң де дөретпелерин ушыратыў мүмкин.

1930-жыллардың орталарынан баслап совет аўқамында социалистлик реализм жалғыз көркемлеў бағдарына айланды. Социалистлик реализм  художниклерден тийкарынан стилистлик қабыллаў сыпатында реализмди талап етти (буннан тысқары, көшпели художниклердиң де реализмге жақынлығын көремиз) ҳәм тәбият көринислери, кеўилли колхозшылар, кәншилер, төгилген масақлар, социалистлик қурылыс майданлары ҳәм т.б. өзлериниң дөретпелеринде сәўлелендирген. Художниклер совет халқына үлкен жаратыўшылық жумысларын, умтылысларын, мақсетлерин ҳәм де жақсы пазыйлетлерин жарқын ҳәм исенимли етип көрсетиўи керек еди.

Көркем өнер ҳәм әдебиятта жаңа өзгерислер 1953-жылда Сталин қайтыс болғаннан кейин ҳәм партияны Н.С.Хрущев басқарған ўақыттан баслап пайда бола баслады. Буның нәтийжесинде өзлериниң шығармаларында социалистлик реализм принциплерине қайшы келетуғын көркем өнер ҳәм мәденияттың раўажланыўындағы рәсмий жөнелиске қарсы шыққан художниклер өзлерин көрсете баслады. Бул художниклер көбинесе «алпысыншы жыллар художниклери» деп аталды.  

Көргизбеден қойылып атырған «Алпысыншы жыллар художниклери» өз дәўиринде жаңа эстетикалық идеяларды келтирип шығаратуғын, яғный, жаратыўшылар сыпатында қабыл етилди. Жақында И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде 1960-1970-жылларда сүўретлеў өнеринде түптен жаңа идеяларды ҳәм көркемлик жақтан жаңа формаларда өзлериниң дөретпелеринде улыўмаластырып көрсете алған Россия ҳәм Өзбекстан художниклериниң дөретиўшилигине бағышланған «Алпысыншы жыллар художниклериниң дөретпелери» атамасында көргизбе қойылды.

Көргизбеге қойылған художниклердиң (С.Рубашкин, Н.Конышева, Н.Недбаило, М.Шемякин, А.Абзгилдин, В.Бурмакин, Е.Мельников, И.Талдыкин, К.Зилберман, А.Бурзянцев ҳ.т.б.) дөретпелери ҳәр қыйлы усыл ҳәм жөнелислерди, ҳәр қыйлы модернистлик образлар менен абс­тракт композицияларды таныстырады. Бул өз гезегинде  И.В.Савицкийдиң бай ҳәм рәңбе-рең белгили коллекциясының тарийхында және бир бетин кең жәмийетшиликке таныстырып ашып бермекте.

Алпысыншы жыллар дөретиўшилигинде 1910-1920-жылларда рус авангарды художниклериниң мийрасларын өзлерине қабыл етип, совет дәўири художниклериниң 1930-1950-жыллардағы тәжирийбесин синтезлегениниң гүўасы боламыз. Бул арқалы «темир перде»ниң ашылыўы менен Европа ҳәм Американың заманагөй көркем өнери менен танысыў имканиятына ерискенлигин көриўимиз мүмкин.  Қулласы, 50ден аслам көркем дөретпелер орын алған бул көргизбе музей тамашагөйлерин ҳәм шет елли мийманларда үлкен тәсирлер қалдырыўы сөзсиз. 

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF