ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЛАРЫ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ УСТАЗЛАРЫ СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Усы жыл 29-декабрьде Нөкис қаласындағы Жаслар орайында «Мениң президентим» дөретиўшилик жумыслар ҳәм «Конституция-еркинлигимиздиң кепили» таңлаўларының жеңимпазлары ҳәм олардың устазларын сыйлықлаў мәресими болды.
Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың қәбилетин жүзеге шығарыў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажларға тоқтап өтти.
Жақында Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы тәрепинен Халық билимлендириў министрлиги менен биргеликте улыўма билим бериў мектеплериниң 10-11-класс оқыўшылары арасында өткерилген «Мениң президентим» дөретиўшилик жумыслар таңлаўының жуўмақлаўшы басқышына қатнасқан республикамыздың оқыўшылары жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, Бозатаў районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гүлферуз Сарыбаева сыйлы екинши орынды ийелеген болса, Беруний районындағы 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Севинч Рахманова «Жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат сәўлеленген ең жақсы шығарма» номинациясының жеңимпазы болды. Сондай-ақ, Нөкис районындағы 1-санлы қәнигестирилген улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Әнжим Узақбергенова дөретиўшилик таңлаўға белсене қатнасқан болса, Шымбай районындағы 31-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Дилбар Қуўанышбаева «Конституция-еркинлигимиздиң кепили» таңлаўында биринши орынды ийеледи.
Илажда «Мениң президентим» дөретиўшилик жумыслар ҳәм «Конституция-еркинлигимиздиң кепили» таңлаўларының жеңимпазлары ҳәм олардың устазларына диплом, ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Сыйлықлаў мәресиминде Бозатаў районындағы 13-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқыўшысы Гүлферуз Сарыбаева, Беруний районындағы 30-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Дилноза Қадирова шығып сөйлеп,жасларды қоллап-қуўатлаўға қаратып атырған итибары ушын Президентимизге миннетдаршылық билдирди.
Илажда сондай-ақ, бир топар муғаллимлерге «Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы» көкирек белгиси тапсырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги