ТЕК ЖҮРГЕНГЕ НЕ ЖЕТСИН!
Шайтан жолдан азғырса нәпсини жылаўлаў қыйын. Бурынлары кемпир апаларымыздың «Шайтан жолдан азғырмағай» деп айта беретуғыны да усыннан екен-дә.
«Granit Montaj Stroy» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басқарыўшысы Г.Е., Өзбекстан Республикасы үй-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлигиниң «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлерин қурыў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы жетекши қәнигеси М.С. ҳәм усы басқарманың бас инженери П.Е.лер алдыннан тил бириктирип, «нәпсиниң қулы»на айланды. Олар «Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлерин қурыў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасы ҳәм «Granit Montaj Stroy» ЖШЖ ортасында Нөкис қаласы А.Шамуратова көшесинде автомобиль жолының асфальт қапламасын қайта тиклеў ҳәм усы көшедеги көп қабатлы үйлердиң суў ҳәм канализация тармақларын оңлаў ислери ушын 3 млрд. 567 млн. 700 мың сумлық шәртнама дүзген. Бирақ, олар шәртнамадағы белгиленген жумысларды толық орынламай есап-фактураларына жалған мағлыўматлар ҳәм жазыўлар киргизип, 246 млн. 100 мың сумлық бюджет қәрежетлерин өзлестириў жолы менен талан-тараж еткен.
«Суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў объектлерин қурыў бойынша инжиниринг компаниясы» МУК Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасында жетекши қәниге болып ислейтуғын М.С., усы басқарманың бас инженери П.Е., «Оржап қубыр қурылыс» ЖШЖ басқарыўшысы М.Ж.лер алдын-ала тил бириктирип, жалған мағлыўматлар менен бюджет қәрежетлерин өзлестирген.
Улыўма алғанда, анықланған мағлыўматлар бойынша мәмлекеттиң көп муғдардағы қәрежетлерин өз мәплери ушын өзлестирген. Лекин, олар орынланбаған жумыс көлеми ушын жалған мағлыўматлар менен өзлестирген 246 млн. 111 мың сум қаржыны Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасының «Агробанк» АКБның есап бетине пул көшириў жолы менен төлеп берди, сонлықтан олардың бул ислерине пушайманлығы есапқа алынып, тийисли шара көрилди.
Мине, нызамсыз ҳәрекет ҳеш ўақытта изсиз кетпейди, бәрибир анығына шығады. Сол ушын, өз ҳуқықыңды билип, инсаныйлық парызыңды умытпай тек жүргенге не жетсин!
Б.ТӨРЕЕВА.