ГҮРЕС ФЕДЕРАЦИЯСЫНЫҢ БАЙРАМ ИЛАЖЫ
Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң быйылғы жылдың жуўмақларына бағышланған илажы болып өтти.
Онда Өзбекстан миллий Олимпиада комитети Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы С.Сапарниязов, Қарақалпақстан Республикасы прокурорының аға жәрдемшиси А.Қыпшақбаев, Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм спорт бас басқармасының бөлим баслығы А.Темирбаев, Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң атқарыўшы директоры С.Жүсипбеков, ветеран спортшылардан П.Хожанов, А.Сатаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Президентимиздиң басшылығында елимизде спортты раўажландырыўға қаратылып атырған айрықша итибарға тоқтап өтти. Жыйналғанларды жақынласып қалған Жаңа жыл байрамы менен қутлықлады.
Ҳақыйқатында жуўмақланып атырған жыл спортшыларымыз, соның ишинде, палўанларымыз ушын әўметли болды. Жыл даўамында бир қатар жарыслар өткерилип, онда спортшыларымыз мүнәсип қатнасып қайтты. Атап айтқанда, Өзбекстан чемпинаты, кубоги ҳәм халықаралық жарысларда 27 медальды қолға киргизди. Соның менен бирге, қум гүреси бойынша жарыс өткерилди.
Бул бағдарда Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Қала ҳәм район, республика бириншиликлери өткерилип, оның жеңимпазлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды. Бул илажларды өткериўде Қарақалпақстан Республикасы прокуратурасы, қалалық ҳәм районлық прокуратуралар жақыннан жәрдем берди.
Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен жыл даўамында жоқары нәтийжелерге ерискен спортшылар, тренерлер, төрешилер, ветеранлар, жарыс шөлкемлестириўшилерин хошаметлеп барыў дәстүрге айланбақта. Илажда «Жылдың ең жақсы спортшысы», «Жылдың ең жақсы қыз спортшысы», «Жылдың ең жақсы жас спортшысы», «Жылдың ең жақсы қыз жас спортшысы», «Жылдың ең жақсы тренери», «Жылдың ең жақсы қыз тренери», «Жылдың ең жақсы жас тренери», «Жылдың ең жақсы жас қыз тренери», «Жылдың ең жақсы төрешиси», «Жылдың ең жақсы қыз төрешиси», «Жылдың ең жақсы баспасөз хаткери», «Жылдың ең жақсы атқарыўшы директоры», «Жылдың ең жақсы ветеран спортшысы», «Жылдың ең жақсы жарысты шөлкемлестириў бойынша жоқары оқыў орны», «Жылдың ең жақсы жарысты шөлкемлестириў бойынша спорт мектеби» номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланды.
-Өтип баратырған жыл мениң ушын да әўметли болды,-дейди «Жылдың ең жақсы қыз спортшысы» номинациясының жеңимпазы Сарбина Узақбаева.-Үш мәрте кураш бойынша Өзбекстан чемпионаты ҳәм кубоги жарысына қатнасып, сыйлы орынларды ийелеп қайттым. Ҳәзирги ўақытта Мойнақ районындағы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде жасларға спорт сырларын үйретип киятырман. Келешекте маған берилген бул сыйлықты ақлап, буннан да жоқары нәтийжелерге ерисиўге ҳәрекет етемен.
Номинация жеңимпазларына Өзбекстан Кураш федерациясы Қарақалпақстан бөлими тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети