Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:22:34, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ХАЛҚЫМЫЗ ДАСТУРХАНЫ ТОЛЫ БОЛСЫН

Қыс басланып, писикшилик мәўсиминен қаншелли узақласқан болсақ та базарларымызда түрли мийўе ҳәм палыз өнимлериниң молшылығы көзимизди қуўандырады.

Бүгинги күнлери дийқан базарларымыз толысып, бул өнимлерге және де талап артып бармақта. Ҳақыйқатында да, Жаңа жылдың қәдем атыўына санаўлы күнлер қалған са­йын базарларымыз адамлар менен гәўжим болмақта.

Пайтахтымыздағы «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети аймағында да аўыл хожалық ҳәм азық-аўқат өнимлериниң арзанластырылған Жаңа жыл ярмаркасы шөлкемлестирилмекте. Бул бағдарда хал­қымыз ушын барлық зәрүрли шараятлар жаратылған. Әсиресе, Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен социаллық әҳми­йетке ийе азық-аўқат өнимлерин арзан баҳаларда жеткерип бериў бағдарында нәтийжели жумыслар әмелге асырылмақта. Әне, усындай жумыслар көлеминде оннан аслам азық-аўқат ҳәм мийўе сақлаў қоймаханалары иске түсирилип, барлық дийқаншылық өнимлери сапалы ҳалында халқымызға жеткерилмекте.

Баҳаларға нәзер салатуғын болсақ, 1 кг картошка 3300-4000, пияз 2000-2500, гүриш 4000-6000, мал гөши 45000-50000, таўық гөши 21000 нан 25000, мәйек 900-1100 сумнан ҳәм бир қатар өнимлерди атап өтиўимизге болады.

— Ярмаркадағы барлық өним­лердиң арзанластырылғаны маған мақул болды, - дейди 69 жаслы Улығбек Юсупов. — Әсиресе, гөштиң баҳасы көтерилиңкиреп кеткен еди, бул жерде килосын 45000 сумнан сатып алдым.  Бул баҳа мени жүдә қанаатландырды. Халықты ойлап бундай қолайлылықларды жаратып атырғанлардан миннетдармыз. Енди Жаңа жыл кешесин бала-шағамыз бенен көтериңки кейпиятта күтип алыў нийетиндемиз...  

Әлбетте, Жаңа жыл дастурханының толы болыўы ушын байрам қарсаңында бул орында халықтың талабынан келип шығып, жаңа саўда орынлары да жаратылмақта. Журтласларымыз имканиятлардан үнемли пайдаланып, керекли өнимлерди сатып алмақта. Буннан базарларымыздағы қарыйдарларымыз да миннетдар.

— Биз базар администрациясы халқымыз бенен бирге болып, оларға қолайлылықлар жаратып атырмыз. Ярмаркамыздағы баҳалардың турақлылығын сақлаў мақсетинде жуўапкер қәнигелер тәрепинен ҳәр күни қадағаланып барылмақта. Өнимлердиң барлығы нақ пул ҳәм плас­тик карталар арқалы сатылмақта. Бул орында тийкарынан фермер хожалықларының арзанластырылған гөш өнимлери, «Nukus Dilisha» ЖШЖ, «Panamilk» сүт өнимлери фирмасы ҳәм басқа да бир қатар жәмийетлер өзлериниң өнимлерин халқымызға инам етип, базар тахталарын толтырмақта, - дейди «Нөкис дийқан базары» акционерлик жәмийети баслығының орынбасары Айшагүл Алламуратова.

Әлбетте, Жаңа жыл байрамы қарсаңында шөлкемлестирилип атырған бундай ярмаркалар хал­қымыздың молшылығын тәми­йинлеў менен бирге, олардың бул өмирден разы болып жасаўына ҳәм Жаңа жылды жаңа ни­йетлер менен күтип алыўына хызмет етеди.

Г.САПАРОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

СҮЎРЕТТЕ: ярмаркадан көринис.

Автордың түсирген сүўрети.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF