Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:53:18, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАҢА ӨЗБЕКСТАНДА — ЖАҢАША СУД СИСТЕМАСЫ

Соңғы 5 жылдың ишинде мәмлекетимиз суд системасында жүдә көп өзгерислер жүз берди. Жаңа реформалар әмелге асырылып, тараўдың структуралық дүзилиси өзгерип, бир қатар жаңалықлар енгизилди.

Соны айрықша атап өтиў керек, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы тәрепинен тастыйықланған «Қарақалпақстан Республикасында жынаятларды жылаўлаў, жынаятшылық профилактикасын еле де жетилистириў, әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупциядан аўлақ аймаққа айландырыў» бойынша арнаўлы «Жол картасы» тараўда жаңа раўажланыў басқышын баслап берди.

Итибарлысы, бул тек Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласында тәжирийбе сыпатында енгизилген болса да, мине өткен бир жылға шамалас дәўирде  «Жол карта» тийкарында белгиленген ўазыйпалар нәтийжели орынланып киятыр.

«Жол карта» тийкарынан 12 бөлим, 70 бәнттен ибарат. Оның ҳәр бир бөлим ҳәм бәнтинде Қарақалпақстанда әдил судлаўды тәмийинлеў, коррупциясыз жәмийет курыў жолындағы ислерди жеделлестириў ҳәм ең баслысы бул процессте суд-ҳуқық системасын коррупциясыз тараў­ға айландырыў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, судларды жазалаўшы уйым­нан әдиллик қорғанына айландырыўға қаратылған анық ўазыйпа ҳәм бағдарлар белгиленген.

«Жол карта»да белгиленген ҳәрбир бағдардың орынланыўы тиккелей Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты тәрепинен қадағалап барылады. Бул ўазыйпалардың өз ўақтында анық ҳәм сапалы орынланыўын тәми­йинлеў мақсетинде пуқаралық жәмийети институтлары, ҳуқық қорғаў уйымлары менен бирге ислесиў бойынша келисим Меморандумлар тастыйықланды.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­трлиги, Прокуратура, Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў, Әдиллик министрликлери, «Мадад» мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкеми, Өзбекстан Жаслар ислери Агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, сондай-ақ, Қарақалпақстанда ҳәрекет етип турған 4 жергиликли мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телевидениелер менен өз-ара бирге ислесиў бойынша Меморандумлар дүзилип, ҳәзирги ўақытта бирге ислесиў жумыслары алып барылмақта.

«Жол карта»ның биринши бөлими жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыўдың нәтийжели усылларын қорғаў, онда суд-тергеў әмелиятын еле де жетилистириў, жүзеге келип атырған машқалаларды сапластырыў, бул бойынша арнаўлы оқыў курслары ҳәм семинарларды шөлкемлестириў, нызам нормаларын әмелиятта қолланыўды кең түрде үгит-нәсиятлаў, илгери судланған шахслар, олардың шаңарақ ағзалары, жәмлеспеген жаслар менен сәўбетлесиў, исбилерменлик субъектлерине қабыл етилип атырған нызам ҳүжжетлериниң мазмуны ҳәм әҳмийетин түсиндириў, судларда көрилип атыр­ған даўлы мәселелер ҳәм қабыл етилген суд ҳүжжетлерин жеткериў, суд-тергеў әмелияты бойынша мағлыўмат бериў, ерте неке ҳәм ерте туўыўшылықтың алдын алыў, ажырасыўларды кемейтиўге ерисиў сыяқлы бүгинги күнниң әҳмийетли ўазыйпалары белгиленген.

Анық мысалларға өтетуғын болсақ, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған илажлардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде суд-тергеў тараўында жумыс алып барып атырған хызметкерлердиң билим ҳәм көнликпелерин еле де беккемлеў, әмелиятта жүзеге келип атыр­ған машқалалы мәселелерди анықлаў ҳәм олардың шешимине бағдарланған оқыў семинарлары, қысқа мүддетли оқыў курслары турақлы шөлкемлестирилип атыр.

Жыл басынан берли Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигиниң тергеў уйымлары хызметкерлери менен биргеликте 5 мәрте арнаўлы семинарлар өткерилген болса, 3 мәрте аралықтан, яғный, «онлайн» қысқа мүддетли оқыў курс­лары шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, жас тергеўшилердиң судларда әмелият өтеў жумыслары басланып, бүгинги күнде әмелиятты өтеў тәртиби ислеп шығылды ҳәм усы жылдың август айынан баслап тийисли режеге тийкар Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша район (қала) судларында тергеўшилер әмелият өтеп келмекте.

Судлар ҳәм тергеў уйымлары жумысларының ашықлығын, жәриялылығын тәмийинлеў бо­йынша орынларда турақлы түрде профилактика инспекторлары менен биргеликте жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға қаратылған үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Суд талқылаўлары әмелдеги нызамшылықтағы бослықларды толықтыратуғын ҳәм судлар тәрепинен нызамларды сәўлелендириў ҳәм қолланыўда улыўма жантасыўларды белгилейтуғын жәрдемши ҳуқық дереги есапланады.

Суд тәрепинен ҳәр шеректе бир мәрте суд талқылаўлары ислеп шығылып, онда анық жынаятлы ис мысалында дәслепки тергеў ҳәм суд тәрепинен ислерди тергеў ҳәм судта көриў барысында жол қойылған қәте-кемшиликлер көрсетилип, бул шолыўлар жәмленип, жылына бир мәрте китапша түринде исленеди. Бүгинги күнде бул китапшаларды судьялар өз хызмет бабында күнделикли қолланба сыпатында кең түрде пайдаланып келмекте.

Буннан тысқары, тергеў сапасын еле де жақсылаў мақсетинде, қала берди, кейинги үш жыл даўамында судқа шекемги тергеў дәўиринде жол қойылған қәте-кемшиликлерди үйренип, нызам талапларының бузылыўын сапластырыў, келешекте усындай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде тергеўшилер ушын да суд шолыўларын таярлап атырмыз.

Жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықларды анықлаў емес, ал, оларды келтирип шығарыўшы факторлар менен қатаң гүресиў — баслы ўазыйпа. Солай екен, ҳәптениң ҳәр пийшемби күни «Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы күни» шеңберинде халықтың ҳуқықый мәдениятын, социаллық-сиясий белсендилигин, жәмийетте тутқан орнын еле де беккемлеўге бағдарлан­ған сәўбетлесиўлер шөлкемлестирилип, мәкан пуқаралар жыйынларында пуқаралар менен ушырасып, анық мақсетке бағдарлан­ған профилактикалық ҳәм ҳуқықый үгит-нәсият жумыслары турақлы түрде алып барылмақта.

Президентимиз тәрепинен судьялар арасында гендер теңликти тәмийинлейтуғын механизмлерди енгизиў бойынша Өзбекстан Республикасы Жоқар­ғы суды ҳәм Судьялар жоқарғы кеңесине анық ўазыйпалар белгиленген.

Усы орында атап өтиў орынлы, «Жол карта»ның 4-бөлими судьялар арасында гендер теңлигин тәмийинлеўге қаратылған. Алымлар тәрепинен алып барыл­ған изертлеўлерге қарағанда, бул фактор ең жоқары дәрежедеги экономикалық, социаллық ҳәм сиясий раўажланыўдың дереги. Сондай-ақ, тек ер адамлардан ибарат жәмәәтке қарағанда тең ярымы ер адам ҳәм ҳаял-қызлардан ибарат жәмәәт, егер олар ақылый мийнет пенен бәнт болса, бир нешше есе жоқары нәтийжеге ериседи екен. Басқа тараўлар сыяқлы суд системасында да бул мәселеге айрықша итибар қаратылған. Атап айт­қанда, Қарақалпақстан Республикасы судларында 68 судья хызмет көрсетип атырған болса соннан 17и, яғный, 25 процентин ҳаял-қызлар қурайды.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 24-июль 2020-жылғы «Судлар жумысын еле де жетилистириў ҳәм әдил судлаў нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар хаққында»ғы қарарының 4-бәнти «б» киши бәнтин орынлаў бойынша Қарақалпақстан Республикасы судында жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары менен байланыслар бойынша бас мәсләҳәтши лаўазымы енгизилди. Соның менен бирге Қарақалпақстан Республикасы судларының рәсмий телеграмм каналы t.me/QRSUDI ҳәм веб-сайты qoraqalpogiston.sud.uz шөлкем­лестирилди.

Ашық суд процесслерин әлбетте тәреплердиң разылығы менен видео, аудио ҳәм туўрыдан-туўры трансляция етиў мүмкиншилиги берилди. Сондай-ақ, тараў жумысларының ашықлығын тәмийинлеў ҳәм пуқараларды тийкарлы мағлыўматлар менен таныстырыў мақсетинде «Судлар жумысының ашықлығы, жәриялылығын тәмийинлеў бойынша Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықларының ғалаба хабар қураллары ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери ушын ҳәр айда бир мәрте онлайн брифинглер өткериў әмелияты жолға қойылды.

Сондай-ақ, жынаят ислери бойынша район (қала) судлары тәрепинен жәмийетте улыўма резонансқа себеп болған жынаятлы ислер ҳаққындағы мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары, судлардың веб-сайты ҳәм социаллық тармақлар арқалы өз ўақтында кең жәмийетшиликке жеткериў бойынша да нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Әлбетте, резонансқа себеп болған жынаятлы ислер көрип тамамланған ҳәм нызамлы күшке киргеннен кейин ғана бул ҳаққындағы мағлыўматлар кең жәмийетшиликке таныстырылмақта. Буның ушын Қарақалпақстан Республикасы судының рәсмий веб-сайты ҳәм телеграмм тармағында «Қарақалпақстан Республикасы судлары» рәсмий каналы турақлы ислеп тур.

«Жол карта»ның 6-бөлиминде де судлар жумысына заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў ўазыйпалары белгиленген.

Усы тийкарда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 30-август 2017-жылы қабыл етилген «Судлар жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиўди еле де жетилистириў илаж­лары ҳаққында»ғы қарары судлар жумысында мәлимлеме-коммуникация технологияларын қолланыў менен байланыслы мәселелерди жаңа басқышқа көтериўге тийкар жаратты. Мысалы, суд­ларға аралықтан турып мүрәжат етиў, видеоконференц­байланыс системасынан пайдаланыў ар­қалы суд мәжилисинде қатнасыў, судлар тәрепинен көрилетуғын ислерди судьялар арасында автомат бөлистириў, судтың жуўмақлаўшы шешимлерин интернет тармағы арқалы кең жәмийетшилик итибарына усыныў ҳәм орынлаў ҳүжжетлерин мәлимлеме технология қуралларынан пайдаланып, электрон көринисте жибериў усылар қатарында.

Буннан тысқары, Президент карары менен 2020-2023-жылларда суд ҳәкимияты уйымлары жумысын санластырыў бағдарламасы да тастыйықланды.

Оған бола, 2021-жылдың 1-январынан баслап судларда суд мәжилислерин тәреплердиң өтиниши ҳәм басшылық етиўшиниң разылығы менен аудиожазыўдан (аудиофиксация) пайдаланған ҳалда жүргизиў ҳәм суд мәжилиси баянламаларын усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплес­тириў, апелляция инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автомат тәризде бөлис­тириў, усы жылдың 1-октябринен баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақты ҳәм орны ҳаққында !M! хабар арқалы бийпул түрде хабарландырыў әмелияты жолға қойылды.

Судларды заманагөй мәлимлеме коммуникация техноло­гиялары менен тәмийинлеў, инсан факторын кемейтиў мақсетинде Республикадағы судларға жәми 24 дана Инфокиоск үскенелери орнатылды.

 Судлар тәрепинен пуқаралар ҳәм исбилерменлерге 12 түрдеги интерактив хызметлер көрсетилиўи де жолға қойылды. Бул интерактив хызметлерден қала­йынша пайдаланыў кереклиги бойынша арнаўлы видеороликлер де таярланып, социаллық тармақлар, ғалаба хабар қуралларында турақлы жәрияланып барылыўы менен бирге, ҳәр бир суд имаратындағы арнаўлы таблоларға да электрон көринисте жайластырылған.

Пуқаралардың «Аўырын жеңил, мүшкилин аңсат етиў» мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы судлары ҳәм район (қала) судлары имаратларында «Халыққа бийпул ҳуқықый жәрдем» ханалары шөлкемлестирилген.

«Адамлардың қайғы-тәшўишлерин ойлап жасаў-адамгершиликтиң ең жоқары өлшеми», «Халқымыз өз турмысындағы унамлы өзгерислерди ертең емес, узақ келешекте емес, ал, бүгин көриўи керек» деген Президентимиздиң халықшыл пикири бүгин ҳәр бир басшының күнделикли жумыс тәризиниң бир бөлегине айланды десем асыра айтқан болмайман. Усы тийкарда халықтың мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында пүткиллей жаңа система, жаңа механизмниң енгизилиўи бул ҳақыйқаттың жүзеге шығыўына хызмет етпекте.

Усы тийкарда, Қарақалпақстан Республикасындағы судлардың баслықлары тәрепинен ти­йисли бирге ислесиўши уйымлар менен биргеликте турақлы түрде халық арасында көшпели ҳәм онлайн қабыллаўлар өткерилип барылмақта. Әсиресе, қабыллаўларды ҳәр бир суд баслығының «мәҳәллелер кесиминде» өткериўи жергиликли турғынлар ушын жүдә қолайлы болмақта. Бул адамлардың ҳәм ўақтын, ҳәм қаржысын тежеў мүмкиншилигин де бермекте.

Итибарлы тәрепи, суд уйымларының онлайн қабыллаўы да жолға қойылған болып, онда тиккелей Қарақалпақстан Республикасы судларының баслықлары, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министрлиги ҳәм прокуратура басшылары пуқараларды орынлардағы Президент халық қабыллаўханаларында онлайн қабыллайды. Бул тәжирийбе пуқаралардың узағын жақын етиў менен бирге, қабыллаўға кириў ушын нәўбет күтип, есикпе, есик жүриўи, ең баслысы артықша қағазбазлық ҳәм әўерешиликтиң алдын алады. Бүгинги күнде ҳәр айда бир мәрте онлайн қабыллаўлар турақлы түрде өткерилип барылмақта. 

Халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын еле де жетилистириўге қаратылған және бир жаңалық, Европа юридикалық жоқары оқыў орынларының оқыў стандарты тийкарында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетинде қәнигелестирилген аудитория, яғный — оқыў «Суд залы» шөлкемлестирилди. Буннан гөзленген мақсет — жаңа әўлад юристлерин таярлаўда оқыў ҳәм илимий процессти әмелий шынығыўлар менен бирлес­тириў. Зал барлық стандарт­ларға жуўап береди — герб, судланыўшы, прокурор ҳәм қорғаўшы ушын столлар менен тәмийинленген.

Болажақ юристлер суд процессин симуляция, моделлестириў керек.  Ҳәзирги ўақытта жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен көрилип атырған ислер көрилип атыр. Бул  студентлерде процессуал ҳүжжетлер менен ислеў көнликпелерин раўажландырыў менен бирге, суд ислерин жүргизиўдиң айырым бас­қышларының өзгешелиги үйрениў, суд ислериниң айырым түрлерин көрип шығыў ҳәм шешиў, суд риторикасы көнликпелерин раўажландырыў, судта өз мәплерин қорғаў, жәмийетшилик алдында сөйлеў, логикалық ойлаў, жуўмақлар етиўге үйретеди. Басқаша етип айтқанда, болажақ юристлер теориялық билимлерин университеттен шықпастан әмелиятта беккемлейди. Енди биз алдағы ўақытлары пуқаралық, экономикалық ҳәм ҳәкимшилик суд ислерин де усы университеттеги суд залында шөлкемлестириўди режелестирип отырмыз.

«Жол карта»ның 68-бәнтинде биринши мәрте судьялық лаўазымына тайынланған судьялар ҳәм суд хызметкерлери, олардың шаңарақ ағзалары, жақын туўыс­қанларының қатнасыўында коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм бундай иллетке қатаң гүресиў, белгиленген тәртип ҳәм қағыйда­ларға әмел етиў, судьяның искерлигине араласпаў, оған нызамға қайшы келетуғын ислерди усыныс етпеў ҳәм жумысына кери тәсир ететуғын басқада ҳәрекетлерге басламаў бойынша ушырасыў, семинар ҳәм конференцияларды өткериў белгиленген болып, бул бағдарда 4 мәрте усындай үгит-нәсият илажлары шөлкемлестирилди. Әйне бул илажлардың система хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары менен бирге өткериўдиң де өзине жараса терең мәнис-мазмуны бар. Себеби, ҳәр бир инсанның өмиринде шаңарақтың тутқан орны айрықша.

Улыўмаластырып айтатуғын болсақ, «Жол карта» 2020-жылдың ноябрь айында тастыйықланып, оның орынланыўы бо­йынша жумыслар басланған болса, мине арадан саррас бир жыл ўақыт өтип, яғный, 2021-жылдың ноябрь айында белгиленген ўазыйпалардың орынланыў мүддети өз жуўмағына жетти.

 «Жол карта»да көрсетилген ўазыйпалардың нәтийжелери қандай екенлиги көпшиликти қызықтырары тәбийий. Бир жыл қысқа ўақыт, деген менен биз, усы жол карта ҳәм онда белгиленген ўазыйпалар тийкарында өзимиздиң алдағы искерлигимиз ушын анық бағдар алдық. Бул тәжирийбе суд ҳәкимияты уйымларында тийкарғы ҳуқықый бағдарлама болыў менен бирге, пуқаралардың әдил судлаўға бол­ған исенимин арттырып, судларды ҳақыйқый әдалат қорғанына айландырыўға хызмет етеди. Солай екен, «Жол карта»ның орынланыў мүддети жуўмақланғаны менен биз алдымызға белгилеп алған бағдар ҳәм ўазыйпалардың орынланыўы еле даўам етеди. Бул жолда биз судьялар бар билим ҳәм тәжирийбемизди аямай жумсаўға таярмыз!

Гүлнара БАЗАРБАЕВА,

Қарақалпақстан Республикасы судының баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF