Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:36:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ПАЛЗАДА — ТАҢЛАЎ ЖЕҢИМПАЗЫ

Көпшиликтиң хабары болса керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-марттағы 5020-санлы қарары менен Республика ҳаял-қызлар жәми­йетлик кеңеси шөл­кемлестирилип, усы кеңестиң қарары менен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын өткериў белгиленген еди.

Өткен ноябрь айында өткерилген таңлаўдың қала ҳәм районлық, Қарақалпақстан Республикасы басқышларында аўыл-аймақлардағы он мыңлаған ҳаяллар ишинен таңлап алынған 149 ҳаял өз-ара беллесип, онда биз сөз етпекши болған Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева жеңимпаз атанған еди.

2014-жылдан берли фермер хожалығын басқарып киятырған Палзаданың тийкарғы кәсиби есапшы. 1992-жылы Нөкис аўылхожалығы техникумының бухгалтерия бөлимин тамамлаған ол «Нөкис ҳақыйқаты» газетасында, соңынан ҳәзир өзи басқарып киятырған фермер хожалығында жумыс иследи. Кегейли районына белгили фермерлердиң бири Караматдин Таманбетов пенен турмыс қурған ол, бүгинги күнге шекем бес перзентти тәрбиялап камал­ға келтирмекте. Олардың туңғышы мине бир неше жыллардан берли Россия Федерациясында исбилерменлик пенен шуғылланып киятырған болса, оннан кишкенеси Асқар өзи бас­қарған фермер хожалығында ис жүргизиўши, Айти болса, компьютер программисти, Меҳригүл ҳәм Меҳриддинлер өзлери жасайтуғын «Естек көпир» аўылындағы 35-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде тәлим-тәрбия алмақта.

Палзада Салиеваның бас­қарған фермер хожалығы ҳәр жыл сайын мәмлекетке пахта ҳәм ғәлле тапсырыў бо­йынша шәртнамалы тапсырмасын артығы менен орынлап киятыр. Сондай-ақ, фермер хожалығының 60 гектар егислик жерине 5 жылдан бери боян егилип, олар бүгинги күни толық өсип раўажланып, жыйнап алыў ушын таяр ҳалатқа келген. Соның менен бирге, хожалық ағзалары дийқаншылық, шарўашылық ҳәм қусшылық пенен де шуғылланып келмекте.

Фермер хожалығы пахташылық ҳәм ғәллешиликтен ерискен табыслары есабынан ҳәр жыл сайын экономикалық көрсеткишлери жақсыланып, соңғы үш жылда 1 млрд. 333 млн. сум дәрамат, соннан 430 млн. сум сап пайда алыўға ерискен. Палзада басқарған «Арзыў» хожалығының бундай нәтийжелерди қолға киргизиўинде хожалық ағзалары менен бирге заманагөй аўыл хожалығы техникаларының ат­қаратуғын хызмети айрықша. Бүгинги күни хожалықта «Арион-630» дан баслап пахта териў машинасына шекемги аўыл хожалығы ушын зәрүрли техникалардың барлық түрлери бар. Әйне күнлери хожалықта 31 адам жумыс ислеп, шаңарағын бағып келмекте.

— Сиз Ташкентте жеңимпаз болатуғыныңызды алдыннан билип пе едиңиз? - деп сорадым оннан қолға киргизген жаңа табысы менен қутлықлай турып.

— Яқ. Мен таңлаўда жеңимпаз боламан деп улыўма ойлаған емеспен. Егер, жеңимпаз болатуғынлығымды алдыннан билгенимде, Ташкенттен қайтарсынға автобусқа билет сатып алмаған, үйимнен автомашинаны бас­қарыў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлеримди алып шыққан болар едим. Таңлаўдың сыйлықлаў салтанатында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығы Танзила Нарбаеваның қолынан автомашинаның гилтин алып атырғанымда көзимнен ерксиз түрде қуўаныш көз жаслары парлап шығып кетти,-дейди бизге Палзада Салиева. — Усы жерде бизлердей ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлап, аталарша ғамқорлық көрсетип  киятырған Президентимиз Шавкат Мирзиёев ҳәм республика басшыларына, Кегейли районы ҳәкимлигине өзимниң шексиз миннетдаршылығымды билдиремен...

***

«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Өзбекстан Республикасы басқышында Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева гран-при жеңимпазы болып, Gentra автомашинасы менен сыйлықланған еди.

Усы жыл 28-декабрь күни гран-при жеңимпазы салтанатлы жағдайда күтип алынды. Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов жеңимпазды кирип киятырған Жаңа жыл байрамы ҳәм қолға киргизген табысы менен қутлықлады.

— Бул тек мениң емес, экологиялық шараятта жасап, мийнет етип атырған гүллән ҳаял-қызларымызға берилген сыйлық деп есаплайман,-деди таңлаўдың гран-при жеңимпазы Палзада Салиева. — Фермер хожалығымызда 45 адам жумыс орны менен тәмийинленген. Келешекте аўылға санаатты алып келип, аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеп, жаңа жумыс орынларын ашыўды режелестирип отырман...

Буннан кейин Жаслар орайында белсенди ҳаял-қызлар ҳәм жаслар менен ушырасыў болып өтти. Онда таңлаў жеңимпазы қатнасыўшыларды қызықтырған сораўларға жуўап берди.

 

Әдилбай ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF