МӘМЛЕКЕТЛИК НЫШАНЛАРДЫ ҲҮРМЕТ ЕТИЎ — ҲӘР БИРИМИЗДИҢ ТИЙКАРҒЫ ЎАЗЫЙПАМЫЗ
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының 5-статьясына тийкар, байрақ, герб, гимн Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик нышанлары болып есапланады.
1993-жыл 24-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққындағы Нызамы қабыл етилди.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик суверенлигиниң нышаны болып, Мәмлекетлик гимнге терең ҳүрмет Қарақалпақстан Республикасының ҳәр бир пуқарасының азаматлық миннети болып есапланады.
Нызам менен Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимниниң сөзи ҳәм музыкалық редакциясы тастыйықланған болып, атқарылған ўақытта ҳәмийше тастыйықланған сөзине ҳәм музыкалы редакциясына толық муўапық атқарылыўы тийис.
Соның менен бир қатарда, Нызамда гимнниң атқарылыў орны, ўақты, тәртиби белгилеп берилген. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни:
— Қарақалпақстан Республикасында белгиленетуғын ғалаба халықлық байрамларға бағышланған салтанатлы жыйналыслар менен мәжилислер ашылғанда ҳәм жабылғанда:
— Қарақалпақстан Республикасының телевидение ҳәм радиоеситтириўлеринде ҳәр күни — көрсетиў ҳәм еситтириўлер басында ҳәм ақырында, көрсетиў ҳәм еситтириўлер кешеси ҳәм күндиз алып барылғанда саат 6да ҳәм саат 24те, жаңа жыл ақшамында саат 24те;
- республиканың турмысындағы ең әҳмийетли тарийхый ўақыяларды белгилеў ушын көрнекли сиясий, мәмлекетлик, әскерий ғайраткерлердиң, халық қаҳарманларының, илим, әдебият ҳәм көркем-өнер ғайраткерлериниң ҳүрметине естеликлер, сондай-ақ монументлер, обелисклер ҳәм басқа да қурылыслардың ашылыў мәресиминде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин атқарылады.
Соның менен бирге, мәмлекетлик уйымлар, басқа да шөлкемлер тәрепинен өткерилетуғын мәресимлер ҳәм басқа да салтанатлы илажлар ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде, әскерий мәресимлерди өткериў ўақтында — Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң улыўма әскерий уставларына муўапық, улыўма орта, орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде — жаңа оқыў жылы басланыўы ҳәм оқыў жылы тамам болыў мәресимлери ўақтында, спорт майданларында — Қарақалпақстан Республикасы чемпионатларын, Қарақалпақстан Республикасы аймағында миллий сайланды командалар қатнасыўында халықаралық спорт жарысларын өткериў ўақтында ҳәм сол жарыстағы жеңимпаз болған миллий сайланды командаларының ўәкиллерин сыйлықлаў мәресимлерин өткериў ўақтында Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрақларын көтергенде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик гимни атқарылғаннан кейин атқарылады.
Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни көпшиликтиң алдында атқарылғанда, егер нызам ҳүжжетлеринде басқаша тәртип белгиленбеген болса, қатнасыўшылар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин түргелип турып ҳәм оң қол алақанын көкиректиң шеп тәрепине қойып, әскерий ямаса мәмлекеттиң басқа хызметиндеги арнаўлы кийимдеги шахслар болса қолын бас кийимине қойып тыңлайды.
Егер Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимниниң орынланыўы Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағының көтерилиўи менен биргеликте әмелге асырылса, қатнасыўшылар оған жүзи менен бурылады.
Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасының пуқаралары, сондай-ақ, Қарақалпақстанда турған басқа да шахслар Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимнин ҳүрмет етиўи шәрт.
Өзбекстан Республикасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы, Мәмлекетлик герби ҳәм мәмлекетлик гимни ҳаққындағы нызамшылықты бузыў, мәмлекетлик нышанларға ҳүрметсизлик етиў жынайый ҳәм ҳәкимшилик жуўапкершиликке себеп болады.
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги жәмәәти атынан гүллән халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенлигиниң 28 жыллық байрамы менен қутлықлаймыз.
Элмурод ТУРСУНОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри орынбасары.