Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:35:06, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЕКЕДЕН ӨТПЕКШИ БОЛСАҢЫЗ...

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2016-жыл 14-ноябрь күнги қарары «Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыўды дизимге алыў» қағыйдасының 5-бабына муўапық ҳәм Өзбекстан Республикасының Шаңарақ кодексинде көрсетилгениндей, неке жасына жеткен, яғный, 18 жасқа толған некелениўшилер өз жасаў аймағындағы Пуқаралық ҳалаты актлерин жазыў бөлимине мүрәжат етеди.

Бул жерде ПҲАЖ бөлими хызметкерлери тәрепинен электрон арза толтырылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2003-жыл 25-август күнги қарарына муўапық, медициналық бирлеспеге жоллама бериледи, бир ай мүддет ишинде медициналық бирлеспеден бес түрдеги кеселлик бойынша өтип келеди. 50 жасқа толған некелениўшилердиң келисими менен жоллама беремиз. Айырым жағдайларда некелениўшилердиң перзентлери туўылған болса, келин ҳәмиледар болған жағдайда ҳәм жумыс бабында шет ел сапарына кетип баратыр­ған болса, бир ай мүддети қысқартылып, Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексине муўапық, нызамлы неке дизиминен өткериледи.

Усы жылдың 1-июнь сәнесинен баслап Экстерриториал хызмет көрсетиў әмелге асырылып келинбекте. Бул дегенимиз, пуқаралардың турақлы яки ўақытша есапта турыўына қарамастан, өз аймағындағы ПҲАЖ бөлимине барып, керекли мағлыўматын ала алады.

Жанар ТАШИМОВА,

Тақыятас районы ПҲАЖ бөлими баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF