НЫЗАМШЫЛЫҚТАҒЫ ЖАҢА ӨЗГЕРИСЛЕР
Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен «Транспорт ҳәм финанс тараўларындағы айырым ҳуқықбузарлықларға жол қойғаны ушын ҳәкимшилик жазалардың либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамға қол қойылды.
Нызам 2021-жыл 1-декабрьден күшке кирип, төмендегилер:
- автомобиль басқарыўшыларына транспорт қуралын басқарыў ўақтында уялы телефонлардан қәўипсиз ҳәм қолды бәнт етпейтуғын техникалық қураллардан (қулақшын, bluetooth) пайдаланыўға руқсат берилди;
- транспорт қуралын басқарыў ўақтында салонның алдынғы тәрепине орнатылған монитордан теле-видеобағдарламалар тамаша етиўге қойылған шеклеўлерди сақлап қалған ҳалда, мониторды орнатып алғанлығы ушын жуўапкершилик бийкар етилди;
- Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик Кодексиниң 4-статьясы бойынша жаза муғдары ҳуқықбузарлықтың қәўиплилик дәрежеси ҳәм шет ел тәжирийбелеринен келип шыққан ҳалда жеңиллестирилмекте. Атап айтқанда, халықтың айырым қатламлары ушын әҳмийетке ийе болған, автомобильде жолаўшылар тасыў искерлиги менен лицензиясыз шуғылланғанлығы ушын (пуқараларға 27 миллион сумнан 1,9 миллион сумға шекем, лаўазымлы шахсларға 40 миллион сумнан 8,1 миллион сумға шекем кемейттирилди) ҳәм тағы басқа өзгерислер киргизилди;
- транспорт қуралын басқарыў ҳуқықын бериўши ҳүжжетлер айдаўшының жанында болмағанлығы ушын жуўапкершиликке тартыў тәртиби бийкар етиледи. Бунда, айдаўшының жанында шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет (паспорт, ID-карта) болыўының өзи жеткиликли екенлиги белгиленди. (Усы бәнт 2022-жыл l-марттан баслап күшке киреди).
Сондай-ақ, «Миллий айдаўшылық гүўалығы ҳәм де автомототранспорт қуралын дизимнен өткергенлиги ҳаққында гүўалығының жаңа үлгилерин енгизиў илажлары ҳаққындағы ҳүкиметлик қарардың 3-бәнтине төмендеги өзгерислер киргизилди:
Миллий айдаўшылық гүўалығы төрт басқышта алмастырылатуғын болып;
- 2010-жылға дейинги дәўирде берилгенлери — 2022-жыл 1-апрельден;
- 2010-2012-жылларда берилгенлери — 2022-жыл 1-июльден;
- 2013-2015-жылларда берилгенлери — 2022-жыл 1-октябрьден;
- 2015-жылдан кейин берилгенлери — 2023-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланатуғын болды».
Солай етип, барлық автомототранспорт қураллары ийелерин нызамшылықтағы жаңалықларға итибарлы болыўға, жол ҳәрекети қағыйдаларын сақлаўға шақырамыз.
О.МАТЯКУПОВ,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги Қоңырат районы
Юридикалық хызмет көрсетиў орайы бас юристконсульты.