РЕСПУБЛИКАМЫЗ ЙМАҒЫНДАҒЫ ЖОЛЛАРДЫҢ БҮГИНГИ ЖАҒДАЙЫ ҚАНДАЙ?
Қарақлпақстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасында быйылғы жылдың өткен айларында әмелге асырылған жумыслар ҳәм алдағы ўазыйпаларға бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Илажда атап өтилгениндей, республикамыз аймағында жәми 12381,5 километр автомобиль жолы болып, соннан улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолы 4253 километрди, ишки хожалық жоллары, қалалар ҳәм аўыллық елатлы пунктлери көшелери 8127,5 километрди қурайды.
Соның менен бирге, улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында 781, қалалық ҳәм аўыллық ишки жолларында 798, жәми 1579 көпир бар. Усылардан 674 көпир Автомобиль жоллары комитетине, 1 көпир Тақыятас ыссылық электр станциясына, 22 көпир районлық абаданластырыў басқармаларына, 5 көпир суўдан пайдаланыўшылар бирлеспелерине қараслы болып, 534 көпир ийесиз есапланады.
Соннан быйылғы жылы 22 көпирде ағымдағы, 7 көпирде қайта оңлаў, 3 көпирде капитал оңлаў жумыслары алып барылған болса, халықаралық әҳмийеттеги А-380 «Гүзар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 659,4 километринде (Беруний районы Абай аўылы аймағында) жайласқан көпир қайта қурыў ушын тәбийғый апатларды сапластырыў бойынша бағдарламаға киргизилип, қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республиксы Президентиниң 2020-жыл 28-декабрь күнги «2021-2023-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамызда 11 автомобиль жолы ҳәм 2 көпир, жәми 13 реконструкция объектинде 35,5 километр автомобиль жолларын оңлаў режелестирилген болып, әмелде 45,7 километрде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Соннан халықаралық әҳмийетке ийе автомобиль жолларынан 24 километр, мәмлекетлик әҳмийетке автомобиль жолларынан 9,3 километр, жергиликли әҳмийетке ийе 12,4 километр автомобиль жолында реконструкция жумыслары исленди. Сондай-ақ, 2 көпирде қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-апрельдеги «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыз бойынша жәми 505,6 километр узынлықтағы жолда оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген болса, бул жумыслар толық орынланды.
Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларына быйылғы жыл ушын эксплуатация жумыслары шеңберинде режелер белгилеп алынған. Соннан күнделикли оңлаў, автомобиль жолларын сақлаў, қысқы қараў, автомобиль жолларының бойларын көклемзарластырыў жумысларының алып барылып атырғанлығы атап өтилди.
Илажда ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.