Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 05:24:13, 24.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ХОШАМЕТ — 2021»: МҮНӘСИПЛЕР СЫЙЛЫҚЛАНДЫ

Усы жылдың 15-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Хошамет-2021» жылдың ең белсендилерин сыйлықлаў салтанаты болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов cөзге шығып, елимизде жасларға болған итибар, әсиресе Президентимиздиӊ жасларға айрықша итибар қаратып, олардыӊ тереӊ билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, шет тиллерин үйрениўи, исбилерменликти жолға қойыўы, еӊ баслысы, ҳәр тәреплеме саламат, бәркамал болып кәмалға келиўи ушын ғамхорлық көрсетип киятырғанлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясаттың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған жумысларды және де жетилистириў, жас әўлад ўәкиллерин мәнаўий ҳәм физикалық жақтан саламат етип тәрбиялаўда мәмлекетлик, сондай-ақ мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер тәрепинен бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Барлық тараўларда ҳәм оқыў орынларында өз заманласлары арасында терең билими, искерлиги ҳәм талапшаңлығы менен үлги болып атырған жасларымыз мәмлекетимиздиң раўажланыўында ертеңги күнимиздиң шешиўши күши сыпатында қаралмақта.

Елимизде илим ҳәм билимлендириў, мәденият, спорт, әдебият тараўларында жоқары нәтийжелерге ерисип атырған жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде мәмлекетлик сыйлықлар, стипендиялар және ҳәр түрли грантлар енгизилген. Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен елимизде жәмийетлик-сиясий, мәденият, көркем өнер, дөретиўшилик, журналистика, спорт тараўларын ҳәм исбилерменликти кеңнен раўажландырыў, тынышлықты тәмийинлеў, сондай-ақ бул тараўларда салмақлы жетискенликлерге ерискен ең белсендилерди қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2017-жылдан баслап «Хошамет» илажы өткерилип келинбекте. Сыйлық тийкарынан жәмийетлик турмыстың барлық тараўларындағы белсенди жасларды, сондай-ақ, жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўда үлги көрсетип атырған мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў уйымлары ўәкиллерин хошаметлейди.

Мәресимде «Жылдың ең белсенди жаслар устазы», «Жылдың ең белсенди ҳәкими», «Жылдың ең белсенди район, қала Сәрдарлар Кеӊеси», «Жылдың ең белсенди бирге ислесиўши шөлкеми», «Жылдың ең белсенди жаслар мәселелери бойынша ҳәким орынбасары», «Жылдың ең белсенди Жаслар ислери агентлиги қала, районлық бөлими»,  «Жылдыӊ еӊ белсенди жаслар жетекшиси», «Жыл пидайылары», «Жылдыӊ еӊ белсенди жас спортшысы», «Жыл волонтёры», «Жылдыӊ еӊ белсенди вайнери», «Жылдыӊ еӊ жас қосықшысы», «Жылдыӊ еӊ белсенди сектор басшысы», «Жылдыӊ еӊ белсенди жасы», «Жаслар арасында исбилерменликти раўажландырыўдағы белсендилиги ушын», «Жыл рекордшысы», «Көркем-өнер тараўындағы белсендилиги ушын», «Еӊ кишкене көркем өнер пидайылары», «Өзбекстан жаслары» форумын шөлкемлестириўдеги белсендилиги ушын», «Жылдыӊ еӊ белсенди қурылысшысы» сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықланды.

Сыйлық ийелерине Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының арнаўлы дипломы, статуэтка ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Мәресимде көркем өнер шеберлериниӊ атқарыўындағы гала-концерт бәршеге заўық бағышлады. Илаж «Хошамет» гимни менен жуўмақланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF