ЮНЕСКО ҚӘНИГЕЛЕРИ КОЛЛЕДЖЛЕРДЕГИ ЗӘРҮРЛИКЛЕР МЕНЕН ТАНЫСТЫ
Усы жыл 16-17-декабрь күнлери Европа аўқамы тәрепинен қаржыландырылған ҳәм ЮНЕСКО тәрепинен әмелге асырылып атырған «Өзбекстанның аўыллық аймақларында жумыс пенен тәмийинлеў ушын көнликпелерди раўажландырыў» жойбарының қәнигелери пилот колледжлердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм модернизациялаўға болған мүтәжликлерин анықлаў ушын Беруний ҳәм Кегейли районларында болды.
Cырт ел қәнигелери Беруний ҳәм Кегейли районларындағы Суў хожалығы ҳәм мелиорация колледжлеринде модернизацияланыўы зәрүр болған мәселелерди үйренип, ушырасыўлар өткерди.
Бул жойбарды Қарақалпақстан, Хорезм, Бухара, Сурхандәрья аймақларында 2020-2024-жылларда әмелге асырыў нәзерде тутылған. Аўыл хожалығы ҳәм ирригация колледжлерин жаңаланған оқыў программалары ҳәм үскенелер менен модернизациялаў жойбардың баслы мақсетлериниң бири болып есапланады.
– Дәслеп ЮНЕСКОның Өзбекстандағы ўәкили Александрос Макаригакис рәсмий сапар менен Қарақалпақстанға келип Республика басшылары ҳәм тийисли министрликлердиң басшылары менен ушырасып, бирге ислесиў мәселелери додаланған еди,-дейди сырт елли қәниге Марико Фужисаўа. – Колледжлерде билимлендириў бағдарындағы жаңаланыўға болған зәрүрликлер, керекли үскенелер ҳәм жаңа технологиялар бойынша мағлыўматлар, колледжлердиң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ҳәм модернизациялаўға болған зәрүрликлери техникалық жақтан баҳаланып, додаланды. Енди техникалық эспертлер (инженер) тәрепинен усы колледжлердеги оңланыўы ямаса жаңадан қурылыўы зәрүр болған объектлердиң дизими таярланады.
Ушырасыўларда билимлендириў мәкемелериниң басшылары ҳәм хызметкерлери жойбар туўралы кең түрде мағлыўматлар алып, әмелге асырылыўы зәрүр болған жумыслар бойынша өз пикир-усынысларын билдирди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги