Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:41:52, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«ШАБЫСЛАРДАН ШАРШАТПА»

Бүгинги қарақалпақ поэзиясының белгили ўәкиллериниң бири, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген журналист Оразбай Сәт­баев көркем әдебият шайдаларына өзиниң гезектеги қосықлар топламын усынды.

«Шабыслардан шаршатпа!» деп аталатуғын бул топламға шайырдың соңғы жылларда жазған қосықлары кирген болып, оларда автор өзиниң ушқыр сезимлери жәрдеминде белгили бир концепцияға бағындырылған руўхый кеширмелерин сүўретлеўге ҳәрекет етеди. Сонлықтан да шайырдың жаңа топламындағы ҳәр бир қосық оқыўшының кеўил төринен орын алып, оны қыял дәрьясына шүмдиретуғынына гүман жоқ.

... Мына журтқа сөз унатыў аңсат па?

Бедеўимди шабыслардан шаршатпа!

Жети журт тилинде «сайра» демеймен,

Түркийзибан өз тилимде ар сақла!

- деп жырлаған шайырдың барлық қосықларында поэзия техникасы, қосық қурылысының сырлары жоқары дәрежеде сақланғанын аңлаймыз.

Оннан аслам поэманың, елиўден зыят нама қосықларының авторы болған Оразбай Сәтбаев поэзия ықласбентлерине буннан алдын «Дәс­лепки қар», «Ай сығалайды», «Дөңбекшиген дүньясаң», «Тырналар», «Салдым сүўретиңди сезимлериме», «Арзыўлар дарағы», «Ақ тулпар», «Ишқ ифори» (өзбек тилинде), «Шеңгел қоңыраўлары», «Өмир дәптери» атлы топламларын усынған еди. Оның «Аvangard-Baspa» баспасы тәрепинен офсет усылында, жоқары дәрежеде жарық көрген бул жаңа топламы да поэзия ықласбентлериниң китап текшесиниң төринен орын алады деп ойламыз.

С.ЖАНИЕВ.

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF