АНЫҚ МЕТРОЛОГИЯЛЫҚ ӨЛШЕМ-РАЎАЖЛАНЫЎ НОРМАСЫ
Бүгинги күни күнделикли турмысымызда пайдаланылатуғын ҳәр бир нәрсениң анық өлшеми, оларды өлшейтуғын әсбап-үскенелер бар.
Ҳәзирги жедел раўажланып баратырған дәўирде өлшемлерди дурыс әмелге асырыў, анық есап-санақлардың әҳмийетли структуралық бөлеги есапланады. Өлшемлердиң ҳақыйқый баҳасын анықлаў ушын өлшеў қуралларының өзи анық ҳәм дурыс көрсетиўи тийис. Буның ушын өлшеў қуралларының метрологиялық бақланыўын тәмийинлеў айрықша әҳмийетке ийе.
Жоқарыдағы процесслерди муўапықластырыўшы, дурыс ҳәм анық өлшемлерди тәмийинлеўши тараў-бул метрология тараўы болып табылады. Ҳәзирги «Үшинши Ренессанс» тырнағын қойыў дәўиринде әмелге асырылып атырған барлық илимий жойбарлар қатарында бул тараўдың орны гиреўли есапланады. Метрология дәўирдиң раўажланыўына тәсир етип, оның өзи де дәўирге сай раўажланып бара береди.
Елимизде халыққа ҳәм исбилерменлик субъектлерине, киши ҳәм ири санаат кәрханаларына метрология хызметин көрсетиў жылдан-жылға раўажланып бармақта. Сонлықтан да тараўға айрықша әҳмийет қаратылмақта.
Өткен жылдың 7-апрели күни Президентимиз тәрепинен қол қойылғын жаңа редакциядағы «Метрология ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының 13-статьясында елимизде өлшемлердиң бир пүтин бирликте болыўын тәмийинлеўге байланыслы нормативлик ҳүжжет сыпатында өлшемлерди орынлаў, өлшеў қуралларының салыстырылыўын өткериў, сынаў қуралларын метрологиялық аттестациядан өткериў ҳәм өлшеў қуралларын калибрлеў методлары белгилеп қойылған. Сондай-ақ, усы нызамның 23-статьясында орамларға қадақланған товарлардың муғдары үстинен мәмлекетлик метрология тәртиби белгилеп берилген. Усы статьяға муўапық, орамларға қадақланған товарлардың оларды майдалап қадақлаў ҳәм сатыў ўақтындағы муғдары үстинен мәмлекетлик метрология қадағалаўы мәмлекетлик метрология хызметиниң ўәкилликли уйымлары тәрепинен өткериледи.
Орамларға қадақланған товарлардың муғдары үстинен мәмлекетлик метрология қадағалаўы орамның қурамын орамды ашпастан ямаса деформацияламастан өзгертиў мүмкин болмаған жағдайда, олардағы товардың муғдарын көрсетиўши масса, көлем, узынлық, майдан ямаса басқа размерлер болса орамда белгиленген жағдайда әмелге асырылады. Усы товарлардың муғдары үстинен мәмлекетлик метрология қадағалаўы суйық ҳалатта қадақланған товарлар ушын тутыныў ыдысы сыпатында пайдаланатуғын өлшемли ыдысларға да қолланылады. Олардың муғдары үстинен мәмлекетлик метрология қадағалаўы тексериў сатып алыўы арқалы әмелге асырылады. Нызамдағы усы өзгерислер ҳәм қосымшалар тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм қадақланған товарлар муғдарының турақлы қадағалаўда болыўын тәмийинлейди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 29-августтағы «Өзбекстан Республикасында метрология хызметлерин көрсетиў тәртибин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары елимизде өлшемлердиң бир пүтин бирликте болыўын тәмийинлеў системасының нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириў, сондай-ақ, метрология хызметин көрсетиўде ашық-айдынлықты тәмийинлеўге хызмет етеди. Қарарда өлшеў ҳәм сынаў қуралларын мәмлекетлик сынаўлардан, метрологиялық аттестациядан, салыстырыўдан, калибрлеўден өткериў қағыйдалары тастыйықланған.
Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 29-июльдеги «Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының 2021-жыл 18-майдағы 75-сессиясында «Аралбойы регионын экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар аймағы деп жәриялаў ҳаққында»ғы арнаўлы резолюциясын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының 1-қосымшасы, резолюцияда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша қабыл етилген «Жол картасы»ның 5-бөлими илимди раўажландырыў, илимий-изертлеўлер өткериў, интеллектуаллық мүлк объектлери жаратылыўының ҳуқықый қорғалыўын тәмийинлеў ҳәм илимий-инновациялық қолланбаларды енгизиўде жергиликли және халықаралық бирге ислесиўди қоллаў-қуўатлаў 53-бәнтинде Қарақалпақстан Республикасында өлшемлердиң бир пүтин бирликте болыўын тәмийинлеў бойынша 6 жойбар (масса, басым, температура, электр, физика-химия, геометрия бағдарларында) метрология лабораторияларын шөлкемлестириў белгилеп берилген.
Бүгинги күни қарардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша Өзбекстан миллий метрология институты Қарақалпақстан Республикасы филиалы тәрепинен бир қатар жумыслар алып барылмақта. Қарарда көрсетилген заманагөй лабораториялар шөлкемлестирилгеннен кейин филиалдың аккредитация шеңбериниң кеңейиўи, аймағымызда жумыс алып барып атырған исбилерменлик субъектлери, киши ҳәм ири санаат кәрханаларына бир қатар метрологиялық хызметлердиң жолға қойылыўы режелестирилген. Бул өзгерислер өз гезегинде метрология хызмети шеңберинде әмелге асырылып атырған процесслерде елимизде ислеп шығарылып атырған өнимлердиң жоқары сапада болыўына унамлы тәсирин көрсетеди ҳәм олардың дүнья базарында өз орнын ийелеўине хызмет етеди.
Баҳадыр АЛЛАНАЗАРОВ,
Техникалық жақтан тәртипке салыў агентлиги «Өзбекстан
миллий метрология институты» мәмлекетлик мәкемеси
Қарақалпақстан Республикасы филиалының бөлим баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги