ЖУМЫСЛАР ТАЛҚЫЛАНЫП, ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ
Атап өтилгениндей, быйылғы жылдың өткен тоғыз айы даўамында районда санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 312,7 миллиард сумды қурап, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,1 процент, республикамыздағы үлеси 2,7 процентти қурады. Аймақлық кәрханалар тәрепинен ислеп шығыралған санаат өнимлери 108,9 миллиард сум болып, район санаатында аймақлық санааттың үлеси 34,8 процентти ҳәм жан басына есаплағанда 558,4 мың сумнан туўра келди.
Сондай-ақ, хызметлер көрсетиў тараўында 9 ай даўамында жәми хызметлер көлеми 349 миллиард сумды, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 119,9 процентти, усақлап сатыў 541,9 миллиард сумды, өткен жылға салыстырғанда 106,9 процентти, қурылыс жумысларының көлеми 171,1 миллиард сумды, өткен жылға салыстырғанда 104,4 процентти, аўыл хожалығы өнимлериниң көлеми 876,8 миллиард сумды, өткен жылға салыстырғанда 104 процентти қурады.
Усы жылдың жуўмағы бойынша санаат өнимлерин ислеп шығарыў 111, хызметлер көлеми 121, усақлап сатыў саўда айланысы 110, қурылыс жумыслары ҳәм аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 105 процентке жеткериледи. Бюджет түсимлерин тәмийинлеў бойынша 11 айдың жуўмағы бойынша 72,5 миллиард сум өндирилип, 67,7 миллиард сумлық белгиленген реже 107 процентке орынланды. Жыл жуўмағы менен 77 миллиард сум бюджет түсими өндирилип, белгиленген реже 109,5 процентке орынланыўына ерисиледи.
Өткен дәўирде Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў орайлары тәрепинен 3210 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленди. Усы жылда 1674 жаңа жумыс орны жаратылды. Буннан тысқары, 1737 пуқара ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартылған болса, 265 пуқара кәсип-өнерге оқытылып, бәнтлиги тәмийинленди.
Исбилерменликти раўажландырыўға айрықша әҳмийет қаратылмақта. Усы жылдың 1-декабрине 1970 юридикалық тәреп, 1881 жеке тәртиптеги исбилермен, жәми 3851 исбилерменлик субъекти дизимге алынған. Соннан быйылғы жылдың өзинде 374 киши бизнес субъекти, 658 жеке тәртиптеги исбилермен шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында районда 1 триллион 769 миллиард сумлық 92 жойбарды әмелге асырыў ҳәм 1375 жумыс орнын жаратыў бойынша мәнзилли бағдарлама ислеп шығылды. Соннан 2020-2021-жылларда улыўма баҳасы 121,6 миллиард сумлық 71 жойбар әмелге асырылып, 411 жумыс орнын жаратылды. Сондай-ақ, быйылғы жылы аймақлық инвестиция бағдарламасы тийкарында улыўма баҳасы 51,5 миллиард сумлық 21 жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде116 жаңа жумыс орны ашылды.
Быйылғы жылдың өткен айларнда 13,3 миллион долларлық өним экспорт етилип, бул бойынша реже 117,5 процентке орынланды. Жыл ақырына шекем және 14 миллион долларлық өним экспортқа шығарылады.
«Беруний пахта тазалаў заводы» акционерлик жәмийетине қараслы ески пахта тазалаў заводы аймағында 7,2 гектар жер майданы ажыратылып, киши санаат зонасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, райондағы «Шаббаз» аўыл пуқаралар жыйынында улыўма майданы 5,3 гектар болған «Жаслар санаат ҳәм исбилерменлик зонасы» шөлкемлестирилмекте.
Районда халықтың турақ жай ҳәм жасаў шараятларын жақсылаў бойынша быйылғы жылғы «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламалары тийкарында Беруний ҳәм Абай аўылы пуқаралар жыйынларында жәми 13 миллиард сумлық 838 миллион сумлық қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды. Райондағы алыс ҳәм аўыр категорияға кирген «Алтынсай», «Дослық» ҳәм «Қызылқала» аўыл пуқаралар жыйынларында 2 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратын оңлаў, 30 километр ишимлик суў тармағын тартыў ҳәм 2 имаратты реконструкциялаў, 17,5 километр ишки жолларды оңлаў жумыслары толық орынланды.
«Жаслар дәптерине» 7304 жас киргизилип, олардан 7173 жастың машқалалары унамлы шешимин тапты. Атап айтқанда, 4020 жасқа жер майданы, 345 жасқа жеңилликли кредит ажыратылып, 1560 жастың бәнтлиги тәмийинленди.
Бүгинги күни районда 50 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, 8 мәмлекетлик-жеке иеншик шериклик тийкарындағы ҳәм 256 мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми жумыс алып бармақта. Оларда 13845 бала қамтып алынған болып, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерине қабыл етиў бойынша көрсеткиш 79,8 процентти қурайды.
Районда 15 тез медициналық жәрдем бригадасы болып, 2 шаңарақлық поликлиникасы, 7 аўыллық шаңарақлық поликлиникасы, 2 аўыллық шыпакерлик пункти жумыс алып бармақта. Быйыл Жуманиязов мәҳәллесинде шаңарақлық шыпакерлик пункти шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, 15 жеке меншик клиника, 1 лаборатория ҳәм 14 диагностика орайы, 45 жеке меншик дәрихана халыққа хызмет көрсетпекте. Быйылғы жылы жәҳән стандартларына толық жуўап беретуғын, заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленген «Sayаmed»көз кеселликлери жеке меншик клиникасы филиалы жумыс баслады.
Районда аўыл хожалығы, шарўашылық ҳәм басқа да тараўларда айтарлықтар табысларға ерисилди.
Сессияда күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етилди.
Сессиядан соң баспасөз конференциясы өткерилип, онда сектор басшылары ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер тәрепинен берилген сораўларға жуўап берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги