ЖӘҲӘН БАНКИ МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ ДАЎАМ ЕТЕДИ
Жәҳән банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Марко Мантованелли басшылығындағы делегация республикамызда болды.
Нөкис қаласында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, министрликлер, мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллериниң қатнасында мәсләҳәт сессиясы өткерилип, онда Хорезм ўәлаятынан да ўәкиллер видеоконференц байланыс тәризинде қатнасты.
Делегация ағзалары тәрепинен Өзбекстанда, соның ишинде, Аралбойы регионында Жәҳән банки тәрепинен әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.
Атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Жәҳән банки ҳүкиметке 24 жойбарды әмелге асырыўда қаржылай ҳәм техникалық жәрдем көрсетпекте. Олар макроэкономикалық реформаларды әмелге асырыў, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, суў тәмийнаты, энергетика, транспорт, социаллық қорғаў системасы, қала ҳәм аўыллардың инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, коронавирус пандемиясының пуқаралар ҳәм экономикамызға тәсирин жумсартыўда өз үлесин қосып келмекте.
-Тийкарғы мақсетимиз жаңадан әмелге асырылатуғын жойбарлар бойынша аймақлардан усыныслар тыңлаў ҳәм оны додалаўдан ибарат,-дейди Жәҳән банкиниң мәмлекетимиздеги ўәкилханасының басшысы Марко Мантованелли.-Атап айтқанда, социаллық-экономикалық тараўларды раўажландырыў бағдарында пикирлесиўлер алып бармақшымыз. Себеби, Жәҳән банки Өзбекстан менен жаңа бирге ислесиў бағдарламасын тастыйықлаў алдында тур. Усы бирге ислесиў бағдарламасында биз тек ғана қаржылай жәрдем көрсетип қалмастан, ал билим алмасыўы ҳәм техникалық жәрлем көрсетиў бойынша илажларды да әмелге асырамыз. Буның ушын биз орынларда мәсләҳәтлесиўлер өткерип, машқалаларды ҳәм талапларды үйренбекшимиз. Усы арқалы қайсы жойбарларды әмелге асырыў әҳмийетли екенлигине анықлық киргизип алыўымыз тийис. Мәсләҳәт сессиясында аўыл хожалығы ушын суў тәмийнатын жақсылаў, ишимлик суўы ҳәм жер асты суўы бойынша жойбарларды даўам еттирип, көлемин кеңейтиў бойынша бир қанша усыныслар билдирилди. Биз берилген усынысларды Ташкент қаласында өткерилетуғын додалаўларда көрип шығамыз ҳәм келеси жылы тастыйықланатуғын бағдарламаға киргизиўге ҳәрекет етемиз.
Илажда Жәҳән банкиниң қатнасында әмелге асырылып атырған «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары бойынша үш районда суў тәмийнатының жақсыланыўын, сондай-ақ, бир нешше насос станцияларының жумысы, насос агрегатларының тоқтатылыўы нәтийжесинде көп муғдарда электроэнергия ҳәм пайдаланыў қәрежетлери үнемленетуғыны атап өтилди. Усы көзқарастан бул бағдардағы жойбарды даўам еттирип, Қарақалпақстанның арқа районларындағы магистрал каналларды реконструциялаў бойынша жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да бир қатар усыныслар билдирилди.
Делегация ағзалары Төрткүл, Беруний ҳәм Елликқала районларында болып, «Қубла Қарақалпақстанда суў ресурсларын басқарыўды жақсылаў» жойбары бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги