Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:59:57, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЕЛШИЛЕР АРАЛБОЙЫНЫҢ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ ИМКАНИЯТЛАРЫ МЕНЕН ТАНЫСПАҚТА

Аймағымыздың инвестициялық имканиятлары ҳәм экспорт потенциалы менен жақыннан танысыў мақсетинде Өзбекстанның 32 сырт елдеги елшиси республикамызға келди.

Мийманлар Нөкис халық аралық аэропортында салтанатлы жағдайда күтип алдынды.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў болды. Онда республикамыздың басшысы М.Камалов елшилерди республикамызға сапары менен қутлықлап, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен таныстырды. Сырт еллер менен ҳәр тәреплеме байланысларды беккемлеўде дипломатлардың хызметлери айрықша екенлигин атап өтти.

Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында Аралбойына сырт ел инвесторларын тартыў, жаңа заманагөй технологияларды алып келиў, аймағымыздың экспорт ҳәм туризм потенциалын раўажландырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Сыртқы экономикалық байланыслар тараўындағы алға қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды атқарыўда халықаралық шөлкемлер, мәмлекетимиздиң сырт еллердеги дипломатиялық корпуслары ҳәм елшиханалары менен биргеликтеги жумыслар жақсы жолға қойылмақта. Бул реттеги сапар усы байланысларды буннан былай да раўажландырыўға хызмет етеди.

Усындай өз-ара байланыслардың нәтийжесинде быйылғы жылдың өткен 10  айында республикамыздың сыртқы саўда айланысы 519,4 миллион АҚШ долларын қураған болса, бул өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 121 процент өсимди тәмийинледи. Соның ишинде, экспорт көлеми 329 миллион АҚШ долларын қурады.

Бүгинги күни 200 ден аслам экспортёр кәрхана дүньяның 34 мәмлекетине экспортты әмелге асырмақта. Соңғы жыллары АҚШ,  Мъянма, Канада,  Марокко сыяқлы мәмлекетлер менен бирге ислесиў көлеми кеңейип бармақта. Сырт еллердеги елшиханалардың әмелий жәрдеми менен быйылғы жылы экспортёр кәрханалардың саны және жиргирмаға көбейди.

Елшилердиң ҳәм сырт еллердеги дипломатиялық корпус ўәкиллериниң өткен жылдың 21-26-декабрь күнлериндеги республикамызға сапарынан кейин улыўма баҳасы 1 миллиард АҚШ доллары көлеминде 273 инвестициялық ҳәм грант жойбары, сондай-ақ, экспорт шәртнамалары дүзилди. Олардан Бирлескен Араб Әмирликлериндеги елшихана тәрепинен  «NCV International» компаниясының «Қоңырат сода заводы»ның өним ислеп шығарыў көлемин кеңейтиў,  усы мәмлекеттиң Шейх Халифа бин Заида Ал Наҳаён фонды тәрепинен Нөкис қаласында Ана ҳәм бала емлеўханасын қурыў, Австриядаға елшихана тәрепинен «C-Quadrat Investment Group» инвестиция компаниясы тәрепинен Нөкис қаласындағы 10-санлы санлы арнаўлы мектеп-интернатқа Брайл принтери, спорт инвентарлары, оқыў қуралларын жеткерип бериў,  мәмлекетимиздиң АҚШтағы ҳәм Кувейттеги  елшиханалары тәрепинен денсаўлықты сақлаў тараўындағы, Германия ҳәм Бельгия мәмлекетлериндеги елшиханалары тәрепинен экология ҳәм исбилерменлик, Малайзия мәмлекетиндеги елшихана тәрепинен билимлендириў тараўындағы, Япониядағы елшихана тәрепинен республикамызға заманагөй медициналық әсбап-үскенелерди жеткерип бериў сыяқлы бир қатар жойбарлардың әмелге асырылып атырғанын атап өткен орынлы.

Усы күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасының  Қарақалпақстан Республикасы басқармасында елшилердиң район ҳәкимлери, министрликлер, кәрхана, шөлкем басшылары менен ушырасыўы болып өтти. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев сырт ел инвесторларын тартыў, бирге ислесиўди беккемлеўде бул ушырасыўдың әҳмийетине тоқтап өтти. Ҳәр бир қала ҳәм районға бириктирилген елшилер аймақтың инвестициялық имканиятлары, экспорт потенциалы менен жақыннан таныстырылды.

Елшилердиң республикамызға сапары даўам етпекте.

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF