Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 02:01:53, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БАЙРАМ АЛДЫНАН ЖАҢА ТУРАҚ ЖАЙ ТАПСЫРЫЛДЫ

Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы алдынан Нөкис қаласында жаңадан қурылған көп қабатлы турақ жай Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерине тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Давлетов, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри, полковник А.Темирханов, Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының баслығы, полковник М.Юсупов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Тийкарғы Нызамымыз қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы ҳәм жаңа турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде соңғы жыллары жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм халқымыздың тынышлығын тәмийинлеў жолында хызмет атқарып атырған хызметкерлерди турақ жай менен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 28-ноябрьдеги «Ипотека кредити механизмлерин жетилистириўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, узақ мүддетли жеңилликли кредит есабынан қурып питкерилген турақ жайдан 15 квартира Ишки ислер уйымлары, 15 квартира Миллий гвардия хызметкерлерине салтанатлы жағдайда тапсырылды. Бул турақ жай тынышлық сақшыларына Конституция байрамы алдынан әжайып саўға болды.

Илажда, сондай-ақ, турақ жайды қысқа мүддетте сапалы етип питкерген «СONCRET BUILDINGК» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги ҳәм Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының Алғыснамасы тапсырылды.

Соңынан илаж қатнасыўшылары жаңа турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысты.

Көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы ҳақыйқый байрамға айланды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF