ШАРЎАЛАРДЫҢ ҲАЛ-ЖАҒДАЙЫНАН ХАБАР АЛЫНДЫ
Қарақалпақстан Республикасында бүгинги күни 4 млн. 586 мың гектар жайлаў жерлери болып, соның 2 млн. 41 мың гектары 345 қаракөлшилик субъектлерине бөлип берилген.
Мине усы жайлаўларда ҳәзирги күнлери 71 мыңнан аслам шарўа маллары күтимли бағылмақта. Соның ишинде қаракөлшилик кластерлери тәрепинен 1,2 мыңнан аслам нәсилли қойлар шет мәмлекетлерден алып келинген болса, 252 мың АҚШ долларлық 52 дана гилем ҳәм 2500 қаракөл сур терилери Россия, Қырғыз Республикасы ҳәм тағы басқа да еллерге экспорт етилген.
Усы шарўа малларын қыстың аязлы күнлеринен тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў ушын 108 мың 303 тонна от-жем талап етиледи.
Әйне күнлери болса, республикамыздың шарўа хожалықларында малларды қыслатыў мапазы баслап жиберилди.
Усы жылдың 4-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Шухрат Ғаниев ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Мурат Камаловлар республикамыз шарўаларының бүгинги турмысы ҳәм оларға жаратылған шараятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде, Тахтакөпир районындағы «Мүлик» аўыл пуқаралар жыйынында болды ҳәм усы аймақтағы «Саҳра Кеңеси» қаракөлшилик кластериниң шопанлары менен сәўбетлести.
Ушырасыў даўамында Бас министр орынбасары Ш.Ғаниев ҳәм республикамыз басшысы тәрепинен шопанларға арнаўлы кийим-кеншек, азық-аўқатлық затлар ҳәм шарўа маллары ушын жуғымлы от-жемлер тапсырылды.
Сондай-ақ, сапар даўамында Бас министр орынбасары Шухрат “аниев тәрепинен район ҳәкими ҳәм тийисли шөлкем басшыларына шарўа малларын қыс айларында тоқ ҳәм шығынсыз алып шығыў бойынша бир қатар тапсырма ҳәм көрсетпелер берилди.
Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Әдилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы