ИНСАН ҚӘДИРИ УЛЫҒЛАНҒАН ЕЛГЕ БАЙРАМ ЖАРАСАДЫ
Усы жыл 7-декабрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығына бағышланған салтанатлы мәжилис болып өтти.
Илажға Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, Жоқарғы Кеңестиң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, министрликлер, мәкеме ҳәм кәрханалардың, оқыў орынларының, ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери, нуранийлар, студент-жаслар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов жыйналғанларды Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 29 жыллығы байрамы менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң атынан қызғын қутлықлады.
Атап өтилгениндей, Конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық және еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Президентимиздиң халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў Конституциямыздың тийкарғы мақсети болып табылады,-дегениндей, тынышлықтың қәдирине жетиў, ата-бабаларымыздың мийрасларын қәстерлеп сақлаў, елимиздиң абадан турмысын тәмийинлеў, кексе-нуранийларды, ҳаял-қызлар менен жасларымызды қоллап-қуўатлаў, бүгинги турмысымыздың тийкарғы өлшемине айланып бармақта.
Соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында барлық тараўларда реформалардың тереңлесип барыўы, исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумыслардың жеделлесиўи, жаслар ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилгенлиги, жәрдемге мүтәж инсанлардың қоллап-қуўатланыўы, «Мәҳәлле кесиминде» жумыс ислеў әмелиятының жолға қойылғанлығы-булардың барлығы халқымызды турмыстан разы етиў ушын әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерден есапланады.
Жаңа Өзбекстанды қурыў жолында раўажланыўдың жаңа басқышына көтерилип атырған елимизде өткен қысқа ўақыт ишинде барлық аймақлар қатарында Қарақалпақстан Республикасы да социаллық-экономикалық жақтан жаңаша раўажланыў жолына түспекте. Ең шетки Мойнақ, Қоңырат, Бозатаў, Қанлыкөл ҳәм Тахтакөпир районларында үлкен жаңаланыўлар болмақта.
Президентимиздиң 2020-жыл 11-ноябрьдеги «2020-2023-жылларда Қарақалпақстан Республикасын комплексли социал-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи ҳәм усы тийкарда соңғы 3 жылқа мөлшерленген бағдарламаның ислеп шығылғанлығы бул бағдардағы илажларды жаңа басқышқа көтерди.
Мәжилисте Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти М.Жалалова жыйналғанларды байрам менен қутлықлап, республикамыздың халқына, соның ишине, жасларымызға айрықша ҳүрмет ҳәм итибары ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдирди. Қарақалпақстан халық шайыры Х.Дәўлетназаров Конституцияға арналған қосығын оқыды.
Илаж көркем өнер шеберлери ҳәм жас атқарыўшылардың байрамға арналған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Салтанатлы мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасты.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўрети.