ЖАҢА ОРАЙ ЖУМЫС БАСЛАДЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерге юридикалық хызмет көрсетиўди буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы 2021-жыл 29-июнь күнги қарарына муўапық, усы жыл 1-октябрьден баслап Қарақалпақстан Республикаси Әдиллик министрлиги жанында Қараөзек районы юридикалық хызмет көрсетиў орайы шөлкемлестирилди.
Орайдың тийкарғы ўазыйпасы — юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелердиң хызметлерин ҳуқықый жақтан тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымларға сапалы ҳәм қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў;
мәмлекетлик уйымлар хызметкерлериниң ҳуқықый саўатын ҳәм мәдениятын арттырыў;
мәмлекетлик уйымлардың мүлкий ҳәм де басқа ҳуқықлары және нызамлы мәплерин өз ўақтында, ҳәр тәреплеме ҳәм сапалы қорғаўды тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар тәрепинен қабыл етилип атырған ҳүжжетлердиң нызамлы ҳәм ҳәр тәреплеме пуқта болыўын тәмийинлеўден ибарат.
Аталған қарар тийкарында 2021-жыл 1-октябрьден баслап мәмлекетлик уйымларға юридикалық хызмет көрсетиў менен байланыслы барлық мағлыўматларды толық электрон түринде жыйнаў, қайта ислеў ҳәм додалап барыўды әмелге асырыў имканын беретуғын «E-huquqshunos» электрон системасы шөлкемлестирилди. Орайлар тәрепинен юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер арасында өз-ара жумысты шөлкемлестириў усы система арқалы әмелге асырылады.
Зәрүр жағдайларда орай хызметкерлери өз хызметлерин тийисли хызмет көрсетиўши мәкемелер жайласқан имаратта да әмелге асырыўы мүмкин. Бунда хызмет көрсетиўши мәкемелердиң басшылары орай хызметкерлерине тийисли шараят жаратып бериўи лазым.
Юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер тәрепинен юридикалық хызмет көрсетиў орайы менен келисилмеген ҳалда қабыл етилген ҳәр қандай буйрықлар, бийликлер, шәртнамалар ҳәм юридикалық түрдеги басқа да ҳүжжетлерди ҳақыйқый емес, деп табыў ушын тийкар есапланады.
Орайдың тийкарғы ўазыйпалары — юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелердиң хызметин ҳуқықый жақтан тәмийинлеў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелерге сапалы ҳәм қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер хызметкерлериниң ҳуқықый саўаты ҳәм мәдениятын арттырыў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелердиң мүлкий ҳәм де басқа ҳуқық ҳәм нызамлы мәплериниң өз ўақтында, ҳәр тәреплеме ҳәм сапалы қорғалыўын тәмийинлеў;
мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер тәрепинен қабыл етилетуғын ҳүжжетлердиң нызамлы, ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм сапалы болыўын тәмийинлеўден ибарат.
Орайлар төмендеги ҳуқықларға ийе:
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелерге келип түсип атырған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер менен танысыў, хызметте пайдаланыў ҳәм олардың орайластырылған есабын жүргизиў ушын биринши нәўбетке алыў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер, соның менен бирге лаўазымлы шахслардан орайлардың жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпаларды орынлаў ушын зәрүр болған ҳүжжетлер, мағлыўматлар ҳәм басқа да зәрүр материалларды алыў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер тәрепинен шақырылатуғын ҳуқықый мәселелерге тийисли мәжилислер, кеңеслер ҳәм жыйналысларда қатнасыў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелердиң сораўына тийкар яки тийисли бойсыныўшы система баслығының разылығы менен олардың хызметкерлерин мәкемеге тийисли болған ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң жойбарларын таярлаў, ҳуқықый жумыслар менен байланыслы басқа да илажларға қатнастырыў;
нызам ҳүжжетлерине туўра келмейтуғын, нызамшылық техникасы талапларына жуўап бермейтуғын ҳүжжетлердиң жойбарларын орынлаўшыларға пуқта ислеў ушын қайтарыў, өз нарыйзалығын тийкарлаған ҳалда, анықланған кемшиликлерди сапластырыў ҳаққында юридикалық жуўмақлар бериў, мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер басшыларының сораўына көре яки өзиниң басламасы менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелер менен биргеликте усы жойбарларды нызамлы таярлаўға қатнасыў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелердиң ўәкиллигине киретуғын мәселелер бойынша нызам ҳүжжетлерине муўапық үйрениў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер, соның менен бирге, оған бойсыныўшы мәкемелердың нызам ҳүжжетлериниң орынланыўы тәмийинленбей яки оларды бузып атырған басшылар ҳәм хызметкерлерди жуўапкершиликке тартыў ҳаққында усыныслар киргизиў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелерде, соның менен бирге, оған бойсыныўшы мәкемелер тәрепинен өткерилетуғын тексериўлер, хатлаўларда, олардың тамамланыўы бойынша ҳүжжетлерди көрип шығыўда ҳәм анықланған ҳуқықбузарлықлар бойынша юридикалық жуўмақлар бериў;
юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәкемелер, соның менен бирге, оған бойсыныўшы мәкемелер арасында шәртнамалық яки басқа да ҳуқықый қатнасықлар нәтийжесинде даўлы жағдайлар келип шыққанда, орайлар оларды судқа шекем шешиў илажларын көреди. Бунда, орайлар даўласып атырған мәкемелердиң талапларын үйренип, даўлы жағдайды шешиў мәселелери бойынша тийисли мәкемелерге усыныс береди.
Юридикалық хызмет көрсетилетуғын мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәкемелерден келип түскен юридикалық ҳүжжетлер орайлар тәрепинен узағы менен үш жумыс күни ишинде көрип шығылады.
Қараөзек районы юридикалық хызмет көрсетиў орайына хызмет көрсетиўши мәкемелерден усы күнге шекем 734 буйрық ҳәм шәртнамалар келип түсип, ҳуқықый жуўмақлар берилди.
Айдос ҚАЛИЕВ,
Қараөзек районы юридикалық хызмет көрсетиў орайының бас юрисконсульты.