КОРРУПЦИЯҒА ҚАРСЫ ГҮРЕСИЎ — ЖАҢА БАСҚЫШТА
Келешектиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын иллетлердиң бири бул — коррупция. Сонлықтан, коррупцияға қарсы гүресиў ҳәр бир мәмлекет алдындағы баслы ўазыйпалардан болып есапланады.
Себеби, коррупция мәмлекет ҳәм жәмийеттиң сиясий-экономикалық раўажланыўына үлкен зыян жеткерип, мәмлекеттиң конституциялық тийкарларын ҳәм нызам үстинлигин ҳәлсиретеди, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлериниң бузылыўына алып келеди.
Соңғы жылларда елимизде нызам үстинлигин тәмийинлеў, мәмлекет ҳәм жәмийет турмысының барлық тараўларында коррупцияның алдын алыў, халықтың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў арқалы жәмийетте коррупцияға қарсы қатнасты қәлиплестириў бойынша анық илажлар әмелге асырылмақта.
Ҳүрметли Президентимиз өз лаўазымына кирисиўге бағышланған салтанатлы мәресимдеги сөзинде Өзбекстан стратегиясының жети бағдарын атап өтти. Усы келешек стратегиясының екинши бағдарында әдиллик ҳәм нызам үстинлигин тәмийинлеў арқалы халықшыл мәмлекет қурыў белгиленген. Онда суд системасы, ҳуқық қорғаў уйымлары хызметин жетилистириў мәселелери менен бирге коррупцияға қарсы гүресиў тийкарғы мәселелерден бири екенлиги де белгиленген.
Президентимиздиң: «Тийкарғы нызамның кепили сыпатында Конституция ҳәм нызамларымыздың талапларын сөзсиз орынлаў, «Инсан қәдири ушын» деген баслы принципти әмелге енгизиў буннан былай да жумысымыздың баслы факторы болып қалады», деген сөзлери ҳәр биримиздиң күнделикли жумысымызда әмелде көриниўи керек.
Елимизде халықаралық тәжирийбелерди есапқа алған ҳалда коррупцияға қарсы гүресиўдиң ҳуқықый тийкарларын және де жетилистириў мақсетинде 2017-жыл 3-январьда Өзбекстан Республикасының «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилди.
Бул нызам мәмлекетлик уйымларға пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң исенимин беккемлеўде, коррупцияға байланыслы ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўда ҳәм профилактикалаўда, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийети институтлары, ғалаба хабар қураллары ҳәм пуқаралардың усы тараўдағы тиккелей қатнасын тәмийинлеўде, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўде әҳмийетли орын тутпақта.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-июньдеги «Коррупцияға қарсы гүресиў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы Пәрманы менен Өзбекстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм оның аймақлық кеңеслери шөлкемлестирилди. Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасында 38 ағзадан ибарат аймақлық кеңес ағзалары жумыс алып бармақта.
Аймақлық кеңес ағзаларына коррупцияға тийисли ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, оларды анықлаў, шек қойыў, ақыбетлери ҳәм де имканият бериўши себеплери ҳәм шараятларды сапластырыўға байланыслы илажлардың нәтийжелилигин арттырыўды тәмийинлеў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша илажлардың әмелге асырылыўы бойынша мониторингти әмелге асырыў, усы тараўда бар болған шөлкемлестирилген әмелий ҳәм ҳуқықый механизмлердиң нәтийжелилигин баҳалаў сыяқлы бир қатар ўазыйпалар жүкленген.
Сондай-ақ, аймақлық кеңес ағзалары атқарыўшы ҳәкимият уйымларынан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардан аймақлық кеңес ўәкиллигине байланыслы болған мағлыўматты белгиленген тәртипте сораў ҳәм алыў, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жумысын әмелге асырыўшы аймақлық мәмлекетлик уйымлар баслықларының есабатларын ҳәм баянатларын тыңлаў, аймақларда коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы жумыслардың жағдайын комплекс үйрениўди алып барыў ҳуқықына ийе.
Қарақалпақстан Республикасы аймақлық кеңеси баслығы тәрепинен Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық кеңеси ағзаларының 2021-жыл ноябрь-декабрь айлары ушын ис-режеси тастыйықланды. Онда Денсаўлықты сақлаў, Мектепке шекемги билимлендириў министрликлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўында исленген жумыслары ҳаққындағы есабатларын тыңлаў режелестирилген. Ҳәр бир мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары лаўазымлы шахсларының коррупцияға қарсы гүресиўдеги илажларының әмелге асырылыўы бойынша есабатын тыңлаў басқышпа-басқыш жүргизиледи. Буннан тысқары, суд, ҳуқық қорғаў уйымлары ҳәм пуқаралық жәмийет институтлары тәрепинен үгит-нәсият жумысларын өткериў белгиленген. Сондай-ақ, Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Қарақалпақстан Республикасы аймақлық кеңесиниң жумыслары ҳаққында мағлыўматларды турақлы түрде кең жәмийетшиликке жеткерип барыў мақсетинде социаллық тармақлар ашылды.
Тилекке қарсы, коррупция раўажланыўының тамырына балта уратуғын иллет екенлиги, оның унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиндириў жумыслары алып барылып атырғанлығына қарамастан, бул иллет жәмийетимизде еле ушырасып турғаны аянышлы.
Буған мысал ретинде, Нөкис қаласындағы спорт мектеплериниң бириниң лаўазымлы шахслары қурылыс-оңлаўға қәнигелестирилген жуўапкершилиги шекленген жәмийет пенен өз-ара тил бириктирип, есап-фактураларға жәми 520 млн. 792 мың сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары орынланғанлығы ҳаққындағы қәлбеки ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, 363 млн. 990 мың сум бюджеттен ажыратылған қаржыларды өзлестириў жолы менен талан-тараж еткени анықланған болса, Нөкис қаласындағы медицина мәкемелериниң биринде ислеўши У.Р. пуқара Е.Г.ниң исенимине кирип, оны поликлиникаға мийирбийке лаўазымына жумысқа орналастырып бериўди айтып, оннан 10 млн. сум пул пара ретинде алған ўақтында усланды.
Бундай унамсыз ис-ҳәрекетлер районларда да ушыраспақта. Атап айтқанда, Беруний районының билимлендириў тараўында ислеген Г.Ш. мектеп директорынан ишки аудит тексериўинде анықланған кемшиликлерди тексериўшилерге айтып алып таслатқанлығы ушын, оннан 300 мың сум пара ретинде алған ўақтында усланды. Төрткүл районындағы колледжлердиң биринде ислеген А.Р. пуқара Р.Д.ны райондағы мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң бирине жумысқа киргизип бериўди айтып, оннан 300 АҚШ долларын пара ретинде алған ўақтында жынаят үстинде қолға алынды.
Әлбетте, мәмлекет дәрежесиндеги ҳәр қандай қарар яки нызамды қабыл етиўде жәмийетшилик пикирди билиў демократиялық жәмийеттиң тийкарғы принциплеринен бири болып саналады. Бүгин Өзбекстанда мине усы системаны жолға қойыўға қаратылған әмелий жумыслар алып барылмақта. Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси ҳәм аймақлық кеңесиниң шөлкемлестирилиўи усы бағдарда топланып қалған машқалалардың шешимин табыўдағы үлкен қәдем болды, десек қәтелеспеймиз. Буның тийкарында жаңаланып атырған мәмлекетимиздеги реформалардың нәтийжелилиги артады, усындай механизм арқалы кең жәмийетшилик ўәкиллериниң елимиздеги реформаларда белсене қатнасыўы тәмийинленеди.
Жуўмақластырып айтқанда, Келешек стратегиясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәр биримизге, соның қатарында аймақлық кеңес ағзаларына, сондай-ақ, халық ўәкиллери болған депутатларға айрықша жуўапкершилик жүклейди.
Зухра РЕЙМОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Нызамлылық, суд-ҳуқық ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў мәселелери комитетиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша аймақлық Кеңеси хаткери.