ЖАС ФУТБОЛШЫЛАРЫМЫЗ КУБОК ЖЕҢИМПАЗЫ
Усы жылдың 23-29-ноябрь күнлери аралығында пайтахтымыздағы Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектеби (академия) стадионында футбол бойынша «Профессионал футбол мектеплер лигасы» жәмәәтлери арасында Өзбекстан кубогы ушын беллесиўлер болып өтти. Оған елимиздиң барлық ўәлаятларынан, Ташкент қаласы ҳәм бизиң республикамыздан күшли командалар қатнасты.
Қуўанышлы тәрепи, оғада кескин гүреслер астында өткен жарыстың финал беллесиўине өз қарсыласларынан басым келген Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ферғана ўәлаятының жас былғары топ шеберлери жетип келди. Финал жүдә қызықлы ҳәм маўасасыз беллесиўлер астында өтти. Стадионға келген ышқыпазлар футболшылардың жоқары техникалық шеберликлериниң, жеңиске болған умтылыўшылықларының гүўасына айланды. Беллесиў жуўмағында қарсыласлар дәрўазасына 4 топ жоллап, өз дәрўазасынан 1 топ өткерген қарақалпақстанлы футболшылар жеңиске ерисип, өз тарийхында биринши мәрте Өзбекстан кубоги ийесине айланды.
— Футболшыларымыз ҳәр бир ойында өз жанкүйерлериниң тынымсыз қоллап-қуўатлаўы астында шеберликтиң жоқары үлгисин көрсетти, - дейди Нөкис Балалар ҳәм жас өспиримлер футбол шеберлик мектеби директорының орынбасары Баҳадыр Ибрайымов. — Команда ағзаларынан Мансур Муратбаев, Әмир Өтебаев, Руслан Югай, Емберген Жумабаев, Мақсет Қалбаевлар жақсы ҳәрекет етип, тамашагөйлердиң алғысына бөленди...
Жас футболшыларымыздың бул табысында бас тренер Мэлс Дастенов, жәрдемши тренер Султанғали Шермановлардың хызмети айрықша болды. Команда ағзаларын бул табысы менен қызғын қутлықлап, алдағы жарысларда да усы пәтти жаздырмаўын тилеймиз.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: қарақалпақстанлы жас футболшылар.