ИНСАН ҲУҚЫҚЛАРЫ ҲӘМ ЕРКИНЛИКЛЕРИН ҚОРҒАЎ ЖОЛЫНДА
Усы жыл 2-декабрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесиниң Терроризмге қарсы гүресиўде инсан ҳуқықларын хошаметлеў ҳәм қорғаў мәселелери бойынша Арнаўлы баянатшысы Фионулла Ни Аолайнды қабыл етти.
Ушырасыўда республикамыздың басшысы мийманларды Қарақалпақстан Республикасына сапары менен қутлықлап, соңғы жыллары Президентимиздиң басшылығында Жаңа Өзбекстанда демократиялық реформаларды әмелге асырыў процесинде ең дәслеп инсан ҳуқық ҳәм еркинлерин қорғаў, мәплерин тәмийинлеў, халықтың пикир ҳәм дәртлерин тыңлаў, машқалаларын сапластырыў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге әмелге асырылып атырғанын атап өтти.
Өз гезегинде БМШ Инсан ҳуқықлары бойынша Кеңесиниң Арнаўлы баянатшысы Фионулла Ни Аолайн Өзбекстанда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў, әсиресе, жолдан адасқан, сырт еллерде ҳуқықлары бузылған инсанларды, бунда биринши гезекте ҳаял-қызларды ҳәм балаларды Ўатанға қайтарыў бойынша алып барылып атырған жумысларды жоқары баҳалады.
Қабыллаўда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў бағдарында бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз-ара пикир алмасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги