Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:06:21, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕСИНИҢ ЖИГИРМА ҮШИНШИ СЕССИЯСЫ ҲАҚҚЫНДА МӘЛИМЛЕМЕ

 Усы жыл 30-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы болып өтти.

Видеоконференцбайланыс форматында өткен сессияға Олий Мажлис Сенатының, Қарақалпақстан Республикасы ҳүкиметиниң ағзалары, секторлар ҳәм тийисли тараўлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Сессияны Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы М.Камалов кирис сөз бенен ашты.

Депутатлар сессияның Секретариатын сайлады ҳәм күн тәртибин тастыйықлады.

Сессияның күн тәртибинде дәслеп «Нормативлик-ҳуқықый актлер ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының (жаңа редакцияда) жойбары ҳаққындағы мәселе бойынша Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы З.Реймова баянат жасады.

Бул мәселе бойынша 26-санлы «Шаббаз» сайлаў округинен депутат Х.Ешимбетов шығып сөйледи. Депутатлар күн тәртибиндеги мәселе бойынша тийисли қарар қабыл етти.

Буннан соң «Қарақалпақстан Республикасының айырым нызамларына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Қарақалпақстан Республикасының Нызамының жойбары туўралы мәселе көрип шығылды. Бул бойынша депутат В.Қаленова баянат жасады ҳәм тийисли қарар қабыл етилди.

Күн тәртибиндеги кейинги мәселе «2017-2021-жыллары Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясын «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама тийкарында ислеп шығылған илажлар режесиниң Мойнақ районында орынланыў барысы бойынша район ҳәкиминиң мәлимлемеси ҳаққында»ғы мәселе  бойынша район ҳәкими Е.Еденбаев баянат жасады.

Атап өтилгениндей, бул бағдарда быйылғы жылдың өткен айлары даўамында районда кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бағдарламаның өз ўақтында сапалы орынлаўын тәмийинлеў бойынша халық депутатлары Мойнақ районының шешими қабыл етилди ҳәм 38 ўазыйпадан ибарат аймақлық бағдарлама тастыйықланды.  Оның ҳәр бир бөлимине район ҳәкиминиң орынбасарлары,  ҳәр бир бәнтиниң орынланыўына кәрхана ҳәм мәкеме басшылары жуўапкер етип бекитилди. Депутатлар бул мәселе бойынша қарар қабыл етти.

Сондай-ақ, сессия күн тәртибинде «Ҳуқықбузарлықтың алдын алыў ҳәм олардың профилактикасының жағдайы ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министриниң мәлимлемеси туўралы» мәселе қаралып, Ишки ислер министри А.Темирханов баянат жасады. Бул мәселе тийисли қарар қабыл етилди.

Депутатлар Жоқарғы Кеңес Президиумы тәрепинен сессиялар аралығында қабыл етилген тийисли қарарларды тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етти.

Усының менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң жигирма үшинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

 Қарақалпақстан хабар агентлиги.

 

 

 

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF