КЕМ ТӘМИЙИНЛЕНГЕН ШАҢАРАҚЛАРҒА ТУРАҚ ЖАЙ
26-ноябрь күни Қанлыкөл районы «Қанлыкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 20 хожалыққа мөлшерленген турақ жай өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.
Усы мүнәсибет пенен өткерилген салтанатлы илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов, «Ўзбекнефтьгаз» АЖ ўәкили О.Сагдиев, район ҳәкими А.Ибрагимов ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.
Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимизде кем тәмийинленген, өзгениң жәрдемине мүтәж шаңарақларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти.
Аймақтағы аўыллық шыпакерлик поликлиникасының бос турған ески имаратын турақ жайға бейимлестириў мақсетинде «Ўзбекнефтьгаз» АЖ қаржылары есабынан 1 миллиард 620 миллион сумнан артық қаржы есабынан реконструкция жумыслары әмелге асырылды.
Имарат 2 қабатлы, 20 хожалыққа мөлшерленген болып, барлық қолайлы шараятлар жаратылған. Ҳәр бир хожалыққа арналған бөлмелерде заманагөй жылытыў үскенелери оранатылған.
Илажда жаңа имарат гилтлери өз ийелерине салтанатлы түрде тапсырылды. Қәўендерлер тәрепинен шаңарақ ийелерине күнделикли турмыслық тутыныў техникалары саўға етилди.