АРАЛБОЙЫ АЙМАҒЫНДАҒЫ МАШҚАЛАЛАР ДОДАЛАНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Мурат Камалов БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили Матильда Димовска, Японияның Өзбекстандағы айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Ёщинори Фуджияма, БМШ тың халықтаныўшылық қорының Өзбекстандағы ўәкили Ю.Юды қабыл етти.
Ушырасыўда республикамыз басшысы мийманларды Аралбойына сапары менен қутлықлап, аймақты социаллық экономикалық раўажландырыў, халықтың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға, әсиресе, Арал теңизиниң қурыўы менен жүзеге келген экологиялық жағдайды жумсартыў, халықтың денсаўлығын сақлаў бойынша алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Бунда халықаралық шөлкемлер, соның ишинде, БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасы, Халықтаныўшылық фонды, бир қатар раўажланған мәмлекетлер көрсетип атырған жәрдемин айрықша атап өтти.
Өз гезегинде мийманлар жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын миннетдаршылық билдирди. Аралбойы регионын, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасын ҳәр тәреплеме раўажландырыў, социаллық-экономикалық тараўларды қоллап-қуўатлаў, экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў бойынша алып барылып атырған жумысларға көмеклесиў, өз-ара бирге ислесиў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бойынша өзлериниң пикир-усынысларын билдирди.
Усы күнниң өзинде мийманлар БМШтың Раўажландырыў Бағдарламасы, Халықтаныўшылық фонды тәрепинен Япония ҳүкиметиниң қаржыландырыўында әмелге асырылған бир қатар жойбарлардың ашылыў мәресимлерине қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги