УСТАЗЛЫҚ МЕН УШЫН...
Бәршемиз ушын ҳәмийше қәдирли, уллы кәсип ийелери болған устазлар ҳаққында қанша айтсақ та арзыйды. Себеби, олар ҳәр биримиздиң билим сандығымызға салынатуғын илимниң тийкарғы себепшиси болыўы менен бирге, ҳәр тәреплеме сабақ ҳәм өрнек көрсетиўши инсанлар болып есапланады.
Және де ҳәммемизге белгили бир ҳақыйқатлық бар, адам қандай бийик шыңларға көтерилсе де еки инсан алдында мудамы бас ийеди. Бири бизди дүньяға келтирген ана болса, екиншиси — устаз.
Балалықта ҳәр биримизди түрли қыял бийлейди. Әне, сол ўақытлары дурыс жол көрсетип, бағдар берген устазларымыздан қарыздар боламыз. Және де инсанның бир қәсипти яки өнерди ийелеўинде мүнәсип мийнети сиңген устазлары болары анық. Сол себепли устаз атаңдай уллы ҳәм қәдирли. Көпшилик оқыўшылар мектеп босағасынан атлап, билим берген муғаллимлерине уқсап устаз болыўды нийет етеди. Бәлким Гүлшаттың да бул тараўға араласып, устазлық кәсибине меҳри асқаны тосыннан емес шығар.
— Устазлық — ең уллы кәсип. Өсип киятырған ҳәр бир жас тийкарғы билимди мектептен алады. Сол ушын да устазлардан ҳәр қашан терең билим, жуўапкершилик талап етиледи. Келешек әўладтың қәлбинде жақсылық нийетлерин оятыў, оларды ана- Ўатанға садық, мийнеткеш, билимли етип тәрбиялаў, ўақты келгенде әне, усы мийнетлери арқасында ардақланыў ҳәр бир устаздың мақсети,-дейди мақаламыз қаҳарманы Гүлшат Атаниязова.
Бүгинги күнде ол Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектебиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими болып ислеп атыр. Гүлшат заман менен тең қәдем атып, кәсибиниң татлы нанын жеп, мийнетиниң арқасында устазлық бахтына ерискен инсанлардан бири.
«Болар бала бес жасынан белгили» дегениндей, Гүлшаттың бул кәсипке деген ықласы өзгеше болды. Балалығынан кеўлине мөрленген нийети оны Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетине жетелеп келди. Дегенине жетип, оқыўға қабылланып табыслы тамамлайды. Солай етип, 2003-жылы мийнет дәптершесиниң дәслепки бети ашылып, оған «Нөкис медициналық колледжи оқытыўшысы» жазыўы мөрленген болса, бир неше жыл даўамында усы жерде устазлық етип, кафедрадағы жасы үлкен устазларынан кәсибиниң қыр-сырларын терең меңгериў ушын көп нәрсени үйрене алды. Әлпайымлығы, жасы үлкенге ҳүрмет, жасы кишиге иззет, өзине де оқыўшыға да талапшаңлығы оның үлкен жәмәәтте орнын белгилеп, абырайлы оқытыўшыға айландыра алды. Солай етип, Гүлшат Атаниязова 2010-жылдан баслап ТашПМИ Нөкис филиалы қасындағы академиялық лицейде жумыс ислеп, сол жәмәәттиң шүлен қазанында қайнап, мийнетиниң арқасында татлы нан жеп, тийкарғысы, басшылық оны қайсы жумысқа жексе де, мүлтиксиз орынлап исенимди ақлады. Зийреклиги, билимге деген умтылысы, сабақ өтиўдеги шеберлиги, ҳә демей-ақ оның тирише ҳәм талапшаңлығын көрсетти.
Хабарыңыз болса, Журтбасшымыздың тиккелей тапсырмасына бола республикамыздан И.Юсупов атындағы дөретиўшилик мектеби ашылып, бул билим ошағына тәжирийбели оқытыўшылар сайлап алынып, солардың бири болыў Гүлшатқа да несип етти. Солай етип, ол усы билим мәканында қарақалпақ тили ҳәм әдебияты пәни оқытыўшысы болып ислеп киятырғанына да көзди ашып жумғанша бир қанша жыллар болды. Дизбекли жыллардағы ерисилген тәжирийбе оны бийик шыңларға жетелеген болса тәәжип емес. Себеби, оның ерисип атырған жетискенликлерин көрип ҳәм еситип, әдиўли устаздың келешегимиз болған жасларға билим, тәлим-тәрбия бериўдей, бир қарағанда аңсат, бирақ, негизинде машақатлы кәсипти таңлап адаспағанлығын турмыстың өзи дәлиллеп атыр. Тийкарғысы, ол өз үстинде көп изленип, ҳәр бир сабақтың оқыўшының ядында мөрленип, тәсирли болып өтиўи ушын көргизбели қураллардың жаңаша усылларынан утымлы пайдаланады. Балалардың пәнге болған қызығыўшылығын оятыўға тырысады. Сондай-ақ, ол тәжирийбели педагог сыпатында билимлендириў процесине инновациялық технологияларды қолланып, жаслардың интеллектуал қәбилетин арттырыў барысында нәтийжели жумыс көрсетип келмекте. Илимий-методикалық излениўлери нәтийжесинде бир қанша оқыў-методикалық қолланбалары билимлендириў процесине енгизилди. Және де тәжирийбели оқытыўшы өзи жаратқан «Ерте дәўирдеги қарақалпақ әдебияты» темасындағы электрон сабақ исленбеси, жүзден артық көргизбели қураллары, машқалалы темаларды оқытыў бойынша электрон слайдлардан нәтийжели пайдаланады. 2014-жылы «Академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде оқыў-тәрбия процесин жаңа басқышқа көтериў ҳәм раўажландырыў, оқытыўшылардың билим дәрежесин ҳәм педагогикалық қәбилетин арттырыў» атамасындағы оқыў әмелий семинарда ашық сабағы менен қатнасып, 1-орынды ийелеп, өзин көрсете алды. Және де инсанның өзине исенип қәдем атқан тәўекелшилиги оны жоқары шыңларға жеткереди. Бул мениң қолымнан келмейди, деген пикирден ҳәр қашан аўлақ болыўы керек. Елиң, журтың ушын ислеген ҳәр қандай мийнетиң ерте болсын кеш болсын жарыққа шығары анық. Әне Гүлшаттың да билимлендириў тараўындағы көрсеткен елеўли мийнетлери есапқа алынып, «Ҳүрмет жарлық»лары ҳәм «Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў ағласы» көкирек белгиси менен сыйлықланған еди. Ал, быйылғы жылы байрам қарсаңында болса Гүлшат Атаниязова «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.
— Азлы-көпли мийнетимниң баҳаланғанынан қатты қуўанышлыман. Таңлаған кәсибимниң көп жуўапкершилик жүклейтуғыны мәлим. Себеби, ертеңги күнги келешегимиз болған жасларымыздың дурыс тәлим-тәрбия, билим алыўы ушын тынымсыз мийнет етиўимиз, бәрҳама изленисте болыўымыз керек деп ойлайман. Устазлық машақатлы кәсип, дейди. Сонлықтан да ҳәр бир сабағыма пуқта таярланыў мен ушын әдетке айланған. Оқыўшыларым республикалық көлемдеги пән олимпиадаларында жақсы нәтийжелерге ерисип, мийнетимди ақлап, қуўанышқа бөлейди. Усылардың жемиси шығар хызметлерим баҳаланып атыр. Және де айтайын дегеним итибар қаратылып, мийнетлериме берилген баҳа маған еле де үлкен жуўапкершилик жүклейди-дейди «Шуҳрат» медалы ийеси, тәжирийбели устаз Гүлшат Атаниязова.
Әлбетте, ҳәр бир инсанның жумыс бабында үлкен-үлкен нәтийжелерге ерисиўинде саўаты, билими, қалаберди шаңарақтағы аўызбиршилик ҳәм татыўлықтың орны айрықша. Демек, ким болмасын таңлаған кәсиби, ислеген жумысынан камал таўып, халықтың алғысына миясар болса, бул оның ушын үлкен бахыт ҳәм жетискенлик болары анық.
С.ТУРДЫБЕКОВА.
СҮЎРЕТТЕ: Г.Атаниязова.