ҚАРАҚАЛПАҚША «КВН» ШЕЖИРЕСИ
Минекей, қудайға шүкир, ғәрезсизлигимизге ерисип, ҳәр бир тараўда жетискенликлерге ериспектемиз. Билимлендириў, көркем-өнер, әдебият, мәденият ҳәм спорт бойынша жетискенликлеримиз аўыз толтырып айтыўға турарлық деп ойлаймыз.
Аўа, биз ҳәр ўақта басып өткен ҳәр бир қәдемлеримиз ушын есап берип өтиўге толық ҳақылымыз. Хош, биз нелер ҳәм кимлер ҳаққында айтпақшымыз! Дурыс таптыңыз! Биз Қарақалпақстанның қуўнақ ҳәм зийрек жаслары ҳаққында сөз етпекшимиз.
Қарап көрсек, қарақалпақша КВНимизге де 30 жылдан аслам ўақыт болып қалыпты. Әлбетте, еле де тереңирек изертлесек, 40-50 жыллық дәўирди өз ишине алатуғын тарийх бар. Себеби, 70-80-жыллары телевидение арқалы «САЗ» — «Студентлик алтын заманым», «ТЕЗ» — «Тапқырлық, епшиллик, зийреклик», «Аўыл таңлары», «Бәйги» атамасындағы телевикторина ҳәм таңлаўлар еле көпшиликтиң ядынан шыға қойған жоқ.
ҚМУ «Жайҳун» командасы ағзалары. 1995-жыл.
Хош, КВНниң дәслепки адымлары қашаннан басланды! Бизиңше, өткен әсирдиң 90-жылларынан анық қәлиплесе баслады. Жоқары оқыў орынларының көбейиўи нәтийжесинде ҳәр қыйлы жарыслар шөлкемлестириле баслады. Сол жыллары жаслардың жетекшилери ҚМУнен П.Утемуратов белсенди студентлерди жыйнап, КВНге уқсаған жарыс шөлкемлестириўди алға қойды. Дәслеп, бөлим, факультетлер арасында жарыслар шөлкемлестириле баслады. Тәлим-тәрбия ислер бойынша сол ўақыттағы проректор Ж.Сағындықов, жарысқа «ОИПАИКИ» деп атама қойды. «Ойланып, изленип, пикирлеў арқалы илим кәнин ийелеў» деген бул жарыс интеллектуал ҳәм дөретиўшилик излениўди талап етеди.
Ҳәзир көп ғана студентлер «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» арқалы өзлерин танытпақта ҳәм өзлеринде руўхый азық ҳәм байлықты жетилистирмекте. Егер өтмиш ҳәм бүгинги күнге нәзер аўдаратуғын болсақ, жоқары оқыў орынларындағы дерлик көпшилик профессор-оқытыўшылар, деканлар, проректорлар, қала берсе, басқа тараўларда жемисли мийнет етип атырған басшылар қарақалпақша КВН орталығында камалға келди ҳәм оның раўажланыўына, жаңа формаларын излеп табыўда өз үлеслерин қосты ҳәм қосып киятыр. Жәмийетимиздеги түрли тараўда басшы лаўазымларда ислеп атырған зиялы басшылар да қуўнақлар ҳәм зийреклер арасында өсти ҳәм тәрбия алды.
Әзиз КВНшилер, қуўнақлар ҳәм зийреклер! КВН тарийхын изертлеўди баслайық. Республикамыздың түрли районларында жасап атырған университет, пединститут питкериўшилери! Бәршеңиздиң исми-шәрипиңиз ҳәм өзиңиз ҳаққында мағлыўматлар жыйнағаныңыз мақул шығар. Сондай-ақ, Қарақалпақстанда КВН ассоциациясы дүзилсе жақсы болар еди. Себеби, жақын араға шекем, қарақалпақ КВНшилери Өзбекстан бойынша жарысларда бириншиликти қолдан бермей келди. Соңғы пайытлары Қазақстан ҳәм Қырғызстанда да өз өнерлерин көрсетип атырған жаслар бар. ҚМУниң «Жайҳун», НМПИның «Туран» командалары, ТАТУдың Нөкис филиалы жәмәәти де жылдан-жылға талантлы, қуўнақ ҳәм зийрек жаслар менен толысып киятыр.
Солай етип, бул басламаға ҳеш ким бийпәрўа қарамайтуғын шығар деп ойлаймыз!
Фурхат УТЕМУРАТОВ,
Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамының ағзасы, «Шуҳрат» медалы ийеси.