ХАЛЫҚ САЛАМАТЛЫҒЫНА АРНАЛҒАН ХАЛЫҚАРАЛЫҚ КОНФЕРЕНЦИЯ
Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискен дәслепки күнлерде қуўанышлы жаңалық болып, Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы ашылған еди. Өткен жыллар даўамында филиал ҳәр тәреплеме жетилисип, бүгинги күнде институт статусына ийе болды ҳәм халқымыз ушын әҳмийети оғада үлкен билим дәргайына айланды.
Қарақалпақстан медицина институтының шөлкемлестирилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен институтта «Глобал шақырықлар ҳәм халықтың саламатлығы» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция өткерилди.
Конференцияға Өзбекстандағы ҳәм сырт еллердеги жоқары оқыў орынларының, илимий мәкемелердиң профессор-оқытыўшылары, илимий хызметкерлери, тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң басшылары, тараў қәнигелери қатнасты.
Конференцияны институт ректоры, сенатор О.Атаниязова алып барды.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, институт жәмәәти ҳәм студентлерин қызғын қутлықлап, Қарақалпақстан медицина институтының 30 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди. Аралбойы халқының денсаўлығын сақлаўда бул билим дәргайының орны гиреўли екенлигин атап өтип, институтта узақ жыллар даўамында болажақ шыпакерлерге билим берген профессор-оқытыўшыларға сәне мүнәсибети менен ҳүрмет жарлықларын тапсырды.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы аймағын раўажландырыў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов, Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министриниң орынбасары Ю.Абсоатов, Вена медицина университетинен (Австрия) профессор Ханнс Мосхаммер, Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, институттың жетискенликлерине кеңнен тоқтап өтип, жыйналғанларды институттың 30 жыллық сәнеси менен қызғын қутлықлады.
Конференцияда сөзге шыққанлар медицина институтының шөлкемлестирилиў тарийхы, раўажланыў басқышлары ҳәм институттың халқымыз саламатлығын қорғаў бағдарында маман қәнигелер таярлаўдағы әҳмийети жөнинде айтып, кең түрде мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан медицина институты 1991-жылы 1-октябрьде Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 251-санлы қарары менен Аралбойы әтирапындағы халықтың денсаўлығын қорғаў ҳәм жоқары маманлықтағы медицина кадрларын таярлаў мақсетинде Ташкент педиатрия медицина институтының Нөкис филиалы болып шөлкемлестирилди. 1995-1998-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң қурамында медицина факультети болып искерлик көрсетти. Бул жерде 1997-1998-оқыў жылынан емлеў иси бағдары шөлкемлестирилди. 1991-2001-жыллар аралығында филиалда тийкарынан материаллық базаны беккемлеў, оқыў әдебиятлары, педагог кадрлар менен тәмийинлеў жумыслары алып барылып, кафедралар шөлкемлестирилди.
Клиникалық пәнлер бойынша кафедраларды шөлкемлестириў ҳәм педагог кадрлар менен тәмийинлеў мақсетинде 1991-1993-жыллары 16 жас шыпакерлер ТашПМИна мақсетли клиникалық ординатураға жиберилди. Соннан, 4 қәниге диссертациясын табыслы қорғады.
— 2001-жылдан баслап раўажланыў бағдарында жумыслар алып барылды. Тийкарынан филиалдың материаллық базасы кеңейди. Китап фонды дерлик үш есеге көбейди. Билимлендириў бағдарлары 8ге көбейди. Өз алдына клиникалық ординатураға қабыллаў жолға қойылды. 2018-2019-оқыў жылынан магистратура қәнигеликлери, 2021-жылдан докторантура шөлкемлестирилди. 2020-жылы Ташкент педиатрия медицина институты филиалы негизинде Қарақалпақстан медицина институты шөлкемлестирилди. 2021-жылдан баслап институттың Халықаралық инновациялық клиникасы жумыс баслады. Сондай-ақ, быйыл Хирургия, педиатрия ҳәм акушерлик-гинекология бойынша институт жанында Қәнигелестирилген Илимий кеңес өз жумысын баслады,-дейди институттың Офтальмология, онкология ҳәм радиология кафедрасының баслығы М.Қурбаназаров.
Институттың еле алдына қойған перспективалы режелери көп. Оларды орынлаў арқалы жоқары оқыў орынлары арасындағы рейтинг көрсеткишлерин, кадрлар таярлаў сапасын жақсылаўға қаратылған.
Конференцияда институттың профессор-оқытыўшылары, студентлер, клиникалық ординаторлары менен магистрлери түрли кеселликлерди емлеў усыллары бойынша өзлериниң илимий изертлеўлери тийкарында баянатлар жасады.
Соң конференция қатнасыўшылары ҳәм мийманлар институт жанындағы инновациялық клиниканы барып көрди. 120 орынға мөлшерленген, стационар шараятта жылына 3600, ал, амбулатор шараятта жылына 22400 адамға хызмет көрсетиў мүмкиншилигине ийе, тийкарынан туўма ҳәм созылмалы кеселлиги бар балаларға жоқары технологияларды қоллана отырып, диагноз қойып емлеў нәзерде тутылған. Бул айрықша заманагөй клиника менен танысқан мийманлар келешек әўладтың саламатлығына болған ғамқорлығы ушын, буныңдай уллы ислерди әмелге асырып атырған жанкүйер басшыларға миннетдар болды.
Күнниң екинши ярымында «Глобал шақырықлар ҳәм халықтың саламатлығы» атамасында сырт елли бирге ислесиўши оқыў орынларының илимпазлары менен илимий конференция өткерилди. Конференцияда илимпазлар қоршаған орталықтың инсан саламатлығына тәсири, климат өзгериўиниң тәсири ҳәм буннан келип шығатуғын кеселликлер және оны емлеў бағдарында алып барылған илимий изертлеўлери бойынша баянатлары менен қатнасты.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.