ҮШ ӘЎЛАД УШЫРАСТЫ
Мәмлекетимизде әскерий тәлим-тәрбия системасының сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, оқыўшы ҳәм студент жасларда заманагөй билим ҳәм көнликпелерди қәлиплестириў, оларды мүнәсип хошаметлеп барыў мақсетинде системалы жумыслар әмелге асырылып келинбекте.
Атап айтқанда, жақында Нөкис әскерий прокуратурасы тәрепинен «Темурбеклер мектеби» әскерий-академиялық лицейиниң оқыўшылары арасында еки басқыштан ибарат «Ҳуқық билимданы» таңлаўы өткерилди.
Таңлаўда жеңимпазлықты қолға киргизген оқыўшыларды мүнәсип сыйлықлаў, олардың ҳуқықый билимлерди өзлестириўге қызығыўшылығын еле де арттырыў мақсетинде таңлаў жеңимпазлары Нөкис әскерий прокурорының кубоги ҳәм естелик саўғалары менен салтанатлы түрде сыйлықланды.
Буннан тысқары, усы күни прокуратура уйымларында көп жыллар хызмет етип, ҳүрметли дем алысқа шыққан напақадағылар ҳәм марҳумлар еске түсирилип, «Ашық есиклер күни» илажы да шөлкемлестирилди. Илаж шеңберинде келешек әўлад — «Темурбеклер мектеби» оқыўшылары, әмелдеги прокурор-тергеў хызметкерлери менен «Үш әўлад ушырасыўы» өткерилип, олар менен қызғын сәўбетлесиўлер болды. Соң прокуратура имараты ҳәм музейи илаж қатнасыўшыларына жақыннан таныстырылды.
Соның менен бирге, илаж барысында нураныйлар ҳәм марҳумлардың перзентлери менен бирге прокуратура әтирапында декоратив ҳәм мийўели нәллер егилди.
Илаж соңында нураныйлар ҳәм марҳумлардың перзентлерине естелик саўғалар тапсырылып, илаж мүнәсибети менен таярланған дастурхан әтирапында кеше мазмунлы өтти.
Дилшод АБДУЛЛАЕВ,
Нөкис әскерий прокурорының жәрдемшиси, әдиллик лейтенанты.
СҮЎРЕТТЕ: Илаж барысынан көринис.