АЙДЫН КЕЛЕШЕГИМИЗ ҲӘМ ӨЗЛИГИМИЗ ТЫМСАЛЫ
Нөкис қаласының орайлық майданында Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик байрағы қабыл етилгениниң 30 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларының мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Буннан кейин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Жуманов, Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы П.Айтниязов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы, Өзбекстан Халық жазыўшысы К.Каримов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимиздиң тарийхындағы қутлы сәне-мәмлекетлик байрақ ҳаққындағы Нызам қабыл етилгениниң 30 жыллығы менен қутлықлады.
Атап өтилгениндей, ҳәр бир байрақ сол мәмлекеттиң ең баслы нышанларының бири болып есапланады. Соның ушын да, байрақ муқаддес болып табылады.
Президентимиздиң басламасы менен жаңаланып атырған Өзбекстанда жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды уллы бабаларымызға мүнәсип, Ўатанды сүйиўшилик руўхында тәрбиялаўға, ар-намыслы, садық инсанлар етип тәрбиялаўға, соның менен бирге, олардың терең билим алыўлары, кәсип өнер ийелеўи ушын барлық имканиятлар жаратылмақта. Өсип киятырған әўладта ийгиликли инсаныйлық пазыйлетлерди тәрбиялаўда мәмлекетлик нышанларымыз айрықша әҳмийетке ийе. Сонлықтан да, Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик гимни, герби ҳәм байрағы қабыл етилген күн ҳәр жылы үлкен байрам сыпатында белгиленип келинбекте.
Бәршеңизге мәлим, Өзбекстан Республикасы Олий Кенгашиниң 1991-жылы 18-ноябрьде болып өткен гезексиз V88 сессиясында «Мәмлекетлик байрақ ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилди. Байрағымыз гимнимиз, гербимиз сыяқлы еркинлигимиз, мақтанышымыз, айдын келешегимиз ҳәм өзлигимиздиң тымсалы болып табылады.
Байрағымыз Өзбекстан делегациясының сырт еллерге сапары ўақтында, халықаралық майданлардағы түрли илажларда, спорт жарысларында елимиздиң белгиси сыпатында бәлент желбиреп келмекте. Мәселен, халықаралық спорт жарысларында жеңиске ерискен спортшыларымыздың ҳүрметине мәмлекетимиздиң байрағы көтерилген ўақытта ҳәр биримиз тәсирленип, ҳеш кимнен кем емес екенлигимизден қуўанышқа бөленемиз. Сонлықтанда, халқымыздың өтмишин, бүгинги күнин ҳәм айдын келешегин өзинде жәмлеген байрағымыз инсанларды ҳәмийше кәмилликке ҳәм бахытқа жетелеўши күшке ийе.
Байрам қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.