ӨСИМЛИКЛЕР КАРАНТИНИ ҲӘМ ҚОРҒАЎ СИСТЕМАСЫН
РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА ИТИБАР
Мәмлекетимизде өсимликлерди қорғаў — азық-аўқат өнимлериниң сапасын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, экспорт көлемлерин арттырыў әҳмийетли есапланады. Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаўды басқарыў системасын және де жетилистириў, фитосанитар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде 2021-жыл 15-июльде Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республикада өсимликлер карантини ҳәм қорғаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманы ҳәм «Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.
Бүгинги күнге келип агентлик тәрепинен республикамызда әмелге асырылған жумыслар, алға қойылған мақсет ҳәм ўазыйпалар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң баслығы Аманбай Турдышов пенен сәўбетлестик.
— Аманбай Жақсыбаевич, ең дәслеп аталған Пәрман ҳәм қарар тийкарында тараўды раўажландырыў бойынша агентликке жүклетилген ўазыйпаларға тоқтап өтсеңиз...
— Ҳақыйқатында да, бул қабыл етилген ҳуқықый-норматив ҳүжжетлерге тийкарланып Агентлик алдына тараўды және де раўажландырыў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди. Атап айтқанда, өсимликлер карантини ҳәм қорғаў тараўының хызмет ўазыйпалары ҳәм ўәкилликлери кеңейтилип, сапластырылған «Өзагрохимияқорғаў» акционерлик жәмийетиниң ўәкиллик ҳәм ўазыйпалары агентлик ўазыйпаларына бекитилди.
Қарарға муўапық, топырақта агрохимиялық анализлерди өткериў ҳәм аўыл хожалығына жеткерип берилетуғын барлық түрдеги минерал ҳәм микробиологиялық төгинлердиң сапасын қадағалаў, топырақ ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң қурамындағы пестицид, нитрат ҳәм аўыр металл дузларының қалдықларын атыз шараятында радиологиялық-токсикологиялық анализлерден өткериў илажлары да Агентлик тәрепинен әмелге асырылатуғын илажлар деп көрсетилген.
Президентимиздиң 2021-жыл 15-июльдеги қарарының бәнтлеринде Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў хызметин раўажландырыў мақсетинде 500ге жақын шет елли агрономларды аўыл хожалығы техникумы хәм колледжлеринде оқытыў, орта буўын қәнигелерин қайта таярлаў системасын жолға қойыў белгилеп өтилген. Буған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған «Жол картасы»ында Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў хызметин раўажландырыў мақсетинде бир қатар шет елли қәнигелерди қамтып алыў тастыйықланған. Усы қәнигелерди қайта таярлаў системасын Қарақалпақстан Республикасындағы Хожели көптармаклы техникум, Беруний суў хожалығы ҳәм мелиорация колледжи ҳәм Әмиўдәрья инженеринг техникумы базасында жолға қойыў имканияты бар. Лекин, қайта таярлаў системасы хызмет көрсетиўин баслаўы ушын қурамлық ҳәм норматив (Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен келисимге қол қойыў, қайта таярлаў системасы хызметкерлерине ис ҳақы төлеў, таярланатуғын қәнигеликлер ҳәм басқалар бойынша) көмек бериўи, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм оның районлық бөлимлерин Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў системасын раўажландырыў фонды қәрежетлери есабынан транспорт қураллары, әсбаплар, техникалық қураллар ҳәм зәрүрли әсбаплар менен белгиленген тәртипте тәмийинлеў белгилеп өтилген. Усыған муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен «Жол картасы»нда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ҳәм оның районлық бөлимлерине арнаўлы планшетлер, қол микроскоплары, аймақлардағы ӨКШПларға электрон мәлимлеме системасы ушын комплект сервер сатып алыў, «Дамас» маркалы автомашинасы, Фумигация топары ушын «Лабо» маркалы автомашина 1 дана, арнаўлы автомашиналар 8 дана етип көрсетилген. Грант ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў системасын раўажландырыў фонды қәрежетлери есабынан термокамера, фумигация камераларында газ концентрациясын анықлаў ушын газ анализаторлары, автодозатор (фосфин фумигация ушын), арнаўлы кийимлер, фумигация топарларын түрли жеке қураллары менен тәмийинлеў, фумигантлар, фитосанитария сертификатлары, мониторинг ушын көп мәрте ислетилетуғын заманагөй феромон тутқышлар, лаборатория әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў көрсетилип өтилген болып, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги ушын термокамера — 1 дана, газ анализатор — 3 дана, автодозатор — 4 дана муғдарда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен тастыйықланған қарарда белгиленип өтилген әсбаплар менен 2021-2024-жыллар даўамында тәмийинлениўи ҳаққында Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигине усыныслар киргизилди.
— Сондай-ақ, қарарда биологиялық усылда қарсы гүресиў усылларын ен жайдырыў, өсимликлер клиникалары ҳәм биолабораториялар системасын раўажландырыў бағдарындағы жумысларға тоқтап өтсеңиз?
— Ҳақыйқатында да, қарарға муўапық хызмет түрлерин раўажландырыўда жеке меншик секторға айрықша итибар қаратылыўы, оларды қоллап-қуўатлаў, оларға өз нәўбетинде кредитлердиң берилиўи ҳәм субсидиялардың ажыратылыўы нәзерде тутылған.
Өсимликлер карантини тараўында зыянкеслер ҳәм кеселликлерге қарсы гүресиўде тийкарынан биологиялық қарсы гүресиў усылын қолланыў ең қолайлы ҳәм пайдалы усыл есапланады. Сонлықтан, дәслеп биологиялық усылдан егер буның нәтийжеси болмаған жағдайда химиялық усылды қолланыў усыныс етиледи.
Өзбекстанда өсимликлерди биологиялық усылда қорғаўда алтынкөз, трихограмма ҳәм бракон энтомофаглары кең қолланылмақта. Олардың ишинде алтынкөз айрықша әҳмийетке ийе. Алтынкөзден нәтийжели пайдаланыў ушын ең әўеле оның биологиялық қәсийетлерин ҳәм қолланыў технологиясын жақсы билиў зәрүр. Өзбекстан шараятында тийкарынан әпиўайы алтынкөз (Chrysopa carnea) ҳәм жети ноқатлы алтынкөз (Chrysopa septempunctata wegrn) көп қолланылады.
«Өсимликлер клиникасы» тәрепинен аймақтағы дийқан, фермер хожалықларының зыянланған өсимликлерине қарсы гүресиў илажлары алып барылады. Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги инспекторы тәрепинен анықланған зыянкес, кеселликлер хәм жабайы шөплерге қарсы гүресиў бойынша усыныслар билдириледи ҳәм «Өсимликлер клиникасы» менен шәртнама дүзген жағдайда оларға зәрүр болған химиялық препаратлар ҳәм пестицидлер ҳәм минерал төгинлер муғдары белгиленген муғдарда рецепт тийкарында жеткерип бериледи.
— Тараўда нәтийжели хызмет көрсетиўде қәнигелердиң билим дәрежесин арттырыў, көнликпелерин байытыў, раўажланған мәмлекетлердиң ис тәжирийбелерин үйрениў бағдарында нелер исленип атыр?
— «Өзбекстан Республикасы өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары менен тастыйықланған «2021-2024-жылларда өсимликлер карантини ҳәм қорғаў тараўын раўажландырыў бойынша «Жол картасы»ның 10-бәнтине муўапық тараўдағы халықаралық тәжирийбелер, илим-пән жетискенликлери, инновациялық жаңа технологияларды қолланыў бойынша инспекторлардың қәнигелигин жетилистирип барыў, раўажланған мәмлекетлердиң усы бағдардағы тийисли оқыў орынлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў ўазыйпалары белгиленген.
Усы ўазыйпаларды өз мүддетлеринде әмелге асырыў ушын агентлик тәрепинен бир қатар нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Қытай Халық Республикасы өсимликлер карантини хызметлери ортасында қол қойылған «Ис-илажлар бағдарламасы»ның орынланыўы шеңберинде қытайлы қәнигелер менен биргеликте агентлик системасында хызмет көрсетиўши хызметкерлер ушын «Фитосанитар қәўип анализи ҳәм баҳалаў», «лаборатория изертлеўлери ҳәм диагностикасы», «Дала кадағалаўы» бағдарларында қәнигелигин арттырыў мақсетинде онлайн-оқыў семинарлары шөлкемлестирилди.
Сондай-ақ, түркиялы халықаралық қәниге Онур Пангал қатнасыўында «Өсимликлерди қорғаўда зыянкеслер менен комплексли түрде гүресиў ҳәм пестицидлерден пайдаланыў» атамасында семинар-тренинглер өткерилди.
Тараўда алып барылып атырған бундай илажлардан тийкарғы мақсет — мәмлекетимизде фитосанитар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, сыртқы базарда жергиликли аўыл хожалығы өнимлериниң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм мәмлекеттиң экспорт потенциалын кеңейтиў, минерал төгинлер ҳәм агрохимиялық хызметлердиң сапасын арттырыўдан ибарат болып, бул жумыслар еле де жетилисип бара береди.
Сәўбетлескен: Г.САПАРОВА.