МАҚСЕТ — ЭКОЛОГИЯЛЫҚ ЖАҒДАЙДЫ ТУРАҚЛАСТЫРЫЎ
Бозатаў, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында Япония ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылған БМШРБ-ЮНФПА «Арал теңизи аймағында қоршаған орталықтың унамсыз тәсиринен жәбирленген аўыл халқының экологиялық, экономикалық ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўындағы қәўипсизлигин тәмийинлеў арқалы олардың турмыс шараяты мүмкиншиликлерин беккемлеў» бирликтеги бағдарламасы шеңберинде тренинг өткерилиўи режелестирилген еди.
«Инсан қәўипсизлиги концепциясы тийкарында Арал бойы регионында жүз берип атырған тәбийғый апатлардың алдын алыў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин беккемлеў» атамасындағы усындай тренинг жақында Бозатаў районында болып өтти.
Тәжирийбели денсаўлықты сақлаў тараўы, айрықша жағдайлар бөлиминиң ўәкиллери, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының турғынлары, улыўма билим бериў мәкемелериниң хызметкерлери, экологлар ҳәм қурылысшылар қатнасқан бул семинарда Арал апатшылығының ақыбетлери ҳәм кескинлескен экологиялық жағдайға қарсы алып барылыўы тийис болған тийкарғы илажларға тоқтап өтилди.
— Тренингти өткериўден гөзленген тийкарғы мақсет — суў тамтарыслығы нәтийжесинде келип шығатуғын экологиялық машқалалар ҳәм оларды жумсартыў илажлары, Арал теңизиниң қурыўы ақыбетинде пайда болған дузлы-шаңлы самаллар, даўыллар сыяқлы тәбийғый апатлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў, ықлым өзгерисине бейимлесиў, халықтың социал-экономикалық жағдайын жақсылаў ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыўда технологиялардан пайдаланыў ҳәм инсан саламатлығын тәмийинлеўден ибарат, - дейди БМШ Раўажландырыў бағдарламасының Қарақалпақстандағы социаллық хызметлер, мониторинг ҳәм баҳалаў компоненти жетекшиси Бердибек Нағметов.
Тренинг даўамында атап өтилген ис-илажлардың ҳәр бирине кеңнен тоқталып, тәбийғый апатшылықтың алдын алыў бойынша қатнасыўшыларға билим ҳәм көнликпелер берилип, пикир алмасылды.
С.ЖАНИЕВ.
СҮЎРЕТТЕ: тренингтен көринис.