ЖЕҢИМПАЗЛАР МҮНӘСИП СЫЙЛЫҚЛАНДЫ
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 5-марттағы қарары менен Республика Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңеси шөлкемлестирилип, усы кеңестиң қарары менен «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын өткериў белгиленген еди.
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўын өткериўден мақсет — жәмийетте ҳәм турмыста белсенди ҳаялларды анықлаў, олардың жумысларын кең жәмийетшиликке жақыннан таныстырыў, өмири ҳәм ис тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў ҳәм ҳаял-қызларға үлги етип көрсетиў, олардың өз кәсибине болған пидайылығын, дөретиўшилик қәбилетин хошаметлеў, шаңарақта ҳәм перзентлер тәрбиясында үлги болыўы менен бирге, жәмийетлик турмыста белсенди қатнасып киятырған түрли тараў ийелери болған ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў ҳәм оларды хошаметлеў болып есапланады.
2021-жылдың «Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының қала ҳәм районлық басқышларында 149 белсенди ҳаялларымыз қатнасып, олардың арасынан жеңимпаз болған 17 ҳаял усы жыл 10-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы басқышында өз-ара беллести.
Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, кең жәмийетшилик ўәкиллери, барлық қала ҳәм районлардан келген белсенди ҳаял-қызлардың қатнасыўында усы таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазларын сыйлықлаўға бағышланған салтанатлы кеше өткерилди.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова шығып сөйлеп, елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў, машқалаларын унамлы шешиў, нызамлы мәплерин қорғаў ҳәм белсендилигин арттырыўда бир қатар илажлар өткерилип атырғанлығын атап өтти.
Ҳаял-қызларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде жаратылған «Ҳаяллар дәптери» арқалы республикамызда 48491 ҳаял-қызға материаллық, руўхый, ҳуқықый, психологиялық жәрдемлер көрсетилди. Жети мың ҳаял-қызға өзлериниң исбилерменлигин жолға қойыў ушын усы дәптер арқалы 67 миллиард сумнан аслам кредитлер ажыратылды.
«Жыл ҳаялы» миллий таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышында Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы Палзада Салиева биринши, Төрткүл районындағы «Шорахан» аўыл пуқаралар жыйыны баслығының шаңарақ, ҳаял-қызлар ҳәм социаллық-руўхый мәселелер бойынша орынбасары Урингул Аллабергенова екинши, Қанлыкөл районындағы 2-санлы улыўма билим бериў мектебиниң муғаллими Нигора Алламбергенова үшинши орынды ийеледи. Cондай-ақ, таңлаўда номинация жеңимпазлары да анықланды.
— Фермер хожалығымыздың улыўма жер майданы 602 гектар болып, соннан егислик жерлер 195 гектарды қурайды. Хожалығымызда 31 адам турақлы жумыс ислемекте,-дейди Кегейли районындағы «Арзыў» фермер хожалығының баслығы П.Салиева. — 2017-2019-жылларда мәмлекетимизге 235 тонна пахта тапсырдық. Өнимдарлықты жылдан-жылға арттырып, оны 19,2 центнерден 33 центнерге жеткерип, пахта тапсырыў режесин 133 процентке орынлаўға еристик.
Хожалығымыздың 50 гектарлық жерине бийдай егилип, режени артығы менен орынлап, быйыл 153 тонна бийдай тапсырдық. Сондай-ақ, хожалығымызда 30 бас қара мал, 41 қой-ешки ҳәм таўықлар да бағылмақта.
Фермер хожалығымыз пахташылық ҳәм ғәллешилик бойынша ерискен жетискенликлериниң есабынан ҳәр жылы дәраматымыз артып, кейинги үш жыллықты жәми 1,333 миллиард сум дәрамат ҳәм 430 миллион сумлық сап пайда менен жуўмақладық.
Жетискенликлеримиз инабатқа алынып «Жыл ҳаялы» таңлаўында жеңимпаз болғанымнан қуўанышлыман. Алдағы ўақытлары жумысларымызды және де жеделлестирип, кеңейтип, өнимлеримизди қайта ислеўди, өндирис тараўларын раўажландырыў нийетим бар...
Илажда жеңимпазларға арнаўлы диплом ҳәм баҳалы саўғалар салтанатлы жағдайда тапсырылды. Таңлаў көркем өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.