Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:43:17, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КӘМБАҒАЛШЫЛЫҚТЫ  АЗАЙТЫЎДАҒЫ САҚЫЙЛЫҚ  ҲӘМ МҮРИЎБЕТЛИК

ЖЕР АСТЫ ТЕҢИЗИНИҢ ДУШШЫ СУЎЫН ИШЕТУҒЫН АЎЫЛЛАРДЫҢ ТУРҒЫНЛАРЫ...

Ҳәр дайымдағыдай қол телефоныма қоңы­раў ететуғын қанлы­көлли суўшы, фермер хожалығының ис жүргизиўшиси, республикамызда ғаўашаны тамшылатып суў­ғарыў бойынша Израиль техноло­гиясын бириншилер қатары әмелге асырған Шүкирилла Садуллаевтың қуўантқандай жаңалықлары көп екен.

— Жыйын-терим мапазы хожалығымызда еле қызғын даўам етип атыр. Өткен күни қабыллаў пунктине 7 тонна пахта тапсырсақ, бул көрсеткишти бүгин 9 тоннаға жеткеремиз. Ғаўашаны тамшылатып суўғарыў арқалы өнимдарлығын асырып, ҳәр бир түптеги 45-50 болық ғореклер күн суўытқан соң ашылмаға қарап, еле екинши ҳәм үшинши терим солайы менен атызларда басы бузылмай тур.   

Мәмлекетке шәртнама тийкарында пахта тапсырыўдың жобалы тапсырмасын келиним Гүлбәҳәр Нуратдинова басшылығындағы «Сары алтын-Сәрдар» фермер хожалығы 23 центнерден 130 тонна орнына 180 тоннаға жеткерип, 200 тонналық шекти ийелеў ушын ылғаллы мийнет етип атыр. Хожалықтан бөлинип шыққан балам Даниал Садуллаевтың өндирислик ислеп шығарыўшы «Айыс-Жәйҳун» туқымгершилик кооперативи 16 гектар жерге шигит егип, мәмлекетлик сатып алыў баҳасы қымбат болатуғын 81 тонна шийки зат жетистирди.

Быйылғы жылдағы сап пайдамыз есабынан «Сары алтын» АПЖ орайындағы «Спортшылар» көшесинде жасаўшы 41 шаңараққа ҳәм балалар бақшасына 500 метр узынлықтағы суў тармақларын тартып, жолларын асфальтлап, «Сары алтын» насос стан­ция­сына оғада керекли болған трансформатор, электр двигательлер, басқа да аўысық бөлеклер, жәми 200 миллион сумлық қаржы жумсадық, - деген қуўанышларына шерик болғанша асықтық.

Жол бойы Шүкирилланың «Ташаббус-2021» таңлаўының республикалық басқышына қатнасқанда екинши орынды алғаны, Хожелидеги «Меҳрибанлық үйи»не атызларынан өнген овощ-палыз өнимлери, баҳасы 7 миллион сумлық суўытқыш саўға еткени ядымызға түсти.

Азанғы пайытта «Сары алтын» аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Р.Қудияров ҳәм Ш.Садуллаевлар менен  ишимлик суўлы бол­ған «Спортшылар» көшесине барғанымызда той баслап атырған Х.Салиевтиң шаңарағына қутлы болсын айтып, тойханаға жыйнал­ған үй ийелери Шүкириллаға шексиз миннетдаршылық сезимлерин билдиристи. Аўылдағы еки қабатлы, 215 тәрбияланыўшысы бар балалар бақшасы алыстан шелеклеп суў тасыў машқаласынан қутылыпты.

— Қызық, аўыл пуқаралар жыйыны имаратының алдынғы жағынан қудық қазылса суўы душшы, артынан ашшы шығады, - деп аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Рустем Қудияров таңланғанын жасыра алмады.

— 1960-жыллары космостан түсирилген сүўрет бо­йынша душшы суўлы жер асты теңизиниң көп муғдардағы қоры Хожелидеги «Туба» көлинен басланып, бир шети бизлер жасайтуғын аймаққа шекем тутасады екен. Сол жыллардан баслап 200 метр тереңликтеги ишимлик суўын пайдаланыў ушын 60 километр узынлықтағы суў тармақлары тартылып, «Сары алтын» насос станциясы қурылады. «Сары алтын», «Алтынкөл», «Бегжап», «Ташкент» хожалықларының елатлы пункт­леринде жасайтуғынлар елеге дейин үзиликсиз пайдаланып келмекте. Соңғы жыллары станцияның үскенелери ескирип, ара-арасында үзилиспеге түспеге қарады. Мийнет жолын усы насос станциясына басшылық етиўден баслаўшы Шүкирилла бүгинги күнде де жумысын даўам етип, баласы менен келини өз атларына фермер хожалықларын ашып кетсе де бас-қас болып, ис жүргизиўши ўазыйпасын атқарады. Насос станциясының материаллық-техникалық базасын беккемлеўге бәрқулла кеўил бөлип, фермер хожалығы есабынан таза трансформатор, двигатель ҳәм басқа да аўысық бөлеклер сатып алыў ушын 150 мил­лион сум ажыратты. Сондай-ақ, базар қатнасықларының талапларына сай, истиң көзин билип ислейтуғын Шүкирилла «Сүўенли» каналына қурыл­ған жоқары қуўатлылықтағы үш «СНП-500» насосын ислеўшилери менен өз қарамағына алып, «Сары алтын» насос станциясын жеке меншик шериклигине айландырды. Солай етип, келеси жылдан баслап қоңсылас фермер хожалықларына шәртнама тийкарында суў жеткерип бериўди өз алдына мақсет етип отыр.

Шүкирилла қайта-қайта саатына қарап, қол телефонына қоңыраў көбейгенде:

— Бүгин, район орайындағы ҳәкимият тәрепинен бекитилип, өз қәўендерлигимизге алған әменгерсиз Маҳийра Хожамбергенованың үш өжирели турақ жайының үстин бастырып, шиферлап ҳәм әйнек-қапыларын қурып, таза газ плитасын әпериў ушын бөлип шығарған 50 миллион қаржы­мызға қурылыс материалларын сатып алыўға биргеликте барыўға келискен едик, - деп және бир ийгиликли, саўап иске асыққанда қымбатлы ўақтын алып, жолына иркиниш бол­ғымыз келмеди...

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.

Қанлыкөл районы.

СҮЎРЕТТЕ: ис жүр­гизиўши Ш.Садуллаев аўыл пуқаралар жыйыны баслығы Р.Қудияров пенен аўыл турғыны Ҳ.Салиевтиң шаңарағында жаңадан қурылған суў тармағын көзден өткермекте.

Автордың түсирген сүўрети.   

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF