Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 04:26:06, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МЕДИЦИНАДАҒЫ ӨЗГЕРИСЛЕР ЖАҢА ИМКАНИЯТЛАР ЕСИГИН АШПАҚТА

Медицина хызметкерлери «Өзбекстан Республикасы медицина хызметкерлериниң кәсиплик байрамын белгилеў ҳаққында»ғы Нызамға муўапық, ноябрь айы­ның екинши екшембиси усы тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ретинде тастыйықланыўы мүнәсибети менен быйыл он бесинши жылы кәсиплик байрамын белгилеў ушын қарсы алмақта. Байрам мүнәсибети менен тараўға қойылып атырған талаплар, жаңаланыўлар ҳәм жетискенликлер менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Мурат ҚУРБАНОВты сәўбетке тарттық.


— Мурат Исмайлович, кәсиплик байрамыңыз қутлы болсын. Пурсаттан пайдаланып, бүгин Сиз басшылық етип атырған республикамыз денсаўлықты сақлаў тараўында тилге тийек етип атқандай раўажланыўлардан азы-кем сөз басласақ...

— Рахмет. Бүгин жанажан Ўатанымыз миллий раўажланыўының жаңа бас­қышына қәдем қойды. Халқымыз пәраўанлығын тәми­йинлеў, адамларды разы етиў — реформалардың баслы мақсетине айланды. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен ислеп шығылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы тийкарында жәмийеттиң барлық тараўы, атап айтқанда, медициналық-социаллық тараўды сапа жағынан және де жетилистириўге кирисилди.

2021-жыл... Республикамыздың раўажланыў тарийхы ушын әҳмийетли бурылыс жасалған жыл болмақта. Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң усынысына бола, быйыл «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланыўы басқа жыллардан парықланыўы менен әҳмийетли болды. Президентимиз тәрепинен жыл атамасына байланыслы Мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында Пәрман қабыл етилди. Бул ҳүжжет халық пенен ашық пикирлесиў арқалы халықтың пикирин үйренген ҳалда қабылланды. Онда белгиленген ҳәр бир ўазыйпа халқымыздың абаданлығын арттырыў, күнделикли турмысындағы машқалаларды сапластырыўға бағдарланғанлығы менен әҳмийетли. Әсиресе, Бағдарламада жыл атамасынан келип шығып, халық арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў, халқымыздың саламатлығын беккемлеў ҳәм социаллық қорғаўды күшейтиў бойынша бир қатар ўазыйпалар белгилеп берилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен мәмлекетимиз парламенти — Олий Мажлиске усынған Мүрәжатында да 2021-жыл медицина тараўындағы ең әҳмийетли ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылатуғынлығын келтирип өтти. Президентимиздиң айтып өткениндей, халқымыз ушын қолайлы болған, сапалы ҳәм заманагөй медициналық жәрдем көрсетиў, кеселликлерди ерте анықлаў бойынша басланған жумысларды турақлы даўам еттиремиз.

Ҳәзирги күнде минис­трлик системасында жәми 220 медицина мәкемеси болып, соннан 17 район (қала) медициналық бирлеспеси, 35 аўыллық шыпакерлик пунк­ти, 69 аўыллық шаңарақлық поликлиникасы, 17 көп тармақлы поликлиника халыққа медициналық хызмет көрсетип келмекте.

Денсаўлықты сақлаў тараўына мәмлекет бюджетинен 2021-жыл ушын жәми 1 триллион 15 млрд. сум қаржы ажыратылыўы нәзерде тутылған болып, яғный, 2020-жылға салыстырғанда 112 процентке (107,7 млрд. сум) артық режелестирилген.

— Бәршемиз жақсы билемиз, ҳәр қандай кеселликти емлегеннен оның алдын алған абзал. Солай екен, халықтың соңғы жылларда кеселлениўшилик жағдайлары ҳәм бул көрсеткишлерди сапластырыўда медициналық тексериўлерден өткериў барысы қала­йынша әмелге асырыл­мақта?

— Бирлемши кеселлениўшилик 44936,1ге тең болып, 1-орында дем алыў ағзалары, 2-орында қан айланыс, 3-орында ас сиңириў органлары кеселликлери турыпты.

Республикамызда социаллық әҳмийетке ийе кеселликлер көрсеткишлерин 2019 ҳәм 2020-жылларда көрип шыққанымызда пәсейгенлигин көриўимизге болады.

Нөкис қаласы ҳәм барлық районлар халқын хатлаўдан өткериў ушын  910 медицина бригадасы шөл­кемлестирилди. Соннан 821 бригада бирлемши медициналық-санитариялық мәкемелеринен, 89 медицина бригадалары Нөкис қаласындағы республикалық емлеў-профилактикалық мәкемелеринде шөлкемлестирилди.

Шөлкемлестирилген медицина бригадаларына жәми 931 шыпакер, 3054 орта буўын медицина хызметкерлери, сондай-ақ, Қарақалпақстан медицина институтының 127 питкериўши курс студентлери бириктирилди.

Жәми хатлаўдан өткерилген 12 858 480 пуқаралардың арасында 356052 пуқараларда (19,2 процент) ҳәр қыйлы созылмалы кеселликлер анықланды. 

Президентимиздиң 6110-санлы Пәрманы тийкарында халықка көрсетилип атыр­ған медициналық хызметлер менен бирлемши буўынды кеңнен қамтып алыў мақсетинде алдағы 3 жылда 282 «Шаңарақ шыпакер» пунктлери ҳәм 3 шаңарақ поликлиникаларының иске түсирилиўи менен, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен «Қарақалпақстан Республикасында 2021-2023-жылларда шаңарақ шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақ поликлиникаларын шөлкемлестириў бойынша тараў режеси» тастыйықланды. Усы режеге тийкарланып, шаңарақ шыпакерлик пунктлери ҳәм шаңарақ поликлиникалары шөлкем­лестирилмекте.

— Бүгин денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған жаңаланыўлар ең дәслеп инсан ушын, оның мәпи, турмыс абаданлығын тәмийинлеў ҳәм әлбетте, саламат ана ҳәм саламат перзенттиң жәмийетке кирип келиўи менен әҳмийетли. Бул бағдардағы жумыслар қалайынша басшылыққа алынған?

— Айтып өтиў керек, ана ҳәм бала саламатлығын сақлаўға байланыслы медициналық-социаллық жойбарлар көлеми де кеңейип бармақта. Аналардың ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў саламат перзентлерди дүньяға келтириўде болажақ аналардың организиминде ҳәм ҳәмилениң дурыс раўажланыўы ушын микронутриентлер жетиспеўшилигиниң алдын алыў мақсетинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 2731-санлы қарарына тийкарланып, ҳәмиледар ҳаялларды бийпул витаминлер комплекси ҳәм йод препараты менен тәмийинлеў ушын, 2017-жыл бағдарлама басланғаннан берли орайласқан түрде, ҳәр жылы 40 мыңнан зыят ҳәмиледар ҳаяллар арнаўлы қуўатландырыўшы поливитамин комплекслери ҳәм  йод препараты менен бийпул тәмийинленбекте.

Республикада 2-10 жастағы балаларға ҳәм зыянланыўы жоқары болған мектеплерде 11-15 жасқа дейинги мектеп оқыўшыларына ишек гелъминтозының алдын алыў ушын арнаўлы альбендазол препараты ҳәм ғалабалық дегелъминтизация тарқатылмақта.

Жаңа туўылған нәрестелердеги балалар инсультине қарсы шәртли түрде алдын ала тексериўлерден өткериў мақсетинде барлық туўыў мәкемелеринде ҳәр жылы 39 мың тири туўыл­ған нәрестеге фитомена­дион (витамин К) салынбақта...

Сәўбетлескен:

Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,

арнаўлы хабаршымыз.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF