АІЫЛЫМ ТЫНЫШ — МЕН ТЫНЫШ...
Ғәрезсизлигимиздиң 30 жыллық байрамы ҳүрметине Шоманай районлық ишки ислер бөлиминиң профилактика аға инспекторы Полат Қосанов «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланған еди.
Полатқа «Жумысыңызға қалай киристиңиз?» деп сораў бергенимизде, «Жәмийетлик тәртип ҳәр бир шаңарақтың ошақ басынан басланады. Ҳақ нийет, ашық жүз бенен «Бирлешик» АПЖ аймағында жасаўшы 4550 адамның 539 шаңарағына өзимди таныстырып ҳәм оларды танып, бир-биримизди түсинисиў арқалы исенимлеримизге кирип, жақын қарым-қатнасық, турақлы байланыста болғанымыз себепли соңғы үш жылда бир де жынаят жүз бермеди» деп жуўап берди.
2004-жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене тәрбиясы факультетин питкерген Полат өзи туўылып өскен «Көк суў» алыўындағы 15-санлы улыўма билим беретуғын орта мектепте муғаллим болып ислейди. Жасынан ишки ислер хызметинде ислеўге қызыққанлығына бола Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигине ҳүжжетлерин тапсырғанда тест сынақларынан өтеди. Республикамыздағы ең ири санаат кәрханаларының бири «Қоңырат сода заводы» қасындағы әскерийлестирилген өрт қәўипсизлиги бөлиминде өрт өшириўши болады. Физикалық жақтан шыныққанлығы, билим ҳәм ис тәжирийбеси жағынан кәсиплеслери арасында айрықша көзге түсип, офицер кадрларын таярлаў комиссиясы имтиханынан табыслы өткенге лейтенант дәрежесин алып, жәмийетлик тәртипти қорғаў хызметине жиберилсе, Хожели районлық ишки ислер бөлиминиң «Әмиўдәрья» АПЖна профилактика инспекторлығына тайынланады. Аўыллық жерлерде көбирек ушырасатуғын қылмыстың түри мал урлықлары бираз албыратады. Алдынғы жылы ашылмай қалған урлықты үйренип көргенде ис-ҳәрекет, әдислери уқсаслықтан «бир адам дәмигип, айланшықлап жүр» деген болжамы соңғылықта дурыс шығады.
Өзине устаз тутқан тәжирийбели профилактика аға инспекторы Баҳадыр Әбдисайытов басшылығында дүзилген оператив топар изди суўытпаў ушын бирнеше бағдарларда жумыс алып барады. Оператив жоллар арқалы урлық болатуғын түнде аўылға келген жүк машинасының мәмлекетлик номерин анықлаўға ериседи. Келептиң ушын саўмалап тартса, машина нөкисли биреўдиң жеке меншиги екени, өзин тақыятаслыман деп таныстырған бийтаныс биреў «Хатеп»теги ағайнимниң үйинен малымды әкелип бер, деп жаллайды. Тергеў барысында өристе қараўсыз жүретуғын малды сыртынан бақлап, бузық нийетин әмелге асырғаны толығы менен дәлилленип, алдынғы жылдағы урлығын мойнына алыўға мәжбүр болады.
Министрликтиң ишки тәртиби бойынша профилактика инспекторларын тайынлағанда мүмкиншилиги болғанынша өзлери туўылып өскен ҳәм жасайтуғын жерлерде ислеўи жақсы нәтийже беретуғыны сынап көриледи. Түркменстан менен шегаралас аймақта жасайтуғын аўыл турғынлары арасында кең түрде түсиник жумысларын алып барады. Шегараға жақын жерлерде мал бақпай, аң аўламаў, бийтаныс адамлар яки машиналар жүрсе тезлик пенен хабар бериў ескертилип, телефон номерлерин берип қояды.
Сондай-ақ, аймақты кесип өтетуғын «Нөкис-Қоңырат» магистрал асфальт жолында автотранспорт қатнаўының жийилигинен түрли тәртипбузарлық, унамсыз ҳәдийселердиң болыўын есапқа алып, дыққат-итибарын күшейткен.
Ишки ислер хызметинде қырағылық пенен жуўапкершилик айрықша талап етиледи. Усы жыл февраль айы қатты суўық еди. Кешки алагеўгимде ишки асфальт жолдың бойында бүккесине түсип жатырған адамға көзи түсиўден иркиледи. Қоңсы аўылдағы тойда өзи қайттыға арақ ишип, үйине жете алмай жолда жығылған Г.исмли пуқара орнынан тура алмай, тоңлап өлиў дәрежесине барған. Тезлик пенен өз машинасында районлық емлеўханаға жеткериўден тийисли медициналық жәрдем көрсетиўдиң арқасында тири қалады.
— Аўылым тыныш — мен тыныш. «Бәле-қада қайда жоқ, бассаң аяқ астында» дегендей, адам тиришилиги бир қәлипте кешпейди. Күнделикли турмыста күтпеген ҳәдийселер гезлесерин ойлап, өз хызмет ўазыйпамызға мудамы тақ турыўымыз керек, - дейди Полат сөзин даўамлап.
Кең жәмийетшиликтиң қатнасында «Түнги рейд»лер шөлкемлестирсек баслы дыққат-итибарымыз район орайындағы ҳәм аўыллық жерлерде ашылған интернет-клубларда жасларымыздың ўақытларын бийҳуўда өткерип, сана-сезимлерин уўлайтуғын зыянлы сайтларға киргени, биймезгил жүрип-турыўлары үйрениледи. Тынышсыз шаңарақлар, сырт еллерге кетип, жумыс ислеп қайтатуғын 32 пуқара менен ислесиўде аўыл пуқаралар жыйыны жанындағы жаслар, кекселер, ҳаял-қызлар ҳәм жарасыў комиссиялары ағзалары менен бирликте жумыс алып барылады.
Полат өмирлик жолдасы Гүлпаршын менен үш перзентин тәрбиялап камалға келтирмекте. Ишки ислер хызмети де күни-түни денсаўлық гүзетинде турған өмир сақшыларындай, өз хызмет ўазыйпаларын инабатлы атқарып атырғанына журтшылық рийза.
Ө.ӨТЕЎЛИЕВ, өз хабаршымыз.
Шоманай районы.
СҮЎРЕТТЕ: профилактика инспекторы Полат Қосанов
аўылласлары менен сәўбетлесип турған пайыт.
Автордың түсирген сүўрети.