Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:52:02, 26.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ МИЙИРБИЙКЕЛЕР ӨЗ-АРА БЕЛЛЕСТИ

Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлигиниң әскерий бөлимлеринде «Мен жеңимпаз!» сүрени астында өткерилип киятырған «Ең алдынғы қәниге» таңлаўы бир қатар әскерий хызметкерлер ҳәм Қураллы Күшлердеги жумысшылар арасынан барлық тараўлар бойынша ең алдынғыларын анықлаў ҳәм оларды хошаметлеўге хызмет етип келмекте.

Усы таңлаўдың «Ең алдынғы мийирбийке» номинациясы бойынша финал басқышы быйыл Нөкис қаласында өткерилди.

Нөкис гарнизонындағы руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында қатнасыўшылар таңлаў режесине бола бес шәрт бойынша өз-ара билим ҳәм тәжирийбелерин көрсетип, күш сынасты.

Таңлаўды әскерий округ әскерлери сәркардасы полковник Ф.Шерматов кирис сөз бенен ашып, соңғы ўақытларда дүньяны тәшўишке салып атырған пандемия шараятында медицина тараўы хызметкерлериниң орны айрықша әҳмийетке ийе екенлигин атап өтти.

Таңлаўдың дәслепки «Сәлемлесиў» шәртинде қатнасыўшылар өзлери туўылып өскен жери, шаңарағы ҳәм әскерий медициналық мәкемесиндеги жумыслары ҳаққында таярлаған видеороликлери ҳәм жанлы атқарыў арқалы сәўлелендирип берди. Қысқа ўақыт аралығында қәнигелиги бойынша 20 тест сораўларына жуўап бериўи керек болған екинши шәртте қатнасыўшылардың теориялық билимлери сынақтан өткерилди. Медицина тараўында теориялық билимлериниң әмелий көнликпелер менен үйлесиклигин көрсететуғын үшинши шәртте шебер мийирбийкелер шәртли наўқасқа медициналық жәрдем көрсетиў арқалы сынақтан өткерилди. Шәртли жарадар болған инсанға биринши тез медициналық жәрдем көрсетиўде де қатнасыўшылар анық ислеўге ҳәрекет етти. «Үйге ўазыйпа» атлы соңғы шәртте мийирбийкелердиң дөретиўшилик, көркем шығыўлары сынақтан өтти.

Таңлаў барысы Қорғаныў министрлигиниң медициналық тәмийнат басқармасы, бас санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў орайы, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ўәкиллери ҳәм басқа да жуўапкер қәнигелерден ибарат төрешилер қурамы тәрепинен баҳалап барылды.

«Ең алдынғы мийирбийке» таңлаўында 24,71 балл топлаған Нөкис әскерий госпиталының мийирбийкеси Бахтыгүл Бегимова биринши орынды ийеледи.

Екинши орынды ийелеген еки мийирбийке теңдей 22,86 балл топлады. Төрешилер таңлаў шәртлерине бола Самарқанд әскерий госпиталы ўәкили Сарвиноз Бобораҳимованың нәтийжелери қосымша түрде жоқары  баҳаланып, таңлаўда екинши орынға ылайық деп табылды. Ал, Қаршы әскерий госпиталы мийирбийкеси Чарос Юлдашева үшинши орынды ийеледи.

– Таңлаў шеңберинде мәдений илажлар да өткерилди. Таңлаўдың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған Самарқанд, Ферғана, Термиз, Қаршы ҳәм Нөкис әскерий госпитальларынан ҳәм Қорғаныў министрлигиниң Орайлық әскерий клиникалық госпиталынан келген қатнасыўшылар елимиздиң мақтанышына айланған И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине ҳәм Арқа-Батыс әскерий округиниң тарийх музейине алып барылды,-дейди округтиң баспасөз хызмети баслығы, майор Т.Нарзиев.

Жеңимпазлар Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги, Арқа-Батыс әскерий округи саркардалығы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Таңлаўда көркем өнер шеберлери ҳәм Нөкис гарнизонының Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы әскерий оркестриниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги

 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF