«КӘСИПЛИК АЎҚАМЛАРЫ КҮНИ» БЕЛГИЛЕНДИ
Соңғы жылларда елимизде кәсиплик аўқамлары турмысында бир қатар жаңаланыўлар, унамлы өзгерислер жүз берди. 2019-жыл 6-декабрьде «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы, 2020-жыл 23-ноябрьде «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасының нызамлары қабыл етилди.
Бул өз гезегинде, кәсиплик аўқамлары хызметкерлериниң социаллық мийнет тараўындағы ҳуқықларын қорғаў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларын және де жоқары басқышқа алып шығыў ушын үлкен мүмкиншиликлер жаратты.
«Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнин белгилеў ҳаққында»ғы нызам менен «11-ноябрь – Кәсиплик аўқамлары күни» деп белгиленди.
Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңеси тәрепинен Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында «Кәсиплик аўқамлары күни» байрамына бағышланып «Жаңа Өзбекстан – Жаңа кәсиплик аўқамлары» атамасында мийнет ветеранлары, кәсиплик аўқамлары белсендилериниң қатнасыўында конференция өткерилди.
Конференцияда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Камалов шығып сөйлеп, Президентимиз тәрепинен ҳәр бир тараўға ҳәм ҳәр бир инсанға үлкен итибар қаратылып атырғаны, мийнет қатнасықлары, халықты социаллық қорғаў, қоллап-қуўатлаў бағдарындағы жумысларда кәсиплик аўқамларының орны айрықша екенлиги атап өтилип, тараў хызметкерлерин кәсиплик байрамы менен қызғын қутлықлады.
Илажда Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы У.Жалменов шығып сөйлеп, елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде ерисилген жетискенликлерге, тараўдағы жаңалықларға кеңнен тоқтап өтти.
Атап өтилгениндей, 2021-жылғы жазғы дем алыў ҳәм саўалландырыў мәўсиминде орайларда карантин қағыйдаларына әмел етилген ҳалда жумыслар қызғын пәтте алып барылды. Жақында Ташкент қаласында өткерилген таңлаўда «Ақ кеме» балалар саўалландырыў ҳәм дем алыў орайы «Өзбекстандағы ең жақсы стационар дем алыў орайы» деп табылды. Илажда дем алыў ҳәм саўалландырыў орайларында балалардың қәўипсизлигин тәмийинлеў, жәмийетлик тәртипти сақлаў, транспорт ҳәм ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеўде жақыннан жәрдем берген шөлкемлерге миннетдаршылық билдирилди.
Сондай-ақ, елимизде «Ҳаял-қызлар дәптери» системасы арқалы мыңлап ҳаял-қызлардың машқалалары унамлы шешилмекте. «Ҳаял-қызлар дәптери»н жүргизиў арқалы олардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қорғаў, қоллап-қуўатлаў бойынша жәрдемлер көрсеткени ушын мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигине ҳүрмет жарлығы ҳәм қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Fәрезсизлигине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары лауреаты республикалық таңлаўы» өткерилген еди. Оның жеңимпазларына арнаўлы диплом, 20 ҳәм 30 миллион сумнан, жәми 110 миллион сумлық ақшалай сыйлықлар тапсырылды.
– Мен Нөкис қаласындағы «Сәрбиназ» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы болып бес жылдан берли ислеп киятырман. Пуқаралар жыйынымызда 5400 дей адам жасайды. Быйылғы жылы «Ҳаял-қызлар дәптери»не пуқаралар жыйынымыздан биринши басқышта 58, екинши басқышта да 58 ҳаял-қыз киргизилген еди. Олардың машқалалары терең үйренилип, ҳуқықый, социаллық жәрдемлер көрсетилди. Оларды жумыс пенен тәмийинлеў, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт етип дәрамат табыўы бойынша әмелий жәрдем берилди.
«Өзбекстан кәсиплик аўқамлары лауреаты республикалық таңлаўы»нда мийнетлеримиз баҳаланып, «Ең жақсы МПЖ баслығы» номинациясы жеңимпазы болдым. Сонлықтан, бүгин маған арнаўлы диплом ҳәм 30 миллион сумлық сертификат тапсырылды,-дейди М.Аминов. – Алдағы ўақытлары да усы бағдардағы жумысларды еле де жақсылаўға ҳәрекет етемиз.
Усы жыл октябрь айында өткерилген «Мийнет ҳуқықы билимданы» таңлаўының жеңимпазлары да диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды. Сондай-ақ, бир қатар кәсиплик аўқамлары белсендилери «Өзбекстан кәсиплик аўқамларына 1 жыл» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Илажда көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.
М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери