ПАЛЎАНЛАРЫМЫЗДЫҢ СЫРДӘРЬЯДАҒЫ ТАБЫСЫ
Соңғы жылларда республикамызда дене тәрбиясы ҳәм спортқа қаратылып атырған жоқары дыққат-итибардың нәтийжесинде спортшыларымыз мәмлекет чемпионатлары ҳәм бириншиликлеринде, халықаралық турнирлерде сыйлы орынларды қолға киргизип келмекте.
Октябрь айының ақырында 2008-2009-жылларда туўылған жас өспиримлер ҳәм қызлар арасында Сырдәрья ўәлаятының Гүлистан қаласында миллий гүрес бойынша болып өткен Өзбекстан чемпионатында республикамыз палўанларының ерискен табыслары жоқарыдағы пикирлерди тастыйықлайды. Мәмлекетимиздиң барлық ўәлаятлары, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Ташкент қаласынан жети жүзден аслам спортшы қатнасқан бул чемпионатта Шымбай районындағы Жас өспиримлер спорт мектебиниң тәрбияланыўшысы Рамазан Бахтыбаев (тренери Баймурат Үббиев) 56 килограммға шекемги салмақ категориясында барлық қарсыласларынан басым келип, алтын медальды қолға киргизген болса, Нөкис олимпия резервлери колледжиниң оқыўшысы Ерсултан Тәжибаев (тренери Нийетбай Жорабеков) 70 килограммнан аслам салмақ категориясында сыйлы үшинши орынды жеңип алды.
Жас палўанларымызды ҳәм олардың устазларын ерискен бул табыслары менен қызғын қутлықлап, алдағы жарысларда да усы пәтти жаздырмаўын тилеймиз.
С.ЖАНИЕВ.