Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:06:01, 19.04.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МАҚСЕТ — ӨЗБЕКСТАН КӨЛЕМИНДЕ ЖЕҢИМПАЗ БОЛЫЎ

Өзбекстан Республикасының «Дене тәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында»ғы Нызамы, Министрлер Кабинетиниң 1999-жыл 27-майдағы «Өзбекстан дене тәрбиясы ҳәм спортын буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы 271-санлы, сондай-ақ, Федерацияның дене тәрбиясы ҳәм ғалаба спортты раўажландырыў Концепциясында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, 11-ноябрь — «Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күни»не арнап тараўлық кәсиплик аў­қамлары системасындағы кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелерде жумыс ислеп атырған хызметкерлер арасында саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, оларды спорт пенен турақлы түрде шуғылланыўға кеңнен тартыў, спорт-саўалландырыў илажлары арқалы денсаўлықларын тиклеўге жәрдем бериў, спорттың ғалабалық түрлерине қамтыў, хызметкерлерди ҳәр қыйлы кәсиплик кеселликлерден спорт ҳәм саламат турмыс тәризи тийкарлары арқалы қорғаў мақсетинде «Спорт — саламатлық гиреўи!» сүрени астында спорттың стол тенниси, волейбол, шахмат- шашка, киши футбол түрлери бойынша Өзбекстан кәсиплик аўқамлары күнине бағышланып шөлкемлестирилип атырған  республикалық спартакиадаға старт берилген еди.

Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбиясы ҳәм спорт университети Нөкис филиалының профессор-оқы­тыўшы, хызметкер қызларынан дүзилген командасы спорттың волейбол түринен барлық қарсыласларынан үстем келип, жеңимпаз бол­ған командалар қатарында республикалық спартакиаданың Хорезм ўәлаятында болып өтетуғын аймақлық бас­қышына жоллама алған еди.

Республикалық спартакиаданың Хорезм ўәлаятында болып өткен аймақлық басқышында филиалдың профессор-оқытыўшы, хызметкер қызларынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы Хорезм ўәлаятының командасы менен спорттың волейбол түринен Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышқа жоллама алыў ушын күш сынасты.

— Спартакиаданың аймақлық басқышы жүдә қызғын беллесиўлерге бай болып өтти. Қарсылас команданың ағзалары да жақсы таярлықлар менен келгенлиги жарыс барысында анық сезилип турды. Лекин, биздеги топланған бай тәжирийбе ҳәм филиалымызда профессор-оқытыўшылар, хызметкерлер ҳәм студентлердиң спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын жаратылған имканиятлар, қызларымыздың шаққанлығы, ойын барысында анықлық пенен ҳәрекет етиўи қарсылас команда қызларынан үстем келиўимизге тийкар жаратты, - дейди команда сәрдары Маҳсуда Юлдашева.

Филиалдың шаққан, талапшаң қызларынан дүзилген Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы ағзалары Хорезм ўәлаятының қызлары үстинен 2F1 есабында жеңиске ерисип, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм қымбат баҳалы естелик саўғалар менен сыйлықланды ҳәм республикалық спартакиаданың Ташкент қаласында болып өтетуғын жуўмақлаўшы басқышына жолламаны қолға киргизди.

Республикалық спартакиада жарысында бириншиликти қолдан бермей киятырған филиал қызлар командасының жарыстың ке­йинги басқышында да бириншиликти алып келиўине тилеклеспиз.

Қосымша етип айтатуғын болсақ, спорттың киши футбол түринен күш сынас­қан Қарақалпақстан Республикасы сайланды командасы да қарсылас команда үстинен 9:3 есабында жеңиске еристи ҳәм кейинги басқышқа жолламаны қолға киргизди.

 Филиал баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF